Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:14:40, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЛИМЛЕНДИРИЎДЕГИ ДИНИЙ ТӘЛИЙМАТ

Үлкемизде Қарақум ийшан өз заманының алдынғы қатар прогрессив шахсы еди. Ол узақ келешекти көре алыўшы дурыс ҳәм әдил шешимлерди қабыл ете алыўшы, кишипейил инсан болып өмир кеширген. Сол себепли, үлкемиздеги абырайлы ийшанлар қатарынан орын алған.

Қарақум ийшан кеңес дүзиминдеги мектеплердиң оқыў режелерине ендирилген жаңа пәнлерге қарсы болмаған. Бул пәнлердиң келешегин дурыс түсинген. Сол себепли, мектеплердеги оқытылып атырған пәнлерди диний тәлиймат пенен биргеликте алып барыў керек, деген пикирди билдирген. Бирақ, диктаторлық дүзим бул усынысты қабыл етпеген. Нәтийжеде билимлендириў системасы бир тәреплеме оқытыўға өтип кеткен. Ҳәзирги көзқарас пенен қарағанда, Қарақум ийшан билимлендириўдеги интеграция идеяларын әмелге асырыў ҳәрекетинде болғанлықларын көремиз.

Әлийшер Наўайы, Бабур, Улығбек, Ибн Сино, Беруний, Әл-Хорезмий, Бердақ, Әжиниязлардың бәршеси еки басқышлы оқыў системасында мешит ҳәм медреседе оқып билим алған. Мешит ҳәм медресе өзлериниң қәнигеликлери менен бир қатарда терең диний тәлиймат тийкарларын өзлестирген. Аты аталған бул шахслардың бирде-биреўи атақларға ийе болмаған. Олар өзлериниң дөретиўшилик жумысларының ерискен нәтийжелери бойынша үлкен абырайға ерискен.

Ең үлкен сыйлаўы — бул патша тәрепинен кийдирилген баҳалы шапан менен китаплар ғәзийнесине кириўге руқсатнама алыўы болған. Ол дәўирлерде китаплар қолдан көширилгенлиги себепли нусқалары аз муғдарды қураған. Китаплар ғәзийнеси болса, патшалықтың байлығы болып есапланған. Дөретиўши тулғалар жаңа дөретпелерин усы китаплар ғәзийнесинде жаратып отырған. Бул дөретпелер өз әҳмийетин жоғалтпағаны  себепли, ҳәзирги күнге дейин олардың исмлери қәдирленип келинбекте.

Ески мектеплерде саўат ашыў дәўирин өз ана тилинде оқыған. Өз гезегинде мешит оқыўшылары ана тилинде диний тәлийматты өзлестирген.

Елимизге қызыл империяның кирип келиўи менен мешитлер жабылып қалды. Мешитлердеги қарақалпақ тилине бейимлескен араб жазыўындағы оқытыўшыларда әсте-ақырын өз жумысларын тоқтатыўға мәжбүр болды. Оның орнына кеңес ҳүкиметиниң  жаңа мектеплери ашылды. Бул мектеплердиң ашылыўы менен ана тилимиздеги оқытыў да тоқтады.

Үлкемизде қарақалпақ тилинде оқытыў мәселесине 1920-жылы көрсетпе бериледи. Бирақ, бул көрсетпе әмелде орынланбай қалды. Буған жаңа мектеплерде пәнлерди қарақалпақ тилинде оқытатуғын муғаллимлер менен сабақлықлардың болмаўы себепши болады. Соның ушын Шымбайдағы саплас­тырыл­ған рус-тузем мектебиниң муғаллимлери менен сабақлықларынан пайдаланыўға мәжбүр болған. Муғаллимлердиң жетиспеўшиликлерине байланыслы жаңа мектептиң үшинши класс оқыўшыларын муғаллимшилик кәсибине мобилизациялаған. Усыған байланыслы үлкемиздеги бәрше жаңа мектеплерде оқыў татар тилинде алып барылған.

Тек ғана 1925-жылы Ташкент қаласында қарақалпақ тилиндеги сабақлықлар жарық көре баслайды. Бул сабақлықлар тийкарынан алғанда баслаўыш билимлендириў бағдарында болып, олардың дүзиўшиси елимизге белгили болған ағартыўшы Сейфулғабит Мәжитов болды. Бирақ, бул сабақлықлардың текстлери араб жазыўында дүзилгени себепли олардың өмири жүдә қысқа болған. 1928-жылы «Қарақалпақ тилиниң араб жазыўынан латын графикасына өтиў ҳаққында»ғы Пәрманы шықты. Усыған байланыслы жазыўлардың алмасыў жумыслары бойынша болған ҳәрекетлер ҳәўижге минеди.

Төрткүл педагогикалық техникумының жанынан қарақалпақ тилине бейимлескен латын жазыўын оқытыў қысқа курсы шөлкемлестирилди. Бул курс­тағы сабақларды Сейфулғабит Мәжитов алып барады. Дәслеп мектеплерде оқытылып келинген татар тилиндеги сабақлықлар тийкарынан алғанда  рус-тузем мектеплерине арналған еди. Көпке узамай бул сабақлықлар кеңес дүзиминиң сиясатына сәйкес келмейтуғыны жөнинде сабақлықлардағы орын алған буржуазиялық ҳәм диний көринислер өткир сынға алынады.

Бул орында сабақлықлардағы орын алған буржуазиялық ҳәм диний көринистеги гүрриңлер де сапластырылды. Олар қатарындағы төмендеги гүрриңди келтирейик: Күнлердиң биринде бир ересек адам еки жас өспиримниң қасынан өтип баратырып, олардың бир ғозаға таласып бөлисе алмай  атырғанлықларының үстинен шығады. Сонда ол жас өспиримлерге қарап, сизлерге ғозаны тең екиге бөлип бере­йин, дейди. Ғозаны алып екиге бөледи. Екиге бөлинген ғозаның ишиндеги еки жапырағын жас өспиримлерге бир-бирден бөлип берип, ишиндеги ғозасын өзи жеп қояды. Жүзеге келген бул ўақыя сырттан қарағанда күлкили болып көрингени менен бир ўақыттың өзинде әдеплилик нормасының бузылыўы, алдаўшылық ҳәм жас өспиримлердиң ҳақысына тийиў сыяқлы унамсыз көринислер орын алған. Булардың бәршесин диний тәлиймат гүна деп есаплаған ҳәм оған қарсы үзиликсиз үгит-нәсият жумысларын алып барған.

Әдеплилик нормасы бойынша жасларды мешит ҳәм медреселерде оқытып, унамлы нәтийжелерди қолға киргизген. Диний тәлийматты тыянақлы түрде окып, дурыс өзлестирген жаслар ҳеш ўақытта жәмийетимизге жат диний ағымларға қосылып кетпейтуғынлықларын да атап өтиўимиз керек.

Тез пәт пенен раўажланып баратырған жәмийетимиз оқыўшылар жәмәәтиниң психологиясына үзиликсиз түрде тәсир жасап отырады. Әсиресе, елимиздеги жүзеге келип отырған өзгерислер менен жаңаланыўлар буған мысал бола алады. Усыған байланыслы ҳәр төрт жылда оқыўшылар жәмәәтиниң психологиясы 10-15 процент, жигирма жылда 50-75 процент, ал, қырық жылда 100-150 процент аралықларында өзгерислерге ушырайды екен. Жүзеге келген бундай өзгерислер педагогикалық жәмәәтлердиң оқыў ҳәм тәрбия ислеринде бәрқулла машқалаларды туўдырып отырған. Оқыў орынларындағы бундай машқалаларды шешиў жолында заманагөй педагогикалық техноло­гиялар оқыў процесине ендирилип барылмақта. Бундай технологиялар үзиликсиз түрде жетилистирип турылады. Деген менен, оқыў орынларында әдеплилик нормасы орайлық орында туратуғынын нәзерден шетте қалдырмаўымыз зәрүр. Аудиториядағы тек ғана бир оқыўшыға әдалатсыз қойылған баҳа сол муғаллимниң оқыўшылар жәмәәтине болған тәсир күшиниң кескин кемейип кетиўине себепши болады. Ал, жоғалған тәсирди қайтадан тиклеў шешилиўи қыйын болған машқала болып есапланады.

Оқыўшыларға қойылған әдалатсыз баҳалар қайталана берсе, педагог өзиниң ең қәдирли болған абырайынан айырылып қалыўы сөзсиз. Бундай жағдайда муғаллим оқыўшылар жәмәәтин услап турыў мүмкиншиликлеринен айырылып қалады. Бул орында оқыў процесинде толық әдеплилик нормасын қәлиплестирмей турып, заманагөй педагогикалық технологиялар жәрдем ете алмайтуғынлығы тәбийғый қубылыс болып есапланады. Ал, әдеплилик көнликпелерин қәлиплестириўде диний тәлийматты тийкар етип алыў мақсетке муўапық болады. Заманагөй оқыў режелеринде орын алған пәнлер диний тәлиймат пенен ҳәр қыйлы қатнаста бириге алады. Жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында оқытылып келинген педагогика ҳәм оннан тармақланып шыққан бәрше пәнлердиң тийкары сыпатында диний тәлийматтың ҳәдийслерин қабыл етиў зәрүр.

Жәҳән цивилизациясының раўажланыў тарийхында ҳеш бир идеология ислам дининиң ҳәдислеринен асып кете алмаған. Ҳәтте, оған теңлесе алмаған. Сол себепли, заманагөй билимлендириў системасын диний тәлиймат арасында интеграция мәселелерин жолға қойыўымыз ҳәзирги күнниң машқалаларының бири болып қалмақта.

 

М.АЙЫМБЕТОВ,

филология илимлериниң докторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF