Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:19:26, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИК ТИЙКАРЛАРЫНА ОҚЫТЫЎ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Бүгинги күнде мәмлекетимизде халықты исбилерменликке кең тартыў, оларды исбилерменлик көнликпелерине оқытыў ҳәм қызығыўшылығын асырыў, исбилерменлик искерлигин баслаўына ҳәр тәреплеме көмеклесиў баслы ўазыйпа есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-мартта «Экономиканы раўажланландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға байланыслы мәмлекет сиясатын түп-тийкарынан жаңалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Усы пәрман тийкарында республикамыздың барлық аймақларында Бизнес ҳәм исбилерменлик Жоқары мектебиниң аймақлық филиалларын шөлкемлестириў белгилеп көрсетилген.

Усыған тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 30-июль күни арнаўлы қарары қабыл етилди. Бул қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Бизнес ҳәм исбилерменлик Жоқары мектеби шөлкемлестирилип, бул мектептиң тийкарғы ўазыйпалары етип,  республика экономикасын раўажландырыўға болған зәрүр кадрларды,  жоқары билимлендириў, кадрлар билимин арттырыў, оларды кайта таярлаў, киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, маркетинг, монополияға қарсы гүресиў ҳәм экономиканың талап жоқары болған бағдарлары бойынша магистрларды таярлаў, «Жаслар дәптери», «Темир дәптер», ҳәм де «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген халықтың исбилерменликке кызығыўшы қатламларын оқытыў белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Экономиканы раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанында шөлкемлестирилген Бизнес ҳәм исбилерменлик Жоқары мектебиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен исбилерменлик көнликпелерине бийпул түрде оқытылып, оқыў курслары Бизнес ҳәм исбилерменлик Жоқары мектеби тәрепинен тас­тыйықланған 30 түрдеги оқыў бағдарламалары тийкарында өткерилип келинбекте.

Бүгинги күнге дейин жәми 1150 тыңлаўшы, филиал баслығы Г.Рзаева, филиал бөлим баслығы А.Урынбаев, филиал бас қәнигеси Қ.Ережепов ҳәм филиалдың ҳуқықый мәселелери бойынша бас қәнигеси Ш.Бабаназаровалар тәрепинен исбилерменликти шөлкемлестириў жоллары ҳәм бизнестиң түрлери, бизнес идея, кәрхана түсиниги ҳәм оларды мәмлекетлик дизимнен өткизиў, маркетинг түсиниги ҳәм әҳми­йети ҳаққында оқытылып, тыңлаўшыларға жеңилликли кредитлер алыў ушын сертификатлар тапсырылып келинбекте. Бүгинги күнде оқытылған тыңлаўшылардың арасынан 410ы өз исбилерменлигин баслады. Өз нәўбетинде, бул жаңадан искерлигин баслаған исбилерменлер тәрепинен жаңа жумыс орнынлары жаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен 2021-жыл 5-июльде тастыйықланған календарь режеси тийкарында нәўбеттеги оқыў курслары 2021-жыл 29-ноябрь ҳәм
10-декабрь күнлери Қанлыкөл районы айма­ғындағы «Hamkoraautoschool» автомектебинде халықтың исбилерменликке қызығыўшы қатламлары ҳәм де жумыссыз жаслар арасында өткерилмекте. Район аймағында исбилерменликке қызығыўшы ҳаял-қызлар ҳәм жаслар көпшиликти қурап, олардың арасында саўда-сатық, қусшылық (таўық бағыў), ыссыхана шөлкемлестириў, тигиўшилик, шаш кыйыў (гөззалық салоны) ҳәм басқа да бағдарлар бо­йынша өз исбилерменлигин басламақшы болғанлар бар.  

Оқыў бағдарламасының әмелий саатларында тыңлаўшыларды Қарақалпақстан Республикасы аймағында өз искерлигин алып барып атырған белгили ири ислеп шығарыў кәрханаларына экскурсия сапарын шөлкемлестириў ҳәм таныс­тырыў көзде тутылғанлығы менен  де әҳмийетли.

 Қ.ЕРЕЖЕПОВ,

Өзбекстан Республикасы Экономиканы Раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Бизнес ҳәм исбилерменлик Жоқары мектеби Қарақалпақстан Республикасы филиалының бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF