Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:28:41, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРҒА БАЙРАМ САЎҒАЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Бүгинги күни елимизде Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында келешек әўладларымыз есапланған балалар тәрбиясы, оларға ҳәр тәреплеме ғамқорлық көрсетиў, мүнәсип шараятлар жаратып бериў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, бундай итибар ҳәм ғамқорлықлардан ҳеш ким шетте қалмай атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

1-июнь — Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы «Имкан» реабилитациялық орайға ийе болған мәмлекетлик қәнигелестирилген көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде байрам илажы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларға байрам саўғаларын тапсырды.

Атап өтиў орынлы, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, абадан турмысын тәмийинлеў, келешек әўладлардың кәмил инсанлар болып жетилисиўи ушын хызмет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысының «Аралбойы аймағы балалары ушын реабилитациялық орайға ийе болған мәмлекетлик қәнигелестирилген көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары да жоқарыдағы пикиримиздиң айқын дәлили болып табылады.

Республикамызда биринши болып шөлкемлестирилген усы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәр қыйлы физикалық нуқсаны болған балаларды социаллық-мәдений орталыққа тартыў, оларды мектепке шекемги билимлендириў ҳәм саламатластырыў реабилитациясы менен тәмийинлеўге қәнигелестирилген.

Бул жерде стандарт бөлмелерден тысқары, бассейн, емлеў-дене тәрбиясы залы, 2 физиотерапия бөлмеси, 2 массаж бөлмеси, сенсор бөлмеси, майда моториканы раўажландырыў, социаллық-турмыслық ийкемлесиў, музыка ҳәм арт-терапия бөлмеси, ортопед, психолог, педиатр, диетолог, логопед, реабилитолог, психоневролог, методист ҳәм нәўбетши шыпакер бөлмелери менен тәмийинленген.

Илаж қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жәмәәти ҳәм тәр­бия­ланыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Халықаралық балаларды қорғаў күнине арналған байрам илажлары республикамыз бойлап барлық қала ҳәм районлар орайларындағы дем алыс бағлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөл­кемлерде даўам етпекте.

Ислам  Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF