Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:01:33, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Мәмлекетимизде суд-ҳуқық тараўын реформалаўдың даўамы сыпатында «Судлар ҳаққында»ғы Нызамы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилип, 2021-жыл 29-июльден баслап күшке кирди. Нызам 14 бап, 101 статьядан ибарат.

Усы нызам мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 24-июльдеги «Судлар искерлигин және де жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманында белгиленген шөлкемлестириў реформаларынан келип шыққан. Нызамның 2-статьясында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы жынаят ҳәм пуқаралық ислери бойынша судлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы экономикалық судлары бирлестирилетуғыны ҳәм ра­йон, қала Ҳәкимшилик судлары сапластырылыўы менен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы Ҳәкимшилик судлары, районлараралық ҳәкимшилик, экономикалық, пуқаралық судлары шөлкемлестирилиўи өз сәўлелениўин тапты.

Нызамның 68-статьясына муўапық район, қала судының судьясын тайынлаў яки сайлаў ушын талабанларға юридикалық кәсип бойынша ең кем стаж 5 жыл орнына 7 жыл, ўәлаят судлары судьяларына 7 жыл орнына 10 жыл, Өзбекстан Республикасы Олий суды судьялығына 10 жыл орнына 15 жыл етип белгиленди.

Сондай-ақ, усы статья талабына муўапық дәслепки мәрте судья лаўазымына та­йынланатуғын шахслар Өз­бек­стан Республикасы судьялар Олий Кенгаши жанындағы судьялар жоқары мектебинде мәжбүрий тәртипте оқыў шәрт етип белгиленди. Оқыў даўамында судьялыққа талабанның орташа ис ҳақысы сақланбаған ҳалда мийнет миннетлемелерин орынлаўдан азат етилип, оқыў дәўиринде лаўазымы сақланады, судья лаўазымына биринши мәрте 5 жыл мүддетке, екинши мәрте 10 жыл мүддетке ҳәм оннан соң мүддетсиз дәўирге сайланады.

Нызамда судья болыў жас шегарасы да белгиленген, оған көре 35 жастан киши болмаған жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе пуқаралар судьялыққа талабан болыўы мүмкин.

Олий суд судьясы лаўазымында болыўдың ең жоқарғы шегарасы 70 жас, басқа судья­лар ушын 65 жас етип белгиленди.

Судьялардың жуўапкершилиги алдын 70 статья менен тәртипке салынған болса жаңа нызамда 4 статьядан ибарат 11 бап бағышланған.

Әдил судлаўды әмелге асырыўда нызамшылықты буз­ғанлығы, суд исин шөлкемлестириўде бийпәрўалығы яки тәртип-интизамсызлығы ақыбетиндеги кемшиликлери, судьялық абырайы, қәдир-қымбатына дақ түсиретуғын ҳәрекетлери, судьялық әдеп Кодекси талапларын бузғанлығы ушын Судьялардың квалификациялық коллегиясы тәрепинен интизамий жаза қолланылыўы мүмкин. Мәселен, ескертиў, сөгис, орташа ис ҳақысының 30 процентинен артық болмаған муғдарда жәрийма, дәрежесин бир буўын пәске түсириў, ўәкиллик мүддетин алдыннан тамамлаў шаралары көриледи.

Мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын демократияластырыў, әдил судлаўдың нәтийжелилигин асырыў, судьялардың ғәрезсизлигин, жуўапкершилигин күшейтиўде, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўда бул нызам ҳәм пәрман өз күшине ийе.

 

Ш.МАМБЕТСАПАЕВ,

Нөкис қалалық юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрист консульты, II дәрежели юрист.    

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF