Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:02:15, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛҚЫМЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Қәдирли ўатанласлар!

Әзиз дослар!

Бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ең жақсы нийетлерди жәмлеген, халқымызға өзгеше қуўаныш ҳәм үмит бағышлап, үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеңги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта.

Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында жазылып қалмақта.

Әсиресе, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда реформалардың тереңлесип барыўы, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумыслардың және де жеделлесиўи, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселелериниң мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени, жәрдемге мүтәж инсанлардың қоллап-қуўатланыўы, «Мәҳәлле кесиминде» жумыс ислеў әмелиятының жолға қойылғаны – булардың барлығы халқымызды турмыстан разы етиў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден саналады.

Изде қалып баратырған «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир қатар кәрханалардың, социаллық-мəдений, инфраструктура ҳəм басқа да объектлердиң иске түсирилгенлигин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтиў орынлы. Соның ишинде, «Imzo» компаниясы тәрепинен Нөкис қаласында пластикалық өнимлер ислеп шығаратуғын кәрхананың иске түскени, Тақыятас районында медициналық диагностика орайы ҳәм тигиўшилик цехының ашылғаны, Қарақалпақстан медицина институты клиникасының пайдаланыўға тапсырылғаны, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының ашылғаны, Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатының жумыс баслағаны, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының шөлкемлестирилгени, Нөкис қаласында Шайх Халифа бин Зоид Ал Наҳаян фонды тәрепинен Ҳаяллар ҳәм балалар емлеўханасы қурылыс жумысларының басланғаны сыяқлы көплеген мысаллар турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.

Мине, раўажланыўдың жоқары басқышына көтерилип атырған Жаңа Өзбекстанда Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында өткен қысқа ўақыт ишинде барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы да социаллық-экономикалық жақтан жаңаша раўажланыў жолына түспекте. Ең шетки Қоңырат, Мойнақ, Қанлыкөл, Тахтакөпир ҳәм Бозатаў районларында үлкен дөретиўшилик ислери әмелге асырылып атыр.

Ҳүрметли Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы қарары тийкарында 2021-жылдың өзинде жәми 9 трлн. сумлық 1 мың 129 жойбар иске түсирилип, 8 мың 987 жаңа жумыс орны жаратылғанын, сондай-ақ, 1 мың 347 жойбардың 10 трлн. сумлық инвестиция қаржылары өзлестирилгенин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтсек болады.

Сондай-ақ, жуўмақланған жылдың 23-ноябринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы менен исбилерменлеримизге бир қатар жеңилликлер берилип, жаңа имканиятлар жаратылмақта.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, 2021-жылдың 18-май сәнесинде болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясының қабыл етилиўи турмысымызда жүз берген тарийхый ўақыялардан саналады.

Бул өз гезегинде қоршаған орталығымызды қорғаў, халқымыздың саламатлығын беккемлеў, Аралбойы аймағында жүзеге келген машқалаларды сапластырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың жасаў шараятларын жақсылаўда айрықша орын тутатуғын әҳмийетли ҳүжжетлерден болып табылады.

Әлбетте, бундай кең көлемли жумыслар кеўиллерде мақтаныш сезимлерин оятыў менен бирге, инсанларды елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге үлес қосыўға руўхландырады.

 

Қәдирли ўатанласлар!

Кирип киятырған Жаңа жыл өзинде тағы да жоқары мақсет ҳәм ўазыйпаларды жәмлеп, бәршени уллы ислерге басламақта.

Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.

Байрам алдынан жаўған аппақ қар ҳақ кеўилли халқымызға бахыт, мол ырысқы-несийбе, дәрьямызға нәўпир суўлар алып келе берсин!

Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!

Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!

Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!

Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!

 

М.Камалов,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF