Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:27:24, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ  ЖАҢА  ӨЗГЕРИСЛЕР

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Транспорт ҳәм финанс тараўларындағы айырым ҳуқықбузарлықларға жол қойғаны ушын ҳәкимшилик жазалардың либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам­ға қол қойылды.

Нызам 2021-жыл 1-декабрьден күшке кирип, төмен­дегилер:

- автомобиль басқарыўшыларына транспорт қуралын басқарыў ўақтында уялы телефонлардан қәўипсиз  ҳәм қолды бәнт етпейтуғын техникалық қураллардан (қулақшын, bluetooth) пайдаланыўға руқсат берилди;

- транспорт қуралын бас­қарыў ўақтында салонның алдынғы тәрепине орнатыл­ған монитордан теле-видеобағдарламалар тамаша етиўге қойылған шеклеўлерди сақлап қалған ҳалда, мониторды орнатып алғанлығы ушын жуўапкершилик бийкар етилди;

- Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик Кодексиниң 4-статья­сы бойынша жаза муғдары ҳуқықбузарлықтың қәўиплилик дәрежеси ҳәм шет ел тәжирийбелеринен келип шыққан ҳалда жеңиллестирилмекте. Атап айт­қанда, халықтың айырым қатламлары ушын әҳмийетке ийе болған, автомобильде жолаўшылар тасыў искерлиги менен лицензиясыз шуғылланғанлығы ушын (пуқараларға 27 миллион сумнан 1,9 миллион сумға шекем, лаўазымлы шахс­ларға 40 миллион сумнан 8,1 миллион сумға шекем кемейттирилди) ҳәм тағы бас­қа өзгерислер киргизилди;

- транспорт қуралын бас­қарыў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлер айдаўшының жанында болмағанлығы ушын жуўапкершиликке тартыў тәртиби бийкар етиледи. Бунда, айдаўшының жанында шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт, ID-карта) болыўының өзи жеткиликли екенлиги белгиленди. (Усы бәнт 2022-жыл l-марттан баслап күшке киреди).

Сондай-ақ, «Миллий айдаўшылық гүўалығы ҳәм де автомототранспорт қуралын дизимнен өткергенлиги ҳаққында гүўалығының жаңа үлгилерин енгизиў илажлары ҳаққындағы ҳүкиметлик қарардың 3-бәнтине төмендеги өзгерислер кир­гизилди:

Миллий айдаўшылық гүўалығы төрт басқышта алмастырылатуғын болып;

- 2010-жылға дейинги дәўирде берилгенлери — 2022-жыл 1-апрельден;

- 2010-2012-жылларда берилгенлери — 2022-жыл 1-июльден;

- 2013-2015-жылларда берилгенлери — 2022-жыл 1-октябрьден;

- 2015-жылдан кейин берилгенлери — 2023-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес деп есапланатуғын болды».

Солай етип, барлық автомототранспорт қураллары ийелерин нызамшылықтағы жаңалықларға итибарлы болыўға, жол ҳәрекети қағыйдаларын сақлаўға шақырамыз.

 

О.МАТЯКУПОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Қоңырат районы

Юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юристконсульты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF