Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:43:41, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОҚҚА УШЫП, ҚОЛЛАРДА ЖАЗЫМ БОЛҒАН САЙҒАҚЛАР...

(СУД ОЧЕРКИ)

Жабайы аң-қус көздиң қурты болғаны ушын ата-бабаларымыз әййемги заманлардан берли аңшылықты кәсип-кәр етеди. Етине бир дәмиксең жаман, излик қар жаўа қойса атайы аңшылар түн уйқыларын төрт бөлип, мылтық, қақпан, оқ дәрилерин сақадай сазлап қояды. Ертеде қус баласы, жанлы-жаныўарларды таяқ пенен урып ал­ғандай дәрежеде көп болғанына қарамай, қазан қайна­т­қандайларын ғана алып, инсаплы, қәнәәтшиллигиниң шарапатынан жақынларға шекем баслары сепсимей келди.

Жабайы тәбиятта ғана жасаўға бейимлескен жабайы аң-қусларымыздың өрислери жылдан-жылға тарайып баратыр­ғаны қандай өкинишли. Үстиртте жаяўлап жүрсең, ашық аспанында қанатлары елп еткен қусы, алдыңнан жылт етип қашқан аңларын жекке-сийрек ушыратасаң.

Айлана-толғана айтажақ болған ўақыямыз өткен жылдың орталарында интернет тармақларында сүўрет, видеокөринислерде жәрияланғаны менен тәсиршеңлиги азлықтан тәбиятқа жаўызлықлар еле даўам етпекте...

  1. «ЖАСЛЫҚ»ТА САЙҒАҚ, КИЙИК ҚУЎЫРДАҚЛАРДЫҢ ИЙИСИ МҮҢКИП, ТАНАЎЫҢДЫ ҚЫМЫРШЫТАДЫ...

Үстирт тегислигиниң төриндеги «Жаслық» посёлкасына қонаққа барғанларды арзан бол­ғаны менен мазасы шекеңде татыйтуғын сайғақ, кийиклердиң гөшлерине дуз-дәмек қылыў үйреншикли ҳалға айланыпты. Жылдың қай мәўсиминде келсеңиз де, тынып-тыншыўды билмейтуғын аңшылар қанжығасы майланса баҳалары арзанлап, алып сатарлар менен қассапларынан инсап кетиседи. Инсанның руўхый дүньясы жарлыланса дүньқумар, нәпсиқаўшылық иллетлерине гирипдар болар екен.

Гейде жолы болмай, базда қалың думан түссе қурықол қайт­қысы келмеген аңшылар «Қызыл китап»қа киргенлерин ҳәм аяп қоймайды. Қолға түскенлери «айып пул»ларын молдан төлеп, қылмысқа тартылса еркинен айырыларын биле тура аңшылықтан ўаз кешпейди. Тилекке қарсы, жылдан-жылға тәбиятымыз жарлы түскенлерине қарамастан қолларына мылтық услағанлар көбейсе көбе­йип, саны азаймай атыр.

Посёлка турғыны, аңшылықта әдеўир тәжирийбе топлап, тис қаққан, сумлығы басым Рахат Бабажанов тергеў ҳәм судта «бурын қылмыс ислеп, судланбадым» деп өзин ақламақшы болғаны менен ис-ҳәрекетлери «Қолға түспеген уры уры емес» деген тоқтамға келтиреди. Арғы аталарынан баслап аңшылықты күн көрис дерегине айландыр­ғаны ҳәммеге мәлим болғаны ушын қоңсысы Баҳрам Тилеўмуратов пенен алдын-ала жынайый тил бириктирип, өткен жылдың 23-май күни сайғақ аўлаўға шығады.

Кийик, сайғақлар табаны қышыса ғана тамағын аш қоймаған, өсип-өршийтуғын Үстирт­ке келип ойнақлар екен. Аңшылар алыслаған сайын алдыларына қарап, әжели жеткен сайғақлардың ашық майдан­ларға қашқанларына тап келеди...

Жылда сайғақлардың посёлкаға 260-270 км. қашықлықтағы жаз жайлаўына бир жақлардан аўып келерин билисер еди. Қолы еплиликтен әкесиниң ески, еки оқ атар қуралынан 16 калибрли биреўин қурастырып алғаны, ҳүжжетсиз болса да күнине жаратып киятыр еди. Гөнерип, тозыўы жеткенине қарамай салдыр-гүлдир айдап жүрген «Днепр» ҳәм «Урал» маркалы мотоцикллерин дизимнен өткерип, мәмлекетлик номер алмаса да күш-көлик ретинде пайдаланыўына ҳеш ким кесентлик етпеди.

Егер, участка профилакатика инспекторы менен посёлка пуқалар жыйыны ақсақалы қырағылық көрсетип, ҳүжжетсиз аў қуралы менен мотоцикллерин жыйнап, жазаға тартқфанда бундай тәртипбузарлықлардың алды алынған болар еди.

Аңшылар төрт-бес күнлик алыс сапарына пуқта таярлық көре баслайды. Гүзе күнде емес, күнлердиң күни келгенде сынарындай, «сайғаққа кетемиз» деп өзлери дуйым журтшылыққа жәрия еткен соң орган хызметкерлери, посёлка пуқаралар жыйыны ақсақалы, «Қубла Үстирт миллий тәбият бағы» қорықханасы басшылары хабардар екен. 

Түлкиге өз териси өзине жаў болғанындай, кийик, сайғақлардың шақлары басларына жетипти. Атайы аңшылардың аяғына аңның өзи оралары умыт болмаға қарады. Сайғақлардың ҳәр жылы турақлы мәканлап, ылақлайтуғын қуўыс-қолтықлары Қазақстан Республикасына шегаралас аймаққа жақын жайласқан. Сексеўил сайлықтағы сай­ғақлар узақтан үркисип қашады. Бир-екеўин ғана атыўға үлгерип, қалғанларын мотоцикллери  менен қуўып, шаршатып услағанларын тийимли көреди. Қаракөрим жердегилери серпиле қашса излеринде бурқылдаған шаңларын қалдырысқанлары менен тири жан, шалып-шаршайды. Излеринен қалмай ерип отырса, 10-15 шақырымға бармай-ақ зорыққанынан адымларын атыўға шамасы келмей қалысады. Жығылған жерлеринде баўызлардан алдын сексеўил тоқпағы менен жан жерине урып ҳәлсиретпесе күш бермей кетер екен. Дәслеп ең керекли шақларын бүлдирмей кесип алысқан. Азаннан кешке өзи алты, Баҳрам бесеўин алыўға үлгереди. Талаплары оңынан келгенге қуўанысқанлар сол күни дүзде қонғанларында тынымсыз шабыспалардан бар қаны гөшине урып, қарайғанларына қарамай, жыңғылға ислеген кәбапларына өзи қайттыға тойысады. Атар таңға 11 сайғақты «Урал»дың қапталындағы тиркемесине жүклеп, дизилисиўи менен арқайын жол­ға шыққан. Үстирт тегислигиниң неше миллион гектарлық шет-шебирсиз жазықлықларындағы айқуш-уйқыш жолларда излегениңди табыўың мүшкил ис. Қосымша, оператив жоллар менен алынған мағлыўматлар бойынша «Қубла Үстирт миллий тәбият бағы» қорықханасы директорының орынбасары С.Ахметовқа, «Үстирт тегислигинде белгисиз биреўлердиң сайғақларды аўлап жүргени ҳаққындағы аўызша мағлыўмат» бойынша ўақыя болған жерге арнаўлы топар дүзип барыўға директоры буйрық береди. Қорықхана инспекторлардан А.Айдарбеков, К.Азбергенов, А.Мыңбаевлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетинде ислеўши Б.Қурбаналиевлердиң қурамында ҳәм оның бас­қарыўындағы «УАЗ» машинасы менен рейдке шығады. Тоғыз жолдың дәрбентине келсе көз ушындағы мотоцикллерди мингенлер оңға бурылып қашқаны гүман туўдырған. Излерине түссе бес-алты шақырым жүрмей-ақ «Днепр» мотоцикли шикасланып, жүриси  пәсеңлейди. Қолға түсип қалғысы келмегенлер бар­ған сайын тезлигин асырып, ҳәрекетленип баратырған мотоциклин тоқтатпай,  қапталлас­қан «Урал»ға көз илмес шаққанлық пенен секирип минеди.  Изиндегилер машынды иркип, жерге түскенше дөң асып кетеди. Шаўып баратырған атқа минип-түсетуғын циркашлардай бундай қыйын трюклерди орынлаў Американың «Голливуд» киностудиясында сүўретке алын­ған фильмлерде рольлерди ойнайтуғын каскадёр актёрлардың ғана қолынан келсе керек...

«УАЗ» машинасы аралықты кем-кем қуўсырса, мотоциклиндеги аўыр жүкти жеңиллетиў ушын тиркемесинен 11 сайғақтың жансыз денелери, шақлары, басқа да затларын жол бойы ылақтырғанларын инспектор А.Айдарбеков қол телефонына сүўретке түсирип барады. Онлаған километр жүрмей-ақ «Ур­ал»дың бензини таўсылып қалса, Рахат мотоциклиндеги мылтығын оқлап, жақынлап қалған­ларға гизнеўи менен бир нәрселерди айтып бақырса, самал күшли ескенликтен шала еситиледи. Шыдамы таўсылған инспектор А.Айдарбеков: «Тоқтаң! Сизлер менен тиллесип, түсинисип алайық. Бизлер де сизлердей аңшылармыз» деп алдастырғысы келгени менен келисимге келмегени ушын өзине тийисли мылтығынан ескертиў ретинде аспанға оқ үзеди. Қуўғыншылардан бундай қарсылық күтпеген Рахат ойланып турмастан мылтығының қундағын Баҳрамға услатып, түтесин басына тақап, «Билип қойың, излеримизден қалмасаңыз өзлеримизди өзлеримиз атамыз» деп гәп тапқанларында машындағылар өз-ара ойласық қурып, «Қашқанда қайда барады, сәл жерде машқала арттырып алармыз» деген ойда излерине қайтыўға мәжбүр болады. Жолда ҳәр жерге таслап  кеткен баслары кесик сайғақлар менен шақларын айғақлы зат ретинде машынына жүклеп, Қоңырат районындағы бөлимшесине әкелип тапсырады.

Дуйым журтшылықты дүр­ликтирип, тик аяғына қойған ҳәдийселер тезлик пенен жән-жақлама үйрениледи. Жынаятшыларды услаў ушын еки  топар дүзилип, «Нива» машинасында қорықханашы инспекторлардан К.Азбергенов, С.Ахметов ҳәм Д.Жаңабаевлар ўақыя бол­ған жерге барғаны менен жынаятшылар өкшелерин көтергени ушын айғақлы зат ретинде «Днепр» мотоциклин машинасының үстине жүклеп, Қо­ңырат­қа қарай жолға шықса, «УАЗ»дағы ҳуқық қорғаў хызметкерлери «Жаслық» посёлкасына басқа жолдан жынаятшыларды излеп кетеди.

  1. ҚАРА НЫҚАПЛЫ ЖЫНАЯТШЫЛАРҒА АЙЛАНҒАН АҢШЫЛАР...

Қуўғыншыларынан тәсил салып аңсат қутылғанларына масайрас­қан аңшылар өзлериниң қайда барып, қайда қоярын билмес еди. Яр дегеннен ишки ислер хызметкерлери, қорықхана инспекторларының нәзерине илинип, қурығына түскенлерине ақыллары ҳайран. «Урал»дың багин қанша шайқап, май қуйыл­ған ыдысларын  сырққаны менен узақларға баралмай, жолда және тоқтайды. Шарасыз қал­ғанда мылтығын қолтығына қы­сыўы менен жаяўлап кетиседи. Көз байланып, қараңғы түсиўден жолдағы қалың путалықта зирдек қағып, өлдим-азарда таңды атырады. Сәскеге таман өзлерине таныс «УАЗ»  бенен «Нива» машиналары тусынан өтсе бой жасырып, көзге түсип қалмағанларына қуўанысады. Азапқа айланған сапарында және пайыў-пиядалап 30 километрдей жол жүреди. Аңшылық-ҳәм аңсат талап емес, неше күнлеп шай-аўқатсыз, уйқысызлық салдарынан ҳарып-шаршап, сексеўилликте тынығып отырса өзлериниң «Днепр» мотоциклин төбесине жүклеп, «Урал»ын изине қайыс пенен тарттырып кия­тырған «Нива» машинасы қасларына туўрылап келиседи. Жынаятшылар болса өзлерин танытпаў ушын күннен бурын таярлап жүрген нықапларын тағып, Рахат мылтығының қулағын қайырыўы менен алдына гезенип шығады. Машын  онлаған метр жерге жақынлап тоқтаўдан Рахат кегирдегин қолы менен шертип суў сораса, инспектор Д.Жаңабаев 0,5 литрлик баклажканы апарып бермекши бол­ғанда, «жақынласпа, баклажканы ылақтыр!» деп ҳөктем даўысы менен буйыра сөйлейди. Суўды шериги менен таласа-тармаса ишип, шөли қанбағаннан және сораса, «жоқ» деп ийнин қысса, Рахат мылтығын ийеклериниң астына тақаўы менен жүк салатуғын жеринен ярым литрлик еки баклажка суўын алып ишкенлерин инспектор С.Ахметов қол телефонына түсирип тур­ғанын байқап қалады. Баҳрамға тезлик пенен ҳәммесиниң телефонларын жыйнатып алдырған. Ақыл-еслеринен айрылып, қалтыраған қоллары мылтықтың шүрппесин басыўға барып-барып қалатуғын Рахаттың ис-ҳәрекетлери адам шоршындырғандай еди. Рахат баклажкадан суў ишерде жүзиндеги нықабын сәл-пәл төменге түсирген па­йытлары бет-әлпетин танып, қасындағы шеригин «Баҳрам» деп айта бергенге исмлерин ядлап қалысады.

«Сизлер кимсизлер, өзи?» деп үстилерине хызмет бабындағы кийимлерин кийип жүргенинен ҳүкиметтиң адамлары екенин билсе де анығына жетиў ушын ежелеп сорағанда, «Экология комитетиниң сексеўиллерди қор­ғаўшы инспекторларымыз» деген жуўабына қанаатланбайды. «Кеше, азанғы мәҳәл «Нива» ҳәм «УАЗ»  машиналарында өткен сизлер ме?» десе, «Аўа» деп расын айтыўларына туўра келеди. «Машыныңызға жүклеп ҳәм тартып киятырған мотоцикллер бизлерге тийисли. Расыңызды айтың, «УАЗ»дағы адамларға усайсыз» деп бирден кийликсе, «Бизлер тек баслықтың тапсырмасы менен мотоцикллерди алып кетиўге келдик» дегенлерине гүмансырап, ишлеринен тынысады. Өзлерине қәўипсиз боларын ойлаў менен «Урал»дың тиркемесине минсе шаңғытта қалдырғанларына ашыўланып, инспекторлар менен орын алмасады. Баҳрамды рульдеги С.Ахметовтың қасына отырғызып, өзи мылтығын атыўға қа­йымлаўы менен изги орынлыққа жайласқан. 

Көп жүрмей-ақ ой-қыяллары бузылысқан Рахат машынды тоқтатып, үстиндеги «Днепр»ди тиркемедеги «Урал»ға тақап қойғызады. Телефоннан сүўретке түсиргени ушын инспектор С.Ахметовқа қадағалаў астына алып, жақын әтираптан сексеўил жыйнатқанда ериншеклик пенен қыймылдағаны ушын «Шаққанлас, болмаса атып таслайман!» деп доқ урады. Жыйналған сексеўиллерди инспекторларға мотоцикллердиң қапталы менен үстилерине үйдирип, С.Ахметов­қа от бергизсе баклери майсыз болғанлықтан тек шлангалары ғана жарым-жарты күйип, жөнли жанбағанлықтан тек темирлери ғана қызынады.

Жынаятшылардың не ойға берилгенин аңламаған  инспекторлар албыраса баслайды. Соңына қарай өз баслары менен ғай болысқан жынаятшылар «Жаяўласақ машынлы изимизден қуўып жетер» деген ойда Баҳрамға төрт баллонын отверка менен тестирип, жарамсыз ҳалға келтиреди. Қорықханашыларды қолларынан жаздырғысы келмей, дигиршиклери желсиз «Нива»ның үстине инспекторларды мингизип, өзлери кабинаға отырыўы менен посёлкаға 12 шақырым жердеги қудыққа келип тоқтайды. Муздайлығы тис жаратуғын суўын ишип, бираз тыныққаннан өзлерине келе баслайды. Көз көзге түссе мийрим-шәпәәт жүзге урғанындай, бурынлары бир-бирлерин көрип-билип жүрген жигитлер болған соң уялысқан шырай танытады. Баҳрамға тартып алған телефонларындағы симкарталарын сындыртып, қудыққа таслатты. «Қапа болмаң, телефонларыңызды жанып кеткен мотоцикллердиң орнына аламыз» деп адам қусап тилге келе баслайды.

Қам сүт емген бенделердиң жақсылықтан көре жаманлыққа көбирек еликлейтуғыны бар-дә! Көп сериялы кинолардағыдай узыннан-узақ ўақыялар сабақласып, өз-ара айтысқан сөзлер мағана-мазмуны жағынан бир-бирлерине үнлеслигине ҳайран қаласаң. Буннан былай қорықханашыларды қорқытып, зорлық-зомбылық ете берсе судта жазасы аўыр боларын ойлаўы менен кем-кем жумсара баслайды. Өз гезегинде қорықханашылар-ҳәм жынаятшылардың азап-ақыретлерине шыдап, қан төгиспелердиң алдын алғаны, ақыллылық пенен ис тутқанына қайыл қаласаң. Соңына қарай адамгершилик пенен тил табысып, «Бизлерди жибер, өз жөнимизге кетейик, сизлерге зыянымыз тиймейди. Сайғақ атып жүргенлериңиз бүгин бе?» деп кеўиллерин ал­ғанларына жибисип, тыныш жол менен дағысады. Жынаятшылар посёлкадағы үйлерине жақынлаўдан мылтығын екиге бөлип, бир төбеликтиң жанбаўырына көмген. Рахаттың айтыўы бо­йынша қорықханашылардың қол телефонларын үйине әкелген Баҳрам үшеўин мал қорасына жасырса, биреўин пайдаланыў ушын қасына алып жүргени менен ертеңине усланып, қамаққа алынады.

Судланыўшы Рахат Бабажановтың судтағы берген көрсетпесинен көширме:

— Өмирим туўып  кийик, сайғақ аўлаўға бармадым. Ара-тура даладан шақларын «териўге» шығатуғын едик. Жыйнаған шақларымызды сырттың бийтаныс адамлары ҳәр килограмын 500-600 мыңнан сатып әкетер еди. Үйди тинтиў ўақтында табыл­ған сайғақлардың бес-алты шақлары өтпей қалғанлары. Соңына қарай шығынларым көбейгени себепли көбирек аўлаўға мәжбүр болдық. Қарамағымда мектеп жасындағы үш балам бар, өзим, ҳаялым, ҳәммемиз жумыс ислемеймиз. Сайғақлардың «Қызыл китап»қа киргизилгенинен бийхабарман...

Судланыўшы Тилеўмуратов Баҳрамжан Мурат улының судтағы берген көр­сет­песинен:

— Рахат пенен сайғақ аўлаўға оннан қарызланып қалғаным ушын барғанымды өзине кейинирек айтпақшы едим. «Нива» машинасына келтирген зыянымды туўысқанларым өтеп берди. Ал, тәбиятқа келтирген 404.250.000 сумлық шығынды қамаққа байланыссыз жаза берилсе жумыс ислеп төлеймен. Қылған ислериме пушайман жеп, судтан жеңилирек жаза та­йынланыўын сорайман...

Өзбекстан Республикасы Олий суды Пленумының 1996-жыл 20-декабрь күнги «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбият байлықларынан пайдаланыў тараўындағы жынаятлар ҳәм бас­қа да ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер бойынша суд әме­лияты ҳаққында»ғы 36-санлы Қарарының 15-бәнтинде, Судлар тәбиятты қорғаў ҳаққындағы нызамларды бузыў менен байланыслы жынаятларды ислеген шахсларға жаза тайынлаўда нызамның айрықша талапларына әмел етиўлери керек. Көп муғдарда қымбат баҳа ҳәм сийрек ушырасатуғын ҳайўанларды, қус ҳәм балықларды қырып таслаў, тоғайларға зыян жеткизиў яки оларды жоқ етиў, аўыл хожалығы мүлклерин истен шығарыў ҳәм тағы бас­қа жоллар менен мәмлекетке көп муғдарда зыян жеткизген шахсларға қарата қатты жаза шараларын қолланыў зәрүрлиги көрсетилген. Соның менен бирге, тәбиятты қорғаў уйымлары хызметкерлери, бул хызметтиң жәмийетлик бақлаўшылары, сондай-ақ, урлық жолы менен аўлаў ҳәм нызам жолы менен қорғалатуғын тәбият объектлерине түрли жаўызлықлар етиўшилердиң ҳәрекетлерине шек қойыў мақсетинде өзиниң жәмийетлик миннетли ўазыйпасын орынлап атыр­ған пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салған шахслар қатаң жазаға тартылыўы шәртлилиги түсиндирилген.

Өзбекстан Республикасы ЖКның 202-статьясы 4-бөлиминде жеткизилген материаллық зыянның орны 3 есе муғдарда, Өзбекстан Республикасының «Қызыл китап»ына киргизилген сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып баратырған ҳайўанат ҳәм өсимликлер дүньясы түрлерине жеткизилген зыянның орны болса 5 есе муғдарда қапланған жағдайда азатлықты шеклеў ҳәм еркинен айырыў түриндеги жаза шаралары қолланылмайтуғыны атап көрсетилген.

Ашық өткен суд мәжилисинде судланыўшылар Бабажанов Рахат Амангелдиевич пенен Тилеўмуратов Баҳрамжан Мурат улының бас шарасы қамақта, өзгериссиз қалдырылып, Өзбекстан Республикасы ЖКның ти­йисли статьялары менен айыплы деп табылып, үзил-кесил 4 (төрт) жыл мүддетке еркинен айырыўға ҳүким етилди.

***

Ай дала, тал түстиң ўақты еди. Арқа-батыстың жүз қарығандай ызғырық самалы жынаятшылар жаўызлық ҳәрекетлерине кирискеннен күшейе баслағандай. Төрт аяғы тыпырлап, жер қарпыўы менен шалқасына жатқан сайғақтың ыссы көз жаслары, жан терине шомыла ыңырсығанларына бийпәрўа болысты. Етигиниң қонышындағы өткир қанжарын шығарып, ал­қымынан шаларда адамзаттан мийрим-шәпәәт тилеп, асықтай бултсыз көк аспанға көзлерин қадаўы менен сыйқырланып қалғанларына итибар бермеди. Соңғы демлериндеги жүрегиниң төринен буўлығып шыққан ашшы даўысы даланы басына көтергенге дөгерегинде шапқыласқан ылақлары маңыраса тегислик улы-шуўда қум-қуўыт болды. Күни-түни кийик, сайғақларды аңлыйтуғын аңшылардай қыр изинен қалмайтуғын аш қасқырлар путалықта тыйық услаған жыянатшылардың қоллары қалтырамастан бурқ еткен қан жүзлерине шашырағанларын көргиси келмегендей өзлерин шетке алысты...

Ҳәрдайымдағыдай қол телефонларымыздан ҳәр күни интернет тармақларының сайтларына үңилгенде, блогерлер арадан ай өтпей-ақ тахтакөпирли аңшылар-ҳәм сайғақларға аяўсызлық пенен қырғын тийгизип, шақларын кесип алғаны, жабайы шош­қа, қоян ҳәм қырғаўылларды да аман қоймаған видеокөринислерин көп­шиликке жәрия еткенде нем­қурайдылық пенен тамашалаўға ар-ҳүжданымыз шыдамас еди...

Дәўлетбай РАЗОВ,

Қоңырат районлық Жынаят ислери

бойынша судының баслығы.

Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ,

журналист.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF