Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:42:31, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСАР БАЛА СУЎДАН ҚУТҚАРЫЛДЫ

Жақында Нөкис районы «Арбашы» АПЖ аймағынан  ағып өтиўши «Кердер» (бурынғы аты Рисовый) каналына 24-май күни кешки саат 19.30 лар шамасында  шомылыўға барған 2017-жыл 23-май күни туўыл­ған Нурбек Базарбаевтың суўда ығып баратырғанлығын көрген Нөкис районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары Қуўаныш Қошмуратов ҳәм Саламат Ибраймовлар өз мектебинде жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялап киятырған устазы Теңелбай Ешмуратовтан алған билимлерин қолланған ҳалда, Базарбаев Нурбекти суўдан алып шығып қутқарыў­ға ериседи.

Бул оқыўшылар суўдан алып шығылған Нурбекти өзине келтириў мақсетинде,  оған тез биринши медициналық жәрдем көрсеткен, соң «103» телефон номери арқалы ра­йонлық «Тез жәрдем» көрсетиў хызметине хабарлаған. Нәтийжеде тез жәрдем келемен дегенше оны өзине келтирген ҳәм бир пуқараның өмирин сақлап қалған.

— Ақлықларым кеште қадағалаўсыз қалып, суўға кете­йин деп қалыпты. Баламды қутқарып қалған Қуўаныш, Саламат балама ҳәм оған тәлим берген устазларына шексиз миннетдаршылық билдиремен. Илайым, бахытлы болсын,-дейди Нурбектиң кемпир апасы Қойсын апа Қалбаева.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар

агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF