Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:36:29, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢАША МАЗМУНДА ӨТКЕРИЛДИ

Мәмлекетимизде пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы қызғын даўам етип атырған пайытта жаңаша тәртип, жаңаша руўх ҳәм сол тийкарда жаңаша мазмунды пайда етип атырған сайлаўлар Нөкис қаласы, «Алмазар» мәкан пуқаралар жыйыны тур­ғынларын да бийпарқ қалдырмады.

Көрсетилген ўәкиллердиң 85 проценти даўыс бериў ушын бир орынға жыйналды. Мақсет болса, ең мүнәсип талабанды таңлаў. Әлбетте, олардың бул таңлаўы усы аймақта жасаўшы ҳәр бир пуқараның оған болған исенимине байланыслы. Бул исенимди шын кеўиллерине түйген сайлаўшылар тәртип-қағыйдаларға тийкарланған ҳалда талабанлардың режелери, мақсетлери ҳәм алдағы жумыслары орын алған бағдарламалары менен жақыннан танысты.

Президентимиз басшылығында мәҳәлле институтын еле де жетилистириў, оның ўазыйпалары шеңберин кеңейттириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күни мәҳәллениң қурамына мәмлекетлик уйымлар киргизилмекте. Ҳәр бир мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша район (қала) ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымлары енгизилди.  Жаңа сайланған жыйын баслығы (ақсақалы) лаўазымына көпти көрген билимли, халықтың арасында абырай-мәртебеге ерискен, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин жақсы түсинген шахсты сайлаў жүдә әҳмийетли.

Ҳәзирги күнде «Алмазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2270тен аслам халық жасамақта. Сайлаў процесслери бул жерде қызғын көтериңкилик пенен ҳәр жылдағыдан да  пуқаралар менен бирге әдил ҳәм исенимли түрде өткерилгенлигиниң гүўасы болдық. Сайлаўшылар еки талабан арасынан ылайықлы ҳәм мүнәсип деп табылғанын таңлады. Әдиллик принциплери тийкарында өткерилген сайлаў нәтийжелерине бола жетерли даўыс топлаған бурын усы мәҳәлледе ислеп, халықтың исенимине ерискен Беркинбаев Баҳадыр Мамытович сайланды.

— Мен бүгинги сайланған инсанға, яғный, қәлеген адамыма даўыс бердим. Өйткени, бул инсан өткен пандемия пайытларында мениң үйимди суў алып кеткен ўақытта ҳал-жағдайымнан хабар алып, көп жәрдемлер берген еди. Мен оннан миннетдарман. Алдағы ўақытлары да бул инсаннан көп жақсы нәрселерди күтиўимизге болады. Халықтың абаданлығы жолында мәҳәлле хал­қының машқалаларын шешеди, деп исеним билдиремен  Мениң бес перзентим бар, өмирлик жолдасым қайтыс болды, жасым жетпистен асты, - дейди усы аймақ турғыны Базаргүл Қутлымуратова. 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз. 

У.АМАНГЕЛДИЕВА,

ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 1-курс студенти.

СҮЎРЕТТЕ: сайлаў барысынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF