Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:50:47, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУЎАПКЕР ХЫЗМЕТКЕРЛЕР ҚӘНИГЕЛИГИН АРТТЫРДЫ

Электр қурылмаларында жумыс ислеп атырғанда қәўипли ислеп шығарыў факторларының тәсирин сапластырыў бойынша шөлкемлестириў ҳәм техникалық илажларға әмел еткен ҳалда бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ҳәр бир энергетик хызметкердиң ўазыйпасы ҳәм миннети болып табылады.

  Сонлықтанда, олардың қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў әҳмийетли илажлардан бири саналады.

Жақында,  «Ўзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Инспекция баслығы тәрепинен тастыйықланған бағдарлама тийкарында физикалық ҳәм юридикалық шахслар объектлериниң электр хожалығы бойынша жуўапкер хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў бойынша техникалық оқыў  курслары шөлкемлестирилди.

Усы оқыў курсларын өткериўден тийкарғы мақсет — электр энер­гиясы тутыныўшылары электр қурылмаларын исенимли, қәўипсиз ҳәм нәтийжели эксплуатация етиўди тәмийинлеў ҳәм де оларды жумысқа жарамлы жағдайда сақлап турыў ушын электр-техник хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў көзде тутылған.

Техникалық оқыўда электр-техник хызметкерлер актив қатнасып энергетика тараўына тийисли қағыйдалар ҳәм норматив ҳүжжетлер менен танысып, өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўаплар алды.

О.ЕРНАЗАРОВ,

«Ўзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF