Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:55:04, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕЛИОРАЦИЯ: ЖАҢА ҚУРЫЛМАЛАР ОРНАТЫЛМАҚТА

Ҳәммемизге белгили, суў ресурс­ларынан нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелердиң бирине айланбақта.

Президентимиздиң 2020-жыл 5-декабрьдеги «Қарақалпақстанда суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағ­дайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда ирригация ҳәм мелиорация тармақларын реконструкциялаў, суўдан үнемли пайдаланыў бойынша бир қатар нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Қарақалпақстан ирригация тармақларын раўажландырыў, суў­ғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бо­йынша мәнзилли жойбарлардың әмелге асырылыўы белгиленген. Нәтийжеде соңғы үш жыл ишинде бир қанша жерлердиң суў менен тәмийинлениўи жақсыланды. Күшли шорланған майданлар азайып, жерлердиң мелиоративлик жағдайын турақлы сақлаўға ерисилди.

Ҳәзирги ўақытта республикамызда суў хожалығы объектлерин қурыў, реконструкциялаў, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын кеңнен енгизиў, суў ресурслары ҳәм электр энергиясынан пайдаланыўдың автоматлас­қан қадағалаўын жолға қойыў, сондай-ақ, суўғарылатуғын жер майданларын суў менен исенимли тәми­йинлеў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы жумыслар орынларда избе-излик пенен алып барылмақта. Мәселен, 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги қурамындағы  Насос станцияларында электр энергиясынан пайдаланыўда санлы технологиялар жәрдеминде «онлайн» режиминде бақлаўды енгизиў қарарда белгиленген болып, бул бойынша 400 насос станциясында электр энергиясын пайдаланыў, қадағалаў жолға қойылып, 65 дана суў өлшеў қурылмалары да орнатылды.

— Быйыл 327 дана «онлайн» электр есаплағышлар және 52 дана суў сарпын есаплаўшы қурылмалардың орнатылыўы режелестирилген еди. Ал, бүгинги күнге келип булардың барлығын толық орнаттық. Бул үскенениң абзаллықларының бири, мәселен, басқармамызда отырып тийисли есап-китаплар жүргизип барылады. «Онлайн» ақыллы суў есаплағышларды орнатыў болса, бул насос станцияларынан шығарылып атырған суўларды толық ҳәм анық есаплаў имканын береди. Бул дегени, сол белгиленген лимиттеги суўды алдынғылардай гидропостлар арқалы есаплап жүриў шәрт емес, ал, азанда, түсте, кеште белгили ўақытларда есап-китабы алып барылады. Буннан тысқары, бул есаплағышлар Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң тийкарғы базасына киргизилген болып, ол жерде тийисли қәнигелер узақ аралықтан насос станцияларының ислеў режимин бақлап барады. Насос станцияларымыздың 140 данасын аралық оңлаў жумыслары режелестирилген еди. Бүгинги күнде реже тийкарында 123 дана насос агрегатлары толық сапалы оңлаўдан шығарылып, усы шор жуўыў мәўсиминдеги суўғарыў жумыслары үзликсиз алып барылмақта. Насос станцияларын мәмлекетлик — жеке меншик шериклигине бериў бо­йынша 2021-жылы 18 дана насос станцияларымызды жеке меншик шерикликлерге бериў режелестирилген еди. Бүгинги күнде бул жумыслар толық жуўмақланып ҳәм есап-китаплар жүргизилип, жеке меншик шерикликлерге тапсырылмақта, - дейди Насос стан­циялары ҳәм энергетика басқармасы баслығының орынбасары Нийет­бай Аралбаев.

«Онлайн» бақлаўды жолға қо­йыўдың абзаллығы сонда, насос арқалы шығып турған суўдың көлеми ҳәм бул ушын сарпланатуғын электр энергиясы анық есап-китабын дурыс жүргизиў имканиятын жаратады. Бул болса, тутыныўшыларға суў жеткерип бериўде үлкен әҳмийетке ийе. Енди дийқан ҳәм фермерлер суў жолларын ўақтында тазалаўдан, сондай-ақ, атызларды тексериўден мәпдар болады. Соның менен бирге суўды үнемлейтуғын технологиялардан нәтийжели пайдаланыў бойынша да усы жылы 10512 гектар майданға тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў мақсетинде коммерциялық банклерден 194 млрд. сум муғдарында қаржы өзлес­тирилип, аўыл хожалығы өнимлери жетистирилетуғын 21 мың гектардан аслам майданлар лазерли қурылма жәрдеминде тегисленди.  Айтып өтиў орынлы, жерлердиң мелиоративлик жағ­дайын, жер асты суўларының қәддин ҳәм жерлердиң шорланыў дәрежесин бәрқулла бақлап барыў аўыл хожалығында айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, жер асты суўлары көтерилсе бул жерлердиң шорланыў дәрежесиниң артыўына, ақыбетинде зүрәәттиң кемейиўине алып келеди. Сонлықтан да, бул мәселеде бақлаў зәрүр. Енди болса, бул мәселеде де автоматластырылған бақлаў жолға қойылмақта. Бүгинги күнге келип 132 бақлаў қудықлары қазылып, оларда санлы қурылмалар орнатылды. Соңғы ўақытлары каналлардан ағып турған суўдың да есабын жүргизиўде заманагөй имканиятлар жаратылмақта. Қубла Кореяның KО8CА жойбары шеңберинде усы күнге санлы қурылмалар 152 объектке қурылды. Бул арқалы суўдың қәддин аралықтан турып бақлаўға болады. Республикамыз районларында жергиликли бюджет есабынан ирригация системаларын оңлаў ҳәм қайта қурыў жумысларына қаржылар ажыратылмақта. Быйылғы жылдың өзинде тийисли шөлкемлер тәрепинен 415,4 км узынлықтағы ирригация тармақлары тазаланып, 304 гидроқурылма, 198 гидропост ҳәм 156 насос станциялары оңлаўдан шығарылды. Бир ғана Хожели районының өзинде быйыл 68,8 км оңлаў ҳәм қайта қурыў жумыслары орынланды. Усы жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 275 гектар суў­ғарылатуғын майданлардың жер асты суўлары өз муғдарына түсирилип, 961 гектар жердиң мелиоративлик жағдайының жақсыланыўына ерисилди. Ең баслысы, бул арқалы суўды басқарыў пайытларында инсан факторын кемейттириў, суўдың техникалық жоқ етилиўиниң алдын алыў, суўдан белгиленген лимит тийкарында пайдаланыў ҳәм де суўды оператив басқарыў имканияты жаратылады.

Әлбетте, пүткил дүнья жүзинде машқалаға айланып атырған суў там-тарыслығында бундай жумыслардың әмелге асырылыўы тийкарында аймақлардағы суў  тәмийнаты жақсыланып, аўыл хожалығында алынатуғын өнимдарлықтың артыўына, ең тийкарғысы, халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: қурылмаларды орнатыўдан көринис. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF