Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:42:54, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘҲӘн банки делегациясы Әмелге асырылып атырҒан жумыслар менен танысты

Жәҳән банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы Марко Мантованеллидиң басшылығындағы  Жәҳән банки делегациясы еки күн даўамында Қарақалпақстанда болды.

Делегация ўәкиллери дәслепки күни министрликлер, мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллериниң қатнасыўында мәсләҳәт сессияларын өткерди. Екинши күни жәҳән банкиниң қатнасыўында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысыў мақсетинде Беруний, Елликқала, Төрткүл районларына барды.

– Мийманлар дәслеп «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жетилистириў» жойбары шеңберинде «Бостан» каналының Беруний районы аймағындағы орында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Каналдың бетонлаў жумысларының барысын көзден өткерип, қурылысшылар менен сәўбетлесиўлер алып барды. Әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери менен қызықты. Делегация баслығы усы жерде жергиликли турғынлар менен де сәўбетлести,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети баслығы F.Атажанов.

Сондай-ақ, жойбар тийкарында реконструкцияланып атырған суў объектлерине пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илажларда атап өтилгениндей, Жәҳән банкиниң қатнасыўындағы жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде, Елликқала (33,2 мың га), Беруний (34 мың га), Төрткүл (32,8 мың га) районларындағы 100 мың гектарлық суўғарылатуғын жерлерде суў ресурсларын басқарыў жақсыланады.

– Әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде аймақтағы фермер хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринде суў тәмийнаты жақсыланып атыр. Бул ушын жойбар шөлкемлестириўшилерине ҳәм қурылысшыларға миннетдармыз,-дейди мәҳәлле белсендилериниң бири Ф.Нарбаева.

Танысыў барысында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF