Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:05:34, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРЫ БИЛИМ БЕРИЎ СИСТЕМАСЫ ЖАҢА БАСҚЫШҚА КӨТЕРИЛЕДИ

Бәршеге мәлим, усы күнлерде Өзбекстан Республикасының 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы жойбары кең жәмийетшилик тәрепинен додаланбақта.

Раўажланыў стратегиясы жойбарында кейинги бес жыллықта мәмлекетимизде әмелге асырылатуғын, жәмийеттеги бәрше тараўды өз ишине алған кең көлемли реформалар белгиленгенлиги менен айрықша әҳмийетке ийе.

Солардың ишинде жойбардың әдалатлы социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў бөлиминде билимлендириў, атап айтқанда, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларын өзин-өзи басқарыў системасына өткериў, олар тәрепинен мийнетке ҳақы төлеў, хызметкерлер саны, төлем-контракт муғдары ҳәм билим бериў формасын еркин белгилеў әмелиятын жолға қойыў ҳаққында айтып өтилген.

Бул бойынша жақында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў ғәрезсизлигин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында» ҳәм «Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына финанслық еркинлик бериў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарлары қабыл етилген еди.

Бундай өзгерислер жоқары оқыў орынларынының бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Атап айтқанда, оқытыў режелери, оқытыў бағдарламалары, бакалавриат бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын оқыў мүддетлерин белгилеў, докторантурада төлем-контракт тийкарында оқыў баҳасын, илимий басшылық етиў тәртиплерин белгилеў, магистратурада сыртқы, аралық ҳәм кешки формаларын енгизиў, мийнет базары зәрүрликлеринен келип шығып, тәлим бағдарламалары ҳәм қәнигеликлерин ашыў, штат бирликлери санын белгилеў сыяқлы басқарыў тараўында да еркинликлер берилмекте.

Әлбетте, бундай жаңа жеңилликлер бәсеки процесин күшейтиў арқалы жоқары оқыў орынларын өз үстинде ислеўге мәжбүр етеди, билим бериў процесин жаңа басқышқа алып шығады, ең әҳми­йетлиси, бул арқалы билим бериў сапасы жақсыланады, нәтийжеде билимлендириў системасының аяғына балта урып атыр­ған коррупцияның кескин кемейиўине алып келеди.

«Миллий тикланиш» демократиялық партиясы өзиниң дәстүрий ўазыйпаларында билимлендириў тараўын, соның ишинде, жоқары билимлендириўди және де раўажландырыў, жоқары оқыў орынларының еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған реформаларды толық қоллап-қуўатлайды ҳәм олардың орынланыўы бойынша парламент ҳәм депутатлық қадағалаўды әмелге асырады.

Қулласы, усы пикирлерден келип шығып, хал­қымыздан Жаңа Өзбекстан раўажланыўы стратегиясы жойбарын додалаўда белсене қатнасып, мәмлекетимиздиң раўажланыўына хызмет ететуғын усынысларын билдириўге шақыраман.

Тажибай РОМАНОВ,

ӨзМТДП ҚР Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП фракциясы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF