Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:29:44, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘҲӘН ЧЕМПИОНЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Нөкис қалалық 9-санлы орта мектептиң мәжилислер залында спорттың қылышласыў түри (сабля жөнелиси) бо­йынша жәҳән чемпионы Дильназ Мурзатаева менен мектеп оқыўшыларының ушырасыў кешеси өткерилди.

2018-жылдан баслап жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионы бол­ған Дильназ Мурзатаева Өзбекстан сайланды командасы ағзасы болып, Ташкентте ҳәм Европа еллеринде шынығыўларға қатнасып киятырған еди. Өткен жылы дүньяны қамтып алған пандемия себепли иркилип қалған жарыслар быйыл қайта жанланды. Өз үстинде тынымсыз мийнет еткен Дильназ 2021-жыл 14-17-ноябрь күнлери Коста-Рикада өткерилген жәҳән кубогы жарысында сабля түринен жеке бириншиликте чемпион болды ҳәм командалық жарыста да алтын медаль ийесине айланды.

Дильназ Латвия, АҚШ, Сальвадор, Венесуэла, Пакистан спортшыларынан басым болып, финалда жергиликли (Коста-рикалы) қарсыласын жеңди ҳәм чемпион атанды. Ал, командалық бириншиликте де өзбекстанлы қызлар (Дильназ Мурзатаева, Бийбисәнем Сапарова, Севара Рахимова, Шахзода Эгамбердиева)дың әўмети жүрди ҳәм алтын медаль менен елимизге қайтып келди.

Дильназды нөкисли тренери Бекмурат Жақсымуратов, Ташкенттеги бас тренери Хоса Венавидеслер талап дәрежесинде шынықтырып атыр.

Дильназ октябрь айынан берли Ташкентте күшли таярлықлар көрип, Нөкиске келмеген еди. Мектеп жәмәәти оқыўшының жаңа жылды үйинде күтип алыўы ушын оған келип-қайтыўына билет саўға етти.

Жеңимпаз оқыўшыны мектеп директоры С.Есимбетова ҳәм директор орынбасары А.Аллақбаева қутлықлап, мектептиң ҳүрмет жарлығын, саў­ғаларын  тапсырды. Сондай-ақ, шайыр Жуманияз Өтениязов, спортшының кемпир апасы, белгили қосықшы Роза Сулаймановалар қутлықлады ҳәм оған еле де зор табыслар тиледи.

9-санлы мектептиң 10-рус класс оқыўшысы  болған спортшы Д.Мурзатаева жаңа жылдың январь айында шынығыўларға қатнасыў ушын Ташкент қаласына жөнеп кетеди.

Ж.ӨТЕНИЯЗОВ,

Нөкис қалалық 9-cанлы мектептиң 

үгит-нәсиятшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF