Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:19:03, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЛАСЕТТИ» САТЫЛЫП, ҚАРЫЗ ҚАПЛАНДЫ

Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судының 2020-жыл 17-сентябрьдеги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, жуўапкер Д.Р.дан талапкер Б.Самандаровтың пайдасына 45 мил­лион 669,8 мың сум автотранспорт ушын алдыннан төленген пулы ҳәм 1,8 миллион сум суд қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети Бюроның Беруний районлык бөлими ис жүргизиўине келип түсип, сол күнниң өзинде мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен орынлаў иси қозғатылған.

Атап айтқанда, орынлаў ҳүжжети талапларын ықтыярый орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 15 күнлик мүддет берилген ҳәм қарыздарға мал-мүлклерди анықлаў мақсетинде тийисли мәкемелерге сораўлар жиберилген.

Алынған жуўапларға бола, жуўапкердиң атында болған «Ласетти» маркалы автотранспорты анықланған ҳәм қарыздар Д.Р. тәрепинен орынлаў ҳүжжетиниң талаплары ықтыярый мүддетте орынланбағанлығы себепли «Ласетти» автотранспорты хатлаўға алынған.

Соннан кейин, хатланған автотранспорт 65 миллион 746,2 мың сум басланғыш баҳасы менен      «Е-IJRО AUKSION» электрон-онлайн аукцион саўдаларына шығарылып сатылған.

Сатыўдан түскен қаржылар талапкер Б.Самандаровқа толығы менен өткерип берилип, орынлаў ҳүжжети Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының 41-статьясына тийкарланып, ис өз жуўмағына жеткерилди.

 

А.РЎЗМЕТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF