Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:33:23, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРҒА ПРЕЗИДЕНТ САЎҒАСЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 29-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры фоесине орнатылған арша әтирапында «Президент аршасы» дәстүрий байрам тамашасы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, балаларды ҳәм олардың тәрбияшылары менен ата-аналарын жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.

Илажға ата-анасының қарамағынан айырылған, ата-аналары хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған балалар,  социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери мирәт етилди. Шырайлы етип безелген шырша әтирапында Аязата менен Қарқызы, түрли ертек қаҳарманларының қатнасындағы театрластырылған тамашалар даўамында балаларға Президент саўғалары тапсырылды. Республикамыздың көркем өнер шеберлери атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар, театр жәмәәтлери тәрепинен таярланған сахналық көринислер байрамға өзгеше көтериңкилик бағышлады.

Быйылғы «Президент аршасы» илажына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 26-октябрьдеги тийисли мәжилис протоколына муўапық бизиң республикамыздан 700 ге жақын ата-анасының қарамағынан айырылған, ата-аналары хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған балалар,  социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерине Президент саўғасы тапсырылады. Саўғаның қурамында 16 түрдеги кондитер өнимлери, 2 түрдеги оқыў қураллары, балалар энциклопедиясы және 3 түрдеги басқа да қураллар киргизилген.

«Президент аршасы» дәстүрий байрам тамашасы республикамыздың барлық районларында болып өтпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF