Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:25:03, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘНАЎИЙ-МӘРИПИЙ РЕФОРМАЛАРДЫҢ БАС МАҚСЕТИ — ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН

Адамзат тарийхы соны көрсетеди, егер мәнаўият ҳәр тәреплеме беккемленип, байып барса, әлбетте жәмийет табыслы алға илгерилейди, ҳәр қандай қыйыншылықты жеңип жаңа басқышларға ериседи. Керисинше, қай жерде мәнаўият жарлыланып барса, жәмийетлик раўажланыў сәтсизликке ушырайды, халықтың дағдарыслардан шығыўы қыйынласады.

Бүгинги күнде бизиң бас мақсетимиз Жаңа Өзбекстанды қәлиплестириў, үшинши Ренессанстың тийкарын пайда етиў болып табылады. Бул ўазыйпаны әмелге асырыў тек сиясий ҳәм экономикалық мәселелерди шешиў менен ғана шекленбейди.

Оны әмелге асырыўдың ең жуўапкерли, қурамалы мәселеси — бул халқымыздың, ҳәрбир инсанның жаңа уллы мақсетлерге — демократиялық, пуқаралық жәмийет, ҳуқықый мәмлекет қурыў талапларына ҳәм ҳәзирги заманға сай келетуғын мәнаўий-руўхый дүньясын қәлиплестириў болып табылады. Мине усы шынлық есапқа алынып «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы»нда ҳәзирги қурамалы дәўирдеги мәнаўий-мәрипий ислерге, әсиресе, жаслар мәнаўиятын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды.

Жәмийет ҳәм инсан өмиринде мәнаўияттың ролин көрсетип Президентимиз Шавкат Мирзиёев «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» атлы мийнетиниң «Мәнаўий раўажланыў» деп атал­ған бесинши бабында былай дейди. «Мениң нәзеримде, инсаният дүньясының уллы бир жарытқышы — мәнаўият шырасы бар.

Бул шыраның басқалардан парқы сол, ол инсанның санасы ҳәм ой-пикирин жарытады, қәлби, ҳүжданын оятады, инсаныйлық сезимин күшейттиреди.

Өзбекстанның Жаңа Ояныў дәўирин жаратыўға кирисер екенбиз, ҳәр бир журтласымыздың қәлби ҳәм санасында әне усындай мәнаўият жарығының парлап турыўы ҳәм ол бизди әдиўли ислерге шақырып, жоқары жуўапкершилик туйғысы менен жасаўға бағдарлап турыўы зәрүр».

Мәнаўият ген арқалы өтетуғын туўма қәсийет емес. Ол жәмийетлик орталықта қәлиплеседи. Соның ушын да, мәнаўият туўралы сөз еткенде биз бәринен бурын мәнаўий-идеологиялық тәрбияны көз алдымызға келтиремиз, ал бундай тәрбия дегенде адамларымыздың руўхый дүньясын байытыўды, оларда әдеп-икрамлық, ҳәртәреплеме мәнаўий жетиклик сыпатларын қәлип­лестириўди түсинемиз.

Президентимиз өз китабында мәнаўияттың мәнисин төмендегише баянлайды:

«Биз ушын мәнаўият инсанлар ортасындағы өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм итибар, халық ҳәм мәмлекет келешегин биргеликте қурыў жолындағы әдиўли умтылыўлар, ибратлы пазыйлетлер жыйындысыдур.

Басқаша айтқанда, мәнаўият — жәмийеттеги барлық сиясий-жәмийетлик мүнәсибетлердиң мазмуны ҳәм санасын белгилейтуғын фундаментдур. Бул фундамент қанша беккем болса халық та, мәмлекет те соншелли күшли болады».

Ҳәзирги глобалласыў дәўиринде түрли бузғыншы идеялардың миллий қәдириятларымызға топылысы, терроризм, экстремизм, радикализм, «ғалабалық мәденият», трансмиллий ҳәм кибержынаятшылық, адам саўдасы, наркотрапик, глобал пандемия қәўип-қәтерлердиң қәўипи барған сайын күшейип бармақта. Мәнаўий турмысымызда бослық сезилмекте, гейпара жаслардың жүрис-турысында бизге жат нормаларға елеклеў, айрымларының миллий менталитетимизден, миллий мәнаўиятымыздан узақласыўы сезилмекте, сондай-ақ жаслар тәрбиясында жәмәәтшиликтиң роли пәсейип баратырғанлығы, бийпәрўалықтың күшейип атырғанлығы көринбекте. Соның ушын да, ҳәзирги дәўирде жәмийетлик-мәнаўий орталықты илимий анализлей отырып, жәмийетимизде мәнаўий-мәрипий ислерди жаңа басқышқа көтериў талап етилмекте.

^зликсиз тәлим системасында жас әўладтың ҳәр бир қатламының өзгешеликлерин ҳәм умтылыўларын есапқа алып мәнаўий-мәрипий ислерди алып барыў талап етилмекте.

Китапта айрықша атап көрсетилгениндей «Миллий мәнаўиятымызды раўажландырыў, оны халқымыз, әсиресе, жасларымыз турмысына сиңдириўде жәмийетлик-гуманитарлық пәнлер системасының әҳмийети уллы. Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта бул пәнлердиң раўажланыўы, олар тийисли бол­ған илимий-әмелий ҳәм тәлим-тәрбиялық системаны жаңалаў ҳәм оптималластырыў процеси заманнан артта қалмақта. Әйне ўақытта жәмийетлик пәнлердиң тәлим басқышларының ҳәм қәнигеликлериниң талаплары ҳәм принциплерине маслығы, оқыўшылар, бакалаврлар ҳәм магистрлардың талаплары ҳәм қызығыўлары, кәсиплик айрықшалықларына муўапықлығы ҳаққында анық көзқарас та жоқ».

Мине усы ҳәм басқа да жағдайларды есапқа алып, Президентимиз елимиздиң алдағы дәўирде раўажланыў стратегиясында мәнаўий-мәрипий реформаларға айрықша бөлим ажыратыў зәрүрлигин көрсетеди, бул саладағы ўазыйпаларды шешиўдиң айқын көлемин ҳәм салмағын, әҳмийетин ҳәм бағдарларын өзинде сәўлелендиретуғын «Өзбекстанның 2022-2032-жылларға арналған мәнаўий раўажланыў стратегиясы»н ислеп шығыў ўазыйпасын ортаға қояды. Бул ислердиң нәтийжесинде журтымыз, яғный, Жаңа Өзбекстан жетик мәнаўиятлы жәмийет, еркин ҳәм бахытлы инсанлар жасайтуғын жәмийетке айланыўына ерисемиз. Раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесинде «Жаңа Өзбекстан мәрипетли жәмийет» концепциясы ислеп шығылады ҳәм оны әмелге асырыўдың миллий бағдарламасы дөретиледи. Буның нәтийжесинде мәнаўий раўаж­ланған, жәмийет ағзаларының санасы ҳәм ой-пикири, турмыс философиясы ҳәм дүньяға көзқарасы кеңейтилген жәмийет қәлиплеседи.

Анығырақ айтқанда, буның нәтийжесинде жаңа мәнаўий мәкан жаратылады. Оның мәнис-мазмунын көрсетип Президентимиз былай дейди: «Жаңа мәнаўий мәкан не? Мениң нәзеримде, ол — биз әрман етип атырған Жаңа Өзбекстанның мәнаўий келбети айқын сүўретленетуғын, хал­қымыз умтылып атырған ҳәм ел-журтымыз бахытлы жасайтуғын мәрипетли жәмийетдур».

Ҳәзирги замандағы оғада қурамалы глобалласыў ҳәм кескин өзгерислер жағдайында мәнаўият ҳәм мәрипетке, жаслардың әдеп-икрамлылық тәрбиясына ҳәм билим алыўына биринши дәрежели әҳмийет бериў талап етилмекте. Бул жағдай есап­қа алынып, китапта көрсетилгениндей, мәмлекетимизде мәнаўий тәрбия системасының жаңа стратегиясы жаратылады, халқымыз, әсиресе, жаслар ортасында мәнаўий-мәрипий жумыслардың сапа ҳәм мазмуны жаңа басқышқа көтериледи. Президентимиз айт­қанындай, «Биз мәнаўий ҳәм мәрипий жумысларды Ўатансүйиўшилик иси, ҳүждан иси деп билемиз. ҳүжданы, мәнаўияты бар инсан Ўатанды әлбетте жақсы көреди. Ҳүждан, мәнаўият дегенимиз — халыққа, Ўатанға шын жүректен хызмет етиў деген сөз».

Китапта Президентимиз мәнаўий тәрбияның, мәнаўий мәкан және жаңа ой-пикирди қәлиплестириў мақсетинде әмелге асырылатуғын ўазыйпалардың кең программасын баян еткен. Бул ушын әлбетте бәринен бурын мәнаўият ҳәм мәрипет саласындағы мәмлекеттиң үстинликке ийе бағдарлары айқын белгиленеди, оларды әмелге асырыў «жол карта»сы ислеп шығылады ҳәм олардың мәнис-мазмуны кең жәмийетшиликке жеткериледи.

Оларды әмелге асырыў арқалы жәмийетте идеологиялық иммунитет беккемленеди, мәмлекет ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң искерлиги муўапықластырылады.

Ҳәзирги күнде үзликсиз тәлим системасында мәнаўий тәрбияның тийкарларын күшейтиў менен бирге халқымыздың барлық қатламларының арасында жоқары нәтийжели тәрбия ислерин алып барыў зәрүрликке айланбақта. Бул ушын мәнаўий үгит-нәсият ислерин ҳәр бир мәҳәлледе жолға қойыў, оны «мәҳәллебай» усылда шөлкемлестириў талап етилмекте. «Бир зыялы — бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер», «ҳәр бир нураный — бес жасқа устаз» принциплерин әмелге асырыў талап етиледи. Унамлы айқын күтилген нәтийжеге ерисиў ушын «Мәнаўий-әдеп-икрамлылық тәрбия дәстүри»нде тәлим системасы, мәҳәлле, нураный, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм басқа да мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўазыйпасын анық белгилеп қойыў талап етиледи. Бәркамал әўлад тәрбиясында «Бес әҳмийетли баслама» шеңберинде жумысларды еле де тереңлестириў лазым болмақта.

Алға қойған ўазыйпаларды әмелге асырыўда биз ушын күш-қүдирет дереги болатуғын миллий идея ҳәм идеологияны бәрҳама раўажландырыў талап етиледи. «Сыр емес, - дейди Президентимиз — ҳәзирги ўақытта көпшилик адамлар «идео­логия» деген сөзге бираз қәўипсениў менен қарайды, оны демократиялық жәми­йетке жат нәрсе деп есаплайды. Лекин, биз идеология дегенде, бәринен бурын, пикир тәрбиясын, миллий ҳәм улыўмаинсаный қәдириятлар тәрбиясын түсинемиз. Усы мүнәсибет пенен айтпақшыманF биз дөретип атырған Жаңа Өзбекстан идеологиясы бәринен бурын инсанпәрўарлық, әдиўлилик ҳәм дөретиўшилик идеологиясы болады».

Өзбекстанның раўажланыўының ҳәзирги процесслери миллий идея ҳәм мәнаўий жаңаланыў бағдарында жаңа басқыштың басланғанлығын көрсетеди.

Шығармада бул процесстеги табыслар менен бирге, бир қатар кемшиликлердиң бар екенлиги де айқын көрсетилген. Идеялық тәрбияда, идеологиялық профилактиканың заманагөй усыл ҳәм қуралларын пайдаланыўда, адамларымызда жедел пуқаралық позицияны қәлиплестириўде орын алып отырған кемшиликлер ашық айтылыў менен бирге, идея­сызланыўға жол қоймаў, идео­логиялық иммунитетти қәлиплестириўдиң нәтийжелилигин арттырыў ўазыйпасы қойылған. «Нешше жүз жыллар даўамында қәлиплескен ҳақыйқый инсаный қәдириятларымыздың орнын буз­ғыншы идеялардың ийелеп алыўына жол қоймаўымыз зәрүр». Бул ўазыйпаны әмелге асырыўдың баслы жолы «Наданлыққа қарсы мәрипет, идеяға қарсы — идея менен гүресиў зәрүр» деген принципти булжытпай орынлаў болып қалабереди.

Президентимиз айтқанындай, «Биз мақтанышы, ар-намысы, мәнаўияты бәлент халықпыз, бул сөзсиз уллы байлық». Оны сақлап ҳәм раўажландырып бармасақ келеси әўлад бизди кеширмейди. Биз бас­қаларға ериўши емес, керисинше, бәрҳама басқаларды ер­тиўши халық болып келгенбиз. Билим, мәрипет, мәденият пенен басқаларға өрнек болғанбыз. Бул бизиң миллий қәдириятымызға айналған пазыйлет.

Журтбасшымыздың толық исеними менен атап көрсеткениндей, Жаңа Өзбекстан мәрипетпәрўар мәмлекет. Бул салада әмелге асырылған ислеримиз жәмийетимизди жаңа басқышқа көтериў, жоқары шеклерди ийелеў, үшинши Ренессанс фундаментин қурыўға хызмет қылып атырғанлығы ҳәзирдиң өзинде жүзеге шықпақта.

2021-жыл 19-январь күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген мәнаўий-мәрипий ислер системасын түпкиликли жетилистириў, бул саладағы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейттириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, 2021-жылы 26-мартта Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Мәнаўий-мәрипий жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарды әмелге асырыў бойынша кең көлемли ислер әмелге асырылмақта. Бул ўазыйпаларды орынлаўда Президентимиз «Жаңа Өзбекстан страте­гиясы» атлы мийнетиндеги идеялар тиккелей басшылыққа алынбақта. Мысал ретинде айтатуғын болсақ Қарақалпақстан Республикасы Мәнаўият ҳәм мәрипет Кеңеси, оның үгит-нәсият орайы басшылығында республикамыз көлеминде қала ҳәм районларда, мәҳәлле ҳәм жәмәәтшилик шөлкем ҳәм кәрханаларда бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылды. Жоқарыдағы көрсетилген ҳүжжетлерди орынлаў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды ҳәм тас­тыйықланды. Республикадағы 10 жоқары тәлим орынларындағы профессор-педагоглар ҳәм оқытыўшылардан 416 мәҳәллениң ҳәр қайсысына мәнаўий қәўендерлер бекитилди. Мәҳәл­лелердиң ҳәммесинде нураныйларға тәрбиясы аўыр, мәнаўий көмекке мүтәж бес жаслардан бекитилди, атап айтқанда, 781 нураный 3814 усындай жаслар менен мәнаўий тәрбиялық жумыслар алып бармақта.

Өзбекстан Республикалық мәнаўий-мәрипий ҳәм тәрбиялық ислерди үлгили шөлкемлестириў бойынша «Ең үлгили район» таңлаўына Елликқала районы усынылды, ол таңлаўда жеңимпаз болып, «Дамас» машинасы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстандағы Мәнаўият ҳәм мәрипет орайларының материаллық-техникалық базасы беккемленди. Ҳәр ҳәптениң екинши (сийшемби) күни мәнаўият күни деп белгиленди. «Жаңа Өзбекстан — жаңа дүньяға көзқарас» атамасында мәнаўий-мәрипий илажлар сапалы өткерилмекте.

Турақлы түрде ҳәр түрли таңлаўлар, үш әўлад ушырасыўлары, семинар-тренинглер, лекция ҳәм гүрриңлер шөлкемлестирилмекте. Ҳақыйқатын айтқанда Президентимиздиң көрсетпелери тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Мәнаўият Кеңесиниң ҳәм оның үгит-нәсият орайының жумысы соңғы жыллары кескин жақсыланды. Орайдың халық арасында абырайы артты ҳәм ол шөлкемлестирип атырған илажларға халқымыз, әсиресе, жасларымыз қызығыўшылық пенен күтип алатуғын ҳәм қатнасатуғын болды. Кеңес ҳәм үгит-нәсият орайы хызметкерлери тәр­бияда тәнепис болмайды деген принципти басшылыққа алып өзлериниң жумысын әдеўир жақсылағаны көзге айқын көринип турыпты.

Бизиң бүгинги күндеги баслы ўазыйпамыз мәнаўий, тәрбиялы, билимли, уқыплы «Жаңа Өзбекстан — үшинши Ренессанс» идея­сын әмелге асырыўға жедел қатнасатуғын, өз Ўатанын шын жүректен сүйетуғын ҳәм оның ийгилиги ушын хызмет етиўге бәрҳа таяр турған, өз күшине ҳәм қәбилетлерине сүйенип жасайтуғын, дүньяда ҳәм жәмийетимизде болып атырған процесслерге еркин мүнәсибетте болатуғын, өзиниң мәпин мәмлекет ҳәм халық мәпи менен уйғынлас­тырған ҳалда көретуғын, өз ҳуқықы ҳәм миннетин билетуғын еркин шахсты қәлиплестириўден ибарат. Бул мақсетте мәнаўий-тәрбиялық жумыс алып барыў, әлбетте, оғада қурамалы, жуўапкер процесс, соның менен бирге ол әдиўли, саўаплы, келешегимиз келбетин белгилейтуғын ис.

Журтбасшымыз айтқанындай, егер кимде-ким мәнаўият мәселеси — бул тек Мәнаўият орайының яки тийисли ўәзирлик яки шөлкемлердиң иси, деп ойласа үлкен қәтеликке жол қояды, бул мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз, барлық басшылар, бизиң исенген таўымыз бол­ған алдын­ғы қатар зыялыларымыз, ҳәмме-ҳәммемиздиң ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли ўазыйпамыздур.

Мақсутбай Якубов,

Бердақ атындағы ҚМУдың «Социаллық пән­лер» кафедрасының доценти, Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими.

Сапардурды Абаев,

Әжинияз атындағы НМПИның «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасы доценти, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген Халық билимлендириўи хызметкери.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF