Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:02:48, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫ ЖИГЕРЛИЛИККЕ ЖЕТЕЛЕЎШИ ШӨЛКЕМ

Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми 1991-жылы 23-ноябрьде шөлкемлестирилип, бүгинги күнде шөлкемниң 30 жыллығы байрамын кең түрде белгилеў мақсетинде таярлық жумыслары қызғын баслап жиберилди.

Ҳәзирги ўақытта шөлкемниң қурамында 1 орайлық ҳәм 14 аймақлық Кеңеслер бар болып, оларда жәми 211 мәкемелер бар. Бул мәкемелерде 6388 хызметкерлер мийнет етпекте. Сондай-ақ, шөлкемге қараслы 258 басланғыш шөлкемлерде болса 130 мыңнан аслам ағзалары бар. «Ватанпарвар» шөлкеми тийкарынан 3 бағдарда жумыс алып барады.

Биз жақында «Ватанпарвар» шөлкеминиң 30 жыллығы байрамы мүнәсибети менен Хожели районында хызмет сапарында болып, Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси қурамындағы Хожели районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубы хызметкерлериниң жумыс барысы менен жақыннан таныстық.

Хожели районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубында ҳәзирги ўақытта 23 хызметкер мийнет етпекте. Оқыў ҳәм спорт-техника клубы балансындағы 6 жүк ҳәм 12 жеңил автомобильлердиң барлығы да заманагөй техникалар болып, техникалық жақтан саз жағдайда. Сондай-ақ, жеңил автомобильлердиң дүзилиси ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў, жүк автомобили дүзилиси, жол ҳәрекети қағыйдалары, автотранспорт қуралларын қәўипсиз бас­қарыў ҳәм ҳәрекет қәўипсизлиги тийкарлары оқыў ханалары заманагөй парта-стуллар, көргизбели ҳәм элек­трон оқыў қураллары, компьютер ҳәм электрон тахталар, қала көриниси, светофор макетлери, жол белгилери көргизбе қураллары ҳәм оқыўшыларға сабақ барысында пайдаланылатуғын жүк ҳәм жеңил автомобильлердиң двигательлери менен толық тәмийинленген. Буннан тысқары, жәмәәт ағзалары тәрепинен бүгинги күнде талап жоқары болып атыр­ған спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерине айдаўшылық оқыў курсларында оқып атырған оқыў­шыларды тартыў бағдарында да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айт­қанда, жаз­ғы биатлон, дуатлон ҳәм пневматикалық мылтықтан оқ атыў спорт секциялары шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде 50ден аслам жаслар тәжирийбели тренер Мурат Байбосыновтың басшылығында шынығыўлар алып бармақта. Оның таярлаған шәкиртлери районлық ҳәм республика көлеминде өткерилген спорт жарысларында сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Хызмет сапарымыз даўамында биз усы оқыў ҳәм спорт-техника клубының бас қәнигеси Маҳсуда Аминова менен сәўбетте болдық. Ол бизге быйылғы жылда жәмәәт ағзалары тәрепинен исленген жумыслар бойынша төмендегилерди айтып берди:

— Оқыў ҳәм спорт-техника клубымыз жәмәәти ағзалары тәрепинен быйыл­ғы жылда халқымызды, әсиресе, жасларымызды әскерий ўатансүйиўшилик ҳәм Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларды спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерине кеңнен тартыў ҳәм ғалабалық техникалық кәсиплерге таярлаў бағдарында бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳәм районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими менен биргеликте көплеген руўхый-ағартыўшылық илажлары өткерилди. Әҳмийетли сәне — «Ватанпарвар» шөлкеминиң 30 жыллық байрамына бағышланып өткерилген бундай илажлар жасларымыздың қәлбинде ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўдеги орны айрықша болмақта. Буннан тысқары, оқыў клубымызда халық хожалығына керекли жүк ҳәм жеңил автомобильлерин айдаўшы қәнигелерди таярлап бериў бағдарындағы жумысларымыз ҳақ­қында да атап өтетуғын болсақ, жыл басынан бүгинги күнге шекем 300 оқыўшы автомототранспорт айдаўшылар таярлаў курсымызға ҳүжжетлерин тапсырған болса, соннан бүгинги күнге шекем 250 оқыўшы оқыўды тамамлап, айдаўшылық гүўалықларына ийе бол­ды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, районымыздағы «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген шаңарақлардың перзентлерин айдаўшыларды таярлаў оқыў курсларында жеңилликли түрде оқытыў жолға қойылып, бир қатар социаллық жәрдемге мүтәж жасларымызға айдаўшылық гүўалықлары берилди. Жәмәәтимизде бүгинги күнде көп жыллық ис-тәжирийбесине ийе оқытыўшылар, әмелий басқарыўды үйретиўши усталар ҳәм өз кәсибине терең меҳир қойған спорт усталары жумыс алып бармақта. Жуўмақлап айтқанда, оқыў ҳәм спорт-техника клубымызда оқыўшы жаслар айдаўшыларды таярлаў оқыў курсларында оқып, айдаўшылық гүўалықларына ийе болыў менен биргеликте спорт секцияларында спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери менен шуғылланып, район ҳәм республика көлеминдеги спорт жарысларына қатнасыў имканиятларына да ийе болады.

Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң теңлеси саналған Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми атап өтилген кең көлемли жумыслардан тысқары келешекте халқымызға буннан  басқа да ҳәр тәреплеме пайда келтириўи күтилип атырған және де көплеген жойбарларды әмелге асырыў нийетинде.    

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Хожели районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Хожели районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубы жумысы барысынан көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF