Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:03:18, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЮРИДИКАЛЫҚ ХЫЗМЕТ: САПА ҲӘМ НӘТИЙЖЕ

Пуқаралардың ҳуқықый билимли, мәдениятлы ҳәм нызам талапларын түсинип, оған дурыс мүнәсибетте болыўы дәўир талабына айланып атыр. Әлбетте, мәмлекетимизде нызам үстемлигин, нызамлылықты тәмийинлеў ушын шахслар ҳуқықый саўатлы, өз ҳуқық ҳәм миннетлерин жақсы түсинетуғын, өз ҳәрекетлерине жуўап беретуғын болыўы тийис.

Мәмлекет уйымлары ҳәм мәкемелерде нызамлылықты және де беккемлеў, демократиялық ҳәм ҳуқықый реформаларды әмелге асырыўда юридикалық хызметлердиң орны ҳәм жуўапкершилигин күшейтиўде 2017-жыл 19-январьдағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Юридикалық хызмет искерлигин түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары бар.

Қарарда юридикалық хызметлердиң мәмлекет уйымлары ҳәм мәкемелеринде нызамшылықты беккемлеў, ҳуқықты қолланыўда нызам үстемлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириў ҳәм искерлигин ҳуқықый тәрептен тәми­йинлеў, қабыл етилетуғын нормативлик ҳуқықый ҳәм басқа ҳүжжетлер жойбарларының нызамшылыққа муўапықлығы үстинен қадағалаў ислерин алып барыў, хызметкерлердиң ҳуқықый мәденияты ҳәм саўатлылығын арттырыў, қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда жеткизиўде қатнасыў, шәртнамалық ҳәм даўа ислерин жүргизиў, мүлклик ҳәм бас­қа да мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ўәкилликлери тийкарғы ўазыйпалары есапланады.

Усы ўазыйпалардан пайда болған келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў бойынша мәжбүрий тәртипте шаралар көреди. Буйрықлар, бийликлер, шәртнамалар ҳәм юридикалық түске ийе болған басқа ҳүжжетлердиң жойбарлары ҳуқықый экспертизаны әмелге асырыў ушын мәжбүрий тәртипте юридикалық хызметке бериледи, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўға тәсир ететуғын мәмлекет уйымлары ҳәм мәкемелериниң қарарлары бойынша мәжбүрий тәртипте юридикалық хызметтиң жуўмағы алыныўы тийис.

Мәмлекет уйымлары ҳәм мәкемелериниң қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекети яки ҳәрекетсизлиги үстинен берилген шағымлар мәжбүрий тәртипте мәмлекет уйымлары ҳәм мәкемелериниң юридикалық хызметлери тәрепинен көрип шығылады.

Юридикалық хызметлери хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў мәселелери мәжбүрий тәртипте әдиллик уйымлары менен келисиледи.

Әдиллик уйымлары юридикалық хызмет ислерин тәртипке салыўшы нызамшылық талапларын бузған мәмлекет уйымлары ҳәм мәкемелериниң басшылары, юридикалық хызметлери хызметкерлерине қарсы ҳәкимшилик ис жүргизиўди қозғатыў басламасы менен шығыў ҳуқықына ийе. Ҳәр жылы нызам үстинлиги ҳәм нызамлылықтың тәмийинлениўи ҳаққында есабат бериледи. Ҳәр шеректе судға шекем ҳәм суд тәртибинде мәмлекет уйымы ҳәм мәкемеси пайдасына шешилген келиспеўшиликлер бойынша өндирилген сумманың 5 проценти, бирақ базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен көп болмаған муғдарда сыйлықланады.

 

Б.ДАЎЛЕТОВ,

Нөкис қалалық юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсульты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF