Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:46:59, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМҒА ҚАЙШЫ ҲӘРЕКЕТ ЖАЗАСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

Ҳәр қандай жағдайда да туўылып өсип, сол елде жасап атыр­ған инсан өз елиниң Конституциялық ҳуқықларына, белгиленген мәжбүриятларына бойсыныўы шәрт. Егер, оннан шетлеп өтип нызамға қайшы ҳәрекет ислесе, әлбетте, жазаға тартылары анық. Сол ушын, өз ҳуқықыңды, өз жуўапкершилигиңди билгениң ҳәм оған әмел еткениң дурыс болады.

Усы жылы жаз айларында Тақыятас районы Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген илаж даўамында пуқара О.А.ның уялы телефоны тексерилгенде онда диний мазмундағы мағлыўматлар «You Tube» бағдарламасы жәрдеминде жайластырылып, басқа шахсқа жиберилгенлиги анықланған. Оның бул жынаятлы иси Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судының мәжилислер залында қаралды ҳәм қылмысына ылайық жаза тайынланды.    

Жаза шаралары — бул инсанды дурыс жолға салыў ушын бағдарлаў болады. О.А.ның бул қылмысынан жуўмақ шығарыўы өзине пайлы екенлиги бәршеге түсиникли.

Б.ТӨРЕЕВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF