Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:56:16, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДИЙҚАН МӘРТЕБЕСИ

Кимге өтирик, кимлерге шын, қоңыратлы Муратбай Қуденов елеге дейин орақларын тисеп, белиниң жүзин қайрап, денеси қурысса кериле кетпен урғаннан ашшы тери шығар екен.

Жердиң қәдир-қымбатын өмир бойы егин еккенлерден сорағанымыз мақул. Жетпис жастың асқарына минген заманласымыз бир қысым топырақты алақанына сығымлай сала ашқанда басы бирикпеген сылдыр шегеқумдай шашылды.

— Бас қуралымыз саналған жеримизге маңлайымыздан қанша тер төгип ислесек те мийнетимиз кеўилдегидей қайтпай атыр. Жердиң ширеси азайғанынан арықлап, балл-бонитети төменлигине тиккелей өзимиз айыплы, - деп терең ойға шүмди.

Жети атасы дийқаншылықты кәсип-кәр етип, шынжырма-шынжыр жалғастырған, «Қаңлы аўыл», «Жиңишке жап»тың бо­йын жайлап өткен Мәдияр ҳәм Қуден Ешмуратовлар — әўладлары бәрше байлықтың көзи санал­ған жерин қайғырыўы тегин емес. Арал регионындағы жүз берген экологиялық апатшылықларда жасап ҳәм мийнет еткенлердиң машқаласы өз алдына. Жер тоймай ел тоймасы анық, өнимдарлығын арттырыўдың бирден-бир жолы — намбар менен азықландырыў, таза ағын суў менен қандырып суўғарса, бир қыйлы егинге шаршатпай, алмаслап егиўди жолға қойса,  қалған жақлары сапалы агротехникалық тәрбия менен жетилисе береди.

Мәдияр бабасы Муратбайды қаршадайынан қара мийнетке шынықтырыў ушын үй қапталы қыйтақ жерлерин ешек қосқан гүнде, пазнаны сүргизип, мектептеги оқыўын қатаң қадағалаў астына алыпты. Балалыққа тән қәсийет, техниканың барлық түрлерине қызыққаны себепли қолына ержеткенлик аттестатын алғаны менен еки жыл өндиристе ислеп, армия хызметин өтеген соң Ташкент автомобиль жол қурылысы институтына киреди. Негедур, питкериўшилерге жоллама «Узсельхозтехника» тараўына бериледи. Сол жылы түрли жоқары оқыў орынларын питкериўши 11 жас қәниге қатары Қоңырат районлық «Узсельхозтехника»да жумыс баслағаны менен ең соңында Абат Зийнетуллаев пенен турақлы ислеп қалады. Таза техника менен тәмийинлеў бөлимшеси тәжирийбе мектебине айланып, техниканың барлық түрлерин жетик билетуғын басшысы Ерназар Өтеўлиевтей атақлы инженерге шәкирт түскенине қуўанады.

«Узсельхозтехника» сол жыллары халық хожалығының барлық тараўларын техника, аўысық бөлеклер менен тәмийинлеп қоймастан жаңа жерлер ашыў, ишки жап-салмаларын қазып тазалаў, минерал төгинлер жеткериў менен шуғылланар еди. Жаңадан ашылып атырған Әжинияз атындағы ҳәм «Хорезм» хожалықларында хызмет ўазыйпаларын талап дәрежесинде атқарып, көп мийнетлерин сиңиреди.

Райондағы дийқаншылық ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен 9 хожалықта егис ҳәм жыйын-терим, орып-түйеклеў, туўым мапазларында бузылған механизмлерди оңлаў, аўысық бөлеклер менен тәмийинлеп беретуғын отрядқа жетекшилик еткенде ўақыт пенен санаспай, түнлерде ай-жулдыз, электр жарығында оңлап, иркинишсиз жүргизгенлерин өзинше мақтаныш билер еди.

Соңынан бас инженер, басшы лаўазымларда 11 жыл ислегеннен кейин «Қоңырат» хожалығына басшылыққа жиберилген. Дий­қаншылықты қанша билемен десе де ойласықлы ис тутып, атайы дийқанлардан көп нәрсе үйренеди. Мәселен, Оразбай Омаров ҳәм Қоңыратбай Юсуповлардың ис тәжирийбелери басқа хожалықларда да ен жайдырылады. Оразбай Омаров жерди гүзде еки яруслы «сүйретпе плуг» пенен терең сүргенде ғозапаясын топырақтың астына таслап, минерал төгин сыпатында пайдаланар еди. Атызларды айнадай тегислеп сүриўде өзлерине тән усыллары болған.

Қоңыратбай Юсупов пахта менен қатар от-жемлик ләблеби егип, гектар есабына 100 центнерден зыят өним жетистиреди. Үргеништеги қант заводын ширели ләблеби — шийки зат пенен тәмийинлепти. Хожалықта жерлерин алмаслап егиў бойынша жобалы ислер әмелге асырылғаны менен өнимдарлық 23-25 центнерден аспаса да истен қолын суўытпайды.

Өз ғәрезсизлигимизге ерискен жыллары базар қатнасықларының талапларына муўапық, меншиктиң түрлерине өтип ислегенде «Әдил-К» фермер хожалығын шөлкемлестиреди. Биринши гезекте киши машина-трактор паркин таза механизм ҳәм әсбап-үскенелер менен толықтырып барыўға күш салыўының арқасынан сырттан жәрдем алмай-ақ өз күши менен атқарып шығады.

— Ҳүрметли демалысқа шыққалы хожалықты исенимли қолларға тапсырсам да өзимди шетке алмай, ис жүргизиўши ўазыйпасын атқараман. Сонша жыллардан берги тынымсыз мийнетлерим есапқа алынып, Ғәрезсизлигимиздиң ҳәм II дәрежели «Меҳнат фаҳрийси» көкирек нышанлары менен сыйлықландым.

Ата-бабаларымыздың «Байы­йын десең дийқан бол» деп дурыс айтқанындай, дийқаншылықты берекетли кәсипке санап, истиң көзин билип, ҳадал мийнет еткенлердиң ырысқысы мол болып, мәртебеси асады. Өмирлик жолдасы Бийбажар менен бир ул, бес қызды тәрбиялап өсирип, камалға келтиргеннен гирдикарлы шаңарақтың ийеси.

Ҳәр күни дерлик егислик майданларын айланса, Мәдияр бабасының қутлы қәдемлери тийген, өз қолынан алып қалған қунарлы жерлерин келешек әўладларға сол күйинде тапсырыў жолында пидәкерли мийнет еткен Муратбай Қуденов қуўнақ қәдемлер таслап, бүгинги күнде исленип атыр­ған гүзги-қысқы жумыслары менен таныстырды...

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

СҮЎРЕТТЕ: М.Қуденов.

Автордың түсирген сүўрети.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF