Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:20:29, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕРЛЕСИМИЗ ЖЫЛДЫҢ ЕҢ ЖАҚСЫ СТУДЕНТИ БОЛДЫ

Жаңа жыл байрамы алдынан жыл жуўмағы шығаралып,  түрли тараўлар бойынша жеңимпазларды анықлаў дәстүрге айланбақта.

Бүгинги күни Татарстанның Қазан мәмлекетлик архитектура-қурылыс университетинде билим алып атырған Ахмед Қайыпбергенов жаңа жыл босағасында қос қуўаныш­қа бөленди. Ол «Сырт елли студент» номинациясы ҳәм «2021-жылдың студенти» гран-при жеңимпазы деп табылды.

Жеңимпаз диплом, статуэтка ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды. Россияның абырайлы жоқары оқыў орынларының биринде билим алып атырған жерлесимиздиң алдағы оқыўларында табыслар тилеймиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF