Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:25:38, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙДЫН КЕЛЕШЕГИМИЗ ҲӘМ ӨЗЛИГИМИЗ ТЫМСАЛЫ

Нөкис қаласының орайлық майданында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған байрам илажы болып өтти.

Лот №7350665 Флаг | Shop

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтния­зов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан Халық жазыўшысы К.Каримов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздиң тарийхындағы қутлы сәне-мәмлекетлик байрақ ҳаққындағы Нызам қабыл етилгениниң 30 жыллығы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир байрақ сол мәмлекеттиң ең баслы нышанларының бири болып есапланады. Соның ушын да, байрақ муқаддес болып табылады.

Президентимиздиң басламасы менен жаңаланып атырған Өзбекстанда жаслардың руўхый дүньясын ба­йытыў, оларды уллы баба­ларымыз­ға мүнәсип, Ўатанды сүйиўшилик  руўхында тәрбиялаўға, ар-намыслы, садық инсанлар етип тәрбиялаўға, соның менен бирге, олардың терең билим алыўлары, кәсип өнер ийелеўи ушын барлық имканиятлар жаратылмақта.  Өсип киятырған әўладта ийгиликли инсаныйлық пазыйлетлерди тәрбиялаўда мәмлекетлик нышанларымыз айрықша әҳмийетке ийе. Сонлықтан да, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни, герби ҳәм байрағы қабыл етилген күн ҳәр жылы  үлкен байрам сыпатында белгиленип келинбекте.

Бәршеңизге мәлим, Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 1991-жылы 18-ноябрьде болып өткен гезексиз  V88 сессиясында «Мәмлекетлик байрақ ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Байрағымыз гимнимиз, гербимиз сыяқлы еркинлигимиз, мақтанышымыз, айдын келешегимиз ҳәм өзлигимиздиң тымсалы болып табылады.

Байрағымыз Өзбекстан деле­гация­сының сырт еллерге сапары ўақтында, халықаралық майданлардағы түрли илажларда, спорт жарысларында елимиздиң белгиси сыпатында бәлент желбиреп келмекте. Мәселен, халық­аралық спорт жарысларында  жеңиске ерискен спортшыларымыздың ҳүрметине мәмлекетимиздиң байрағы көтерилген ўақытта ҳәр биримиз тәсирленип, ҳеш кимнен кем емес екенлигимизден қуўанышқа бөленемиз. Сонлықтанда, халқымыздың өтмишин, бүгинги күнин ҳәм айдын келешегин өзинде жәмлеген байрағымыз инсанларды ҳәмийше кәмилликке ҳәм бахытқа жетелеўши күшке ийе.

Байрам қатнасыўшыларына көр­кем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агент­лигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF