Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:33:17, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘҲӘНГЕ ТАНЫЛҒАН ЖАНСУЛЫЎ 

Өзиниң бийтәкирар таланты менен көпшиликти таң қалдырған Жансулыўдың жақында және үлкен табысқа ерискенлиги ҳаққындағы интернет тармағында жәрияланған яғный, тислеп турып денени узақ ўақыт даўамында услап турыў бойынша (12.01.18 минутлық) жәҳән рекордын орнатты деген жағымлы хабарды еситип қуўандық.

Әлбетте, «Кишкене демең бизди, көтерип урамыз сизди» дегениндей, Аллатаала тәрепинен берилген қәбилети менен көпшиликке танылып, табыслары арқасында барлық аўылласларын қуўанышқа бөлеген, «пластик қыз» атанған Жансулыўдың бүгинги табыслары өз алдына бир төбе десек асыра айтқан болмаймыз. Соңғы ўақытлары елимизде қаншадан-қанша қәбилетли жасларымыздың талант қырларын жетилистириўге, оларды халыққа жақыннан танытыўда кең имканиятлар жаратылған. Буның айқын мысалы ретинде барлық жәҳән телевидениелеринде солар қатары бизиң жергиликли телеканалларда да қәбилетли жасларымыздың өзгеше талант қырлары көрсетилетуғын шоу бағдарламалар үзиликсиз берилип келинбекте. Туўрысы, усы көрсетиўде шыққан ҳәр бир жас өспиримниң қәбилетин тамашалап, тәсийин қалмасқа илажың жоқ. Баспасөз, «Спорт» телеканалының «record.uz» ҳәм Қарақалпақстан телевидениесиндеги «Айқулақ» бағдарламалары арқалы танылған Жансулыў Татлымуратованың «Индиго» ҳәм «CENTRAL АSIА’S GOD TАLENT» жойбарларында қатнасып, көрсеткен ҳәрекети тек ғана төреши ағзаларын емес, ал, пүткил тамашагөйди таң қалдырған еди. Арадан еки жыл өтип Жансулыўдың даўрығы және пүткил дүньяға жетти. Себеби, ол Гиннес рекордын орнатып, Қарақалпақстан Республикасы атын жәҳәнге танытты. Ҳақыйқатында да, «Болар бала бес жасынан белгили» деген нақыл әйне усы қызға қарата айтылған сыяқлы. Елимиздиң арқа районы есапланған Тахта­көпирде дүньяға келген «Ең ийилиўшең плас­тик қыз» деп атанған Жансулыў Татлымуратова 2014-жыл Тахтакөпир районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы мектептиң 1-класына оқыўға барады. Теңлеслерине қарағанда алықлаў қыз устазы Бахтыгүл Ещанованың үйреткенлерин тез илип, барлық сабақларды да жақсы өзлестиреди. Оқыў менен спортты да теңдей алып барып, «Истиқлол» балалар дем алыў орайындағы гимнастика мектебине қатнап, тренери З.Сражовадан да көп нәрсе үйренеди. Ойлап қарасақ табысқа ерискен қайсы бир инсанның турмыс жолына қарамайық, барлығы бирдей сыяқлы. Яғный, олар алдына анық мақсет қойып, шоққыларға көтерилиўи ушын тынымсыз мийнет етиўден шаршамайды. Әне, солай екен Жансулыўдың да  дерлик бос ўақты жоқ. Себеби, оқыўдан кейин гим­настика мектебине қатнайды.

— Нешше жыллардан берли рекорд орнатыўға ҳәрекет етип жүр едик. Бирақ, оған қалай қатнасыўдың, арза бериўдиң жолын таппай қыйналдық. Бул бо­йынша бизге жол-жоба берген бир қатар инсанларға миннетдарман. Айтайын дегеним қызымның бүгинги жетискенликлерин көрип, көзиме қуўаныш жаслары келеди. Жансулыў туўыл­ғаннан кейин бир жаслар шамасында қатты аўырып қалды. Шыпакерлердиң еми қонбай, өлим төсегиндеги қызымды тәўипке апарғанымда «қыздың өзине пайлы, жасаўға гүресип, усыннан аман қалса, белгили инсан болады» деген еди. Қудайға шүкир жаман емес. Түрли таңлаўларға қатнасып сыйлы орынларды алып, тренери ҳәм мениң исенимимди ақлап атыр. Быйылғы ғәрезсизлик байрамы қарсаңында елимиз басшысы қызымның мийнетлерин есапқа алып, өз қоллары менен «Үмит ушқыны» көкирек белгисин тапсырды. Мен буннан қатты қуўанышлыман,-дейди анасы Гүлмира Татлымуратова.

Гиннес рекордын жаңалаған Жансулыў гимнастика менен шуғылланыўды 2,5 жасында баслаған. Оның бас­қаларға уқсамайтуғынын, ҳәрекетлериниң жүдә нәзик, денеси жүдә ийилиўшең, қәбилетли екенлигин аңлаған устазы Гүлсара Оңдасинова шәкиртин «Спорт» телеканалының «record.uz» көрсетиўине таярлайды. Алты жасар қыз көрсетиўде қатнасып сандық ишинен шығып, тамаша көрсетип, бәршени таң қалдырады. Соңынан болса «Индиго» көрсетиўинде өз қәбилетин жүзеге шығарды. Әсиресе, оның соңғы супер финалда темир тислеп, таян­ған ҳалда пүтин денесин көтергендеги ҳалаты өз нәтийжесин берип (5 минут турып), Жансулыў төрешилер тәрепинен «ең ийилиўшең қыз» деген тәрийпке ийе болады ҳәм Гиннес рекордын жаңалады.

— Усы ўақытлары спорт қаналында берилетуғын «record.uz» көрсетиўин қалдырмай, қызығып көрип бардым. Оннан да көп нәрсени алса болады. Устазым Айнур апа сабақтан ке­йин үйине алып кетип, шуғылландырып-«Сен әлбетте жәҳән рекордын орнатасаң»,-деп руўхый күш беретуғын еди. Қудайға шүкир, нәтийже жаман емес. Мениң бундай жетискенликлерге ерисиўимде биринши нәўбетте анамның, тренерлеримниң мийнетлери айрықша. Мен олардан жүдә миннетдарман ҳәм мийнетлерин ақлаў ушын еле де алға умтылыўдан тоқтамайман,-дейди Жансулыў  толқынланып.

«Сегиз қырлы, бир сырлы» Жансулыўдың өмирдеги ураны «Алға, тек ғана алға» екен. Ҳәзирги ўақытта ол Нөкис қаласындағы Олимпия резервлери колледжиниң ескек есиў бөлиминиң 8-класында оқып атыр. Әлбетте, оның бүгингидей табысларға ерисип, рекорд орнатыўында тренерлери А.Илясова ҳәм Г.Жумабаевалардың мийнетлери айрықша. Биз исенемиз, бул нәўқыран нәлшениң өзине тән шеберлиги жыллар бойы қәлиплесип, соқпағын салып үлгерери анық. Солай екен, оның чемпион болып, жәҳән ареналарында журтымыз байрағын бәлент көтерген табыслары ҳаққында еле еле көп жазылады. Себеби, бул оның биринши ҳәм соңғы жетискенлиги емес, демек алдында еле алынбаған асыўлар, минилмеген шыңлар турғаны анық.    

С.ТУРДЫБЕКОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF