Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:29:44, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЛЛЕТЛЕР АРАЛЫҚ ТАТЫЎЛЫҚ ҲӘМ ДИНИЙ КЕҢПЕЙИЛЛИК — ЖӘМИЙЕТ ТУРАҚЛЫЛЫҒЫ ГИРЕЎИ

Елимиздиң ең үлкен байлығы — түрли миллет ҳәм халықлар, диний конфессиялар ўәкиллери арасындағы тынышлық, татыўлық, турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликте болып табылады. Мәмлекетимизде көплеген диний шөлкемлер искерлик көрсетип атыр­ғаны, олардың азат ҳәм абат өмир кеширип атырғаны халқымыздың кеңпейиллигинен дәрек береди.

Елимизде усы жылдың, 19-26-апрель күнлери аралығында  Нөкис районында да «Кеңпейиллик ҳәптелиги» кең түрде белгиленип өтилмекте.

Нөкис районындағы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де усы ҳәптелик шеңберинде «Миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик — жәмийет турақлылығы гиреўи» сүрени астында илаж өткерилди.

Илажда  Руўхыйлық-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Н.Тоимбетов, Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бөлими бас қәнигеси Д.Таўекелов, «Имам ийшан» жәмәәтлик мешити имам-хатиби А.Салимов ҳәм мектеп директоры О.Шерназаровлар шығып сөйлеп, өткерилип атырған бул илажлар,  жас әўладты түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң тили, мәденияты, үрп-әдетлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыўға, жәмийетте көп миллетли үлкен шаңарақ туйғысын, миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейилликти және де беккемлеўге хызмет ететуғынлығын атап өтти.

Илажда мектеп оқыўшылары белсене қатнасып, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң миллий кийим-кеншек ҳәм китаплар көргизбелери, «Тынышлықтың қәдирине жетейик!» атамасында шығармалар таңлаўы, «Мениң кеңпейил дүньям» атамасында «Ең жақсы сүўрет салыў» таңлаўлары шөлкемлестирилип, оқыўшы жаслар тәрепинен «Сергеклик-дәўир талабы» атамасында интермедия ҳәм миллий аяқ ойынлары, түрли миллетлердиң салт-дәстүрлери сәўлеленген сахналық көринислер қойып берилди.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агент­лиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF