Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:41:38, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЎ ХОЖАЛЫЈЫ ТАРАЎЫ ЖАҢА ТЕХНОЛОГИЯЛАР ЕНГИЗИЛМЕКТЕ

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тараўға енгизилип атырған жаңалықлар менен кең жәмийетшиликке таныс­тырыў мақсетинде баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен биргеликте «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў ҳәм тараўға енгизилип атыр­ған жаңалықлар» атамасында медиа-тур шөлкем­лес­тирилди.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп Төрткүл районындағы «Чорвадор» фермер хожалығының майданларындағы суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў жумыслары менен жақыннан танысты. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы минис­триниң биринши орынбасары Б.Жүзбаев, Төрткүл ра­йоны Ирригация бөлиминиң баслығы А.Қадиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң усы жыл 1-марттағы «Төменги буўында суў ресурсларын басқарыўды жетилистириў ҳәм суўдан пайдаланыўшылар арасындағы қатнасықларды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 19-апрельдеги 196-санлы  қарарының мазмун-мәниси ҳәм усы ҳүжжетлерге муўапық, аймақларда суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация бөлимлериниң қурамында шөлкемлестирилип атырған арнаўлы хызмет жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берди.

Усы жерде айтып өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл l-марттағы «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында 2022-жылда 17422 гектар майданда, соннан 15418 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 1904 гектар майданда жамғырлатып суўғарыў ҳәм 100 гектар майданда дискретли суўғарыў системалары енгизилиўи белгиленген. Ҳәзирги күнде 12200 гектар пахта майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша бөлип алыў шәртнамалары рәсмийлестирилип, соннан 5605 гектар майдан қаржыландырылды. Қаржыландырылған майданларда қурылыс жумыслары басланған болып, 4191 гектар ушын 193 ҳәўиз қазыў жумыслары ҳәм 1325 гектар ушын 53 насос-фильтр қурылмаларын орнатыў ҳәм 763 гектар майданда орайлық қубырларды орнатыў жумыслары әмелге асырылды ҳәм ҳәзир 163 гектар майданда технологиялар толық иске түсирилди. Ал, жамғырлатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша усы жылы бүгинги күнде 1093 гектар ғәлле майданларында технологиялар иске түсирилгенлигин айтып өтиўимизге болады.

Төрткүл районында 2022-жылы аўыл хожалығында 2640 гектар майданға суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў реже­лестирилген болып, соннан 2000 гектар тамшылатып суў­ғарыў технологиясы пахта майданларына режелестирилген. Ҳәзирги күнде 2000 гектар пахта майданларында бул технологияларды қурыў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, l000 гектардан аслам майданға қурылыс жумыслары, яғный, плёнкаларды, насос-фильтрлерди ҳәм магистрал труба шлангаларды орнатыў жумыслары жүргизилмекте. 2022-жыл зүрәәти ушын ғәлле майданларында 400 гектарды жамғырлатып суўғарыў технологиясын орнатыў белгиленген болып, ҳәзирги күнде 200 гектар майданға орнатылып, толық иске түсирилди, қалған 200 гектары гүзги бийдай егиў менен бирге орнатылады. 

Илаж қатнасыўшылары «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары шеңберинде райондағы «Келте минар», «Бостан» каналларында әмелге асырылып атырған реконструкция жумыслары менен жақыннан танысты. Мағлыўматларға қарағанда, Жәҳән банки қатнасыўында бул жойбар шеңберинде оң жаға каналын қайта тиклеў жумыслары жуўмақланған. Жойбар бас инженери Қаландар Матьякубовтың айтыўынша, «Бостан» каналын қайта тиклеў бойынша бас бөлип алыўшы ­ Қытайдың «Thina Railwab 20 th Bureau Group Co., Ltd.» компаниясы тәрепинен ҳәзирги күнде қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылмақта. Бирнеше жыллардан берли әмелге асырылып атырған «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары жуўмақланғаннан соң Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районларының 100 мың гектар суўғарылатуғын майданларында суў ресурсларын басқарыў жақсыланады, каналлардың пайдалы жумыс коэффициенти  көтериледи, насос агрегатлары тоқтатылыўы нәтийжесинде жылына 6,9 млн. доллар муғдарында электр энергия қәрежетлериниң үнемлениўине ерисиледи.

Медиа-тур қатнасыўшыларына Төрткүл районындағы «Рай на земле» («Жердеги жәннет») фермер хожалығы дала майданында шөлкемлестирилген көр­гизбели семинарда қатнасыўшыларға суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация бөлимлери қурамында шөлкемлестирилген арнаўлы хызмет искерлиги, суўдан пайдаланыўшы мәкеме-шөлкемлерге, суўшы­ларға суўды үнемлеп жумсаў ушын  қандай усыллардан, технологиялардан пайдаланыў зәрүрлиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар тыңланды.

Биз семинар барысында қатнасыўшылардың семинардан алған тәсирлери менен қызықсынып, пикирлерин бөлисиўге ҳәрекет еттик.

— Бул семинарда тийкарынан суў хожалығы тараўына байланыслы Президентимиз тәрепинен шығарылған жаңа қарарлардың мазмун-мәниси, әҳмийети, суўға болған фермерлердиң мүнәсибети, суўдың өлшеўлилиги, лимит бойынша алынған суўлардың баҳалары ҳәм басқа да өзимизге керекли мағлыўматлар ҳәм түсиниклерге ийе болдық. Бурынлары фермер хожалығы суўды солай алып, ке­йин есап-китапларын жүргизер еди. Ал, ендигиден былай туўрыдан-туўры фермердиң өзи суўды сарплағаннан кейин ҳәр бир куб суўдың өлшеўли екенлигин билип алды. Бизиң фермер хожалығымыздың жәми улыўма жер майданы 70 гектар болып, соннан 40 гек­тары пахта, 25 гектары ғәллеге мөлшерленген. Биз өткен жылы 10 гектар майданға тамшылатып суўғарыў технологиясын, быйыл 9 гектар ғәлле майданына жамғырлатып суўғарыў технологиясын орнаттық. Нәтийжелер жаман емес, бириншиден, жоқары зүрәәт алынып, суўдың үнемлениўине ерисилди, - дейди «Келте минар алтын үлкеси» фермер хожалығының баслығы Шагелди    Қлычев. 

Илаж даўамында бир қатар алдынғы суўшыларға велосипедлер саўға етилди. Пресс-тур жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы минис­трлиги ҳәм районлық жуўапкерли қәнигелер қатнасыўында қызғын пикир-усыныслар ҳәм сораў-жуўаплар ортаға тасланып, алдынғы тәжирийбелерди үгит-нәсиятлаў, кең жәмийетшиликке жеткериўде ғалаба хабар қуралларының роли әҳмийетли екенлиги атап өтилип, бул бағдарда алдағы ўақытларда да тығыз бирге ислесиў усынысы билдирилди.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТTE: медиа-тур барысынан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF