Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:25:17, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РОССИЯДА ШАХСӘНЕМ 2 МЕДАЛЬДЫ ЖЕҢИП АЛДЫ

Россияның Красноярск қаласында усы жыл 16-22-май күнлери аралығында көркем гимнастика бойынша «Весенний кубок» халықаралық жарысы болып өтти.

Оған дүньяның 11 мәмлекетинен күшли гимнастикашылар қатнасты. Олар арасында бир неше мәрте Жәҳән ҳәм Европа чемпионлары, Токиода өткерилген Олимпиада ойын­ларының жеңимпазлары Арина ҳәм Дина Авериналарды айтып өтсек болады.

Бизлер ушын ең қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста өз жас категориясында қатнасқан жерлесимиз,  Нөкис қаласындағы 48-санлы мектептиң 6-класс оқыўшысы Шахсәнем Урақбаева 1 гүмис, 1 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Спортшыны тәжирийбели  тренер Нигора Палванова таярлады.

***

КУБОК ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

Қараөзек районында спорттың футбол ҳәм киши футбол түри бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларынан дүзилген командалар арасында жарыс өткерилди.

Жарысқа улыўма 26 команда қатнасып, кубок ушын өткерилген ойынлар оғада қызықлы болып өтти.

Жарыс соңында киши футбол бойынша барлық қарсыласларынан үстин келген  «Ғәрезсизлик гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны командасы 1-орынды, футбол түринен болса, «Академик С.Камалов» аўыл пуқаралар жыйыны футболшылары 1-орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок ҳәм дәрежели дипломлар ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланып, жарыстың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF