Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:19:35, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУРНАЛИСТЛЕРДИҢ БАСҚОСПАСЫ КЕСКИН СЫН РУЎХЫНДА ӨТТИ

Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Жәмийет ҳәм ғалаба хабар қураллары» атамасында аймақлық семинар болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, оның Қарақалпақстан бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға республикамыздан ҳәм Хорезм ўәлаятынан ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер қатнасты.

Илажда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы Олимжан Усаров, аўқамның Хорезм ўәлаяты бөлиминиң баслығы Уктам Матқурбанов, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Бахамдулла Нурабуллаев шығып сөйлеп, бүгинги глобалласыў дәўиринде ғалаба хабар қуралларының алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар, ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў, дөретиўшилик аўқам ҳәм оның орынлардағы бөлимлериниң жумысларын бүгинги күнниң талабында жетилистириў мәселелерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған реформалар процесинде ғалаба хабар қураллары тараўында да түпкиликли өзгерислер жүз бермекте. Президентимиз Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўында, бәрҳә жаңалық излеп, оған умтылып жасайтуғын, жәмийетте жүз берип атырған әҳмийетли өзгерислер, идея ҳәм басламалардың мазмун-мәнисин адамларға оператив ҳәм қалыс жеткеретуғын, турмыстың қайнаған нуқталарына батыл кирип баратуғын тараў хызметкерлериниң елимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўына қосып атырған үлесине айрықша тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, өтиў дәўири менен байланыслы себеплер пенен бүгинги күни бир қатар басылымлардың қаржылай жағдайы қыйын болып қалмақта. Усы машқалаларды үйрениў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен орынларда «Жәмийет ҳәм ғалаба хабар қураллары», «Журналистика әдеби» сыяқлы әҳмийетли темаларда семинарлар, дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилмекте.

Елимизде ғалаба хабар қураллары жумысының нәтийжелилигин арттырыў, журналистлердиң машақатлы мийнетлерин ҳәр тәреплеме хошаметлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Деген менен усындай машақатлы күнлерде тараў хызметкерлериниң тиккелей қоллап-қуўатлаўшысы есапланған Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан бөлиминиң  жумысларында елеўли кемшиликлердиң орын алып атырғаны, бөлиминиң жумысларын сын көзқарастан қайта қарап шығып, тийисли шөлкемлестириў илажларын көриўди талап етпекте.

Илажда республикалық, қалалық ҳәм районлық, тараўлық газеталардың мазмуны менен сапасын жақсылаў, оларға жазылыўды шөлкемлестириў, ўақтында оқыўшыларға жеткерип бериў бойынша пикир алысыўлар болды.

Аймақлық семинар жуўмағында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жумыс алып барып атырған 18 газета редакциясына «Yurida-Orfo» бағдарламасының сертификатлары бийғәрез жәрдем сыпатында берилди.

Күнниң екинши ярымында илаж қатнасыўшылары «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде Нөкис қаласында шөлкемлестирилип атырған «Жаңа Өзбекстан» бағына жақсы нийетлер менен терек нәллерин екти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF