Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:44:36, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДҮЗИЛГЕН РЕЖЕ ӘМЕЛГЕ АСПАДЫ

Инсан мақсетине ерисиў ушын алдыннан реже дүзеди. Лекин, өзиң билип турып натуўры жол менен мақсетиңе ерисиўге умтылсаң ақыры қандай болатуғыны өзиңе мәлим. Қам сүт емген бендемиз-дә, ҳеш нәрсе билинбей кетер, деп тәўекел етемиз. Соның ушын, ата-бабаларымыздан «Ҳәр нәрсениң ақырын берсин» деген гәп қалған.

Бәҳәр айларының биринде А.Н. талап ислеў ушын Қазақстан Республикасы пуқарасы, шарўашылық пенен шуғылланыўшы, Атыраў қаласында жасайтуғын Б.К. ҳәм басқа да шериклери менен алдыннан тил бириктирип, 230.000 теңге муғдарындағы пуллар есабына мәмлекетимизде белгиленген тәртипти бузып, нызамға қайшы келетуғын ҳәрекетлерди ислейди.

Ол Хожели районынан Қоңыратта жайласқан «Жаслық» посёлкасы арқалы айланба жоллар менен Өзбекстан Республикасының 1999-жыл 20-августтағы «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик шегарасы ҳаққында»ғы Нызам талапларын бузып, бажыхана уйымларына қараслы белгиленген қадағалаў орынларынан өтпестен айланба жоллар арқалы шет елге шыққан. Оның бул нызамға қайшы ис-ҳәрекети МҚК Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана бас­қармасы оператив бөлими хызметкерлери тәрепинен анықланып, белгиленген тәртипте рәсмийлестирилди. Оған жаза тайынланғанда жынаяттың жағдайы ҳәм қәўиплилик дәрежеси итибарға алынды ҳәм қылған исинен пушайманлығы, ҳаял адам екенлиги, жынаяттың ашылыўына өзи де жәрдем бергенлиги итибарға алынып, айыбын аўырластырыўшы жағдай жоқ, деп есапланды.

Айырым жағдайларда усындай нызамға қайшы ҳәрекетлерди ислеўге илажсызлық, турмыслық зәрүрлик те себеп болады. Деген менен, мәмлекетимизде белгиленген нызам шеңберинен шығып кетиўге ҳеш кимниң де ҳақысы жоқ. Солай екен, ҳәр бир пуқара нызам талапларына бойсыныўы, оған әмел етиўи шәрт.

Б.ТӨРЕЕВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF