Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:03:36, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АБАТ АЙМАҚҚА АЙЛАНБАҚТА

Соңғы ўақытлары  мәмлекетимиз бойлап аймақларды комп­лексли социал-экономикалық раўажландырыў, халықтың жасаў жағдайларын жақсылаў, турмысына сезилерли дәрежеде өзгерислер алып келиў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Аймақларды секторларға бөлип исленетуғын жумыслардың шөлкемлестирилиўи халық пенен мәнзилли байланыслардың орнатылыўын тәмийинлейди. Мәмлекетимизди социал-экономикалық, социал-сиясий раўажландырыўда биринши нәўбетте, аўылларда жасаўшы халықтың жасаў шараятын жақсылаўға итибар қаратылды. Орынларда аўылларды оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Тақыятас районында да «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасына тийкарланып еки аймақта, яғный, «Нурлы келешек» МПЖ ҳәм «Сарайкөл» АПЖ аймақларында қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Бағдарламаға муўапық режелестирилген жумыслардың өз ўақтында сапалы орынланыўын тәмийинлеў  мақсетинде сектор басшылары менен биргеликте қадағаланып, нәтийжели орынланыўы тәми­йинленди.

Бул еки аймақта да бағдарлама тийкарында электр тармақларын тартыў, трансформатор пунктлерин орнатыў, жаңа электр бағаналарын, тозыўы жеткен электр линияларын өзгертиў, пиядалар жолларын қурыў, түнги жақтыландырыў, ишки автомобиль жолларын оңлаў, ишимлик суў ҳәм газ тармақларын тартыў бойынша жумыслар әмелге асырылды. Әсиресе, балалардың спорт пенен шуғылланыўы, мәдений дем алыўына еле де қолайлылық жаратыў мақсетинде «Нурлы келешек» МПЖ аймағындағы «Шов аўыл» ҳәм «Сарайкөл» АПЖ аймағындағы «Филланой» елатлы пунктлерине балалар майданшасын қурыў ушын баҳасы 32 млн. сумлық жумыслардың алып барылыўы режелестирилген болса, бүгинги күнге келип толығы менен орынланыўы тәмийинленди. Сондай-ақ, бул еки аймақ елатлы пунктинде узынлығы 0,2 км болған пиядалар жолларының қурылысы әмелге асырылды. «Нурлы келешек» МПЖ аймағында 3,2 км, ал, «Сарайкөл» АПЖда ишки хожалық жолларын оңлаў, 2,9 км узынлықта тас-қум араласпасы төселип, жоллар жақсыланды.

Айтып өтиў керек, бүгинги күнниң әҳмийетли машқалаларының бири, бул ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў болып,  «Сарайкөл» АПЖ аймағында 1 дана ишимлик суў бөлистириў имаратын қурыў бойынша жойбар баҳасы 262 млн. сумлық  жумыслардың алып барылыўы режелестирилип, имараттың қурылыс жумыслары басланып, жер астын бурғылаў ислери толық жуўмағына жеткерилди.  40 проценттен аслам жумыслар әмелге асырылды ал, «Нурлы келешек» МПЖда баҳасы 828 млн. сумлық 7,2 км узынлықтағы  суў тармақлары тартылып жумыслардың сапалы орынланыўына ерисилди.  Және де Сарайкөл АПЖ  аймақ жасларының заманагөй имаратларда тәлим-тәрбия алыўы ушын 21-санлы мектеп имаратының  жойбар баҳасы 1 млрд. 815 млн. сум болған оңлаў жумыслары «KАRАKАLPАK WINDOWS» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылып, бул қурылыс жумыслары да жуўмақлаўшы бас­қышына жетти. «Нурлы келешек» МПЖ аймағындағы «Нурлы келешек» МПЖ ҳәкимшилик имаратының қурылыс ҳәм оңлаў жумысларына баҳасы 617,8 млн. сумлық қаржы ажыратылып, нәтийжели орынланыўына ерисилди.    

Қулласы, бул еки аймақтағы әмелге асырылған бундай қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларынан аймақ халқы миннетдар. Ең баслысы, бурынғы аймақ   пүткиллей әжайып абат аймаққа  айланды. Аймақлардың бундай жаңаша көриниске ийе болыўы, инфраструктурасының қәлиплесиўи, халықтың турмыс шараятын анағурлым унамлы тәрепке өзгертип, разы болып жасаўды тәмийинлемекте.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: аймақлардың жаңа көринислери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF