Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:52:38, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ШОҚҚЫЛАРҒА КӨТЕРИЛМЕКТЕ

Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңесине қараслы Беруний районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубында халық хожалығының ҳәр түрли тараўлары ушын тәжирийбели айдаўшылар таярланып келинбекте.

Усы жылдың өткен айлары даўамында «В», «ВС», «С», «СЕ» ҳәм «Д» категориясы бойынша 346 айдаўшы қәнигелер таярланды. Усы күнлерде және бирнеше топарларда 100 болажақ айдаўшыларымызға оқыў-шынығыўлары алып барылмақта. Болажақ айдаўшылардың тәжирийбесин арттырыўда, теориялық билимлерин әмелий тәрептен сынап көриўде оқыў орнында тәжирийбели, өз кәсибиниң усталары ҳәм қәнигелер айдаўшыларға автомобильлердиң дүзилиси ҳәм оннан пайдаланыў усылларын үйретип, олардың пуқта билим ийелеўи ушын сабақлар алып бармақта. Жаслар ең соңғы информация технологиялары қураллары менен үскенеленген оқыў ханаларында сабақлар өтип, оқыў орнында жаратыл­ған шараятлардан өнимли пайдаланбақта.  «Жаслар дәптери»не киргизилген 24 оқыўшы биринши бас­қышта жеңилликли түрде бийпул оқып, айдаўшылық гүўалығына ийе болды. Ҳәзирги ўақытта екинши бас­қышта 24 айдаўшы «ВС» категориясы бойынша жеңилликли түрде оқытылмақта. «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардан: Ж.Файзуллаев, С.Ибрагимов, Ш.Саидахмедова, Г.Бермахановалар «Оқ атыў» спорт түри бойынша  районда өткерилген Қарақалпақстан Республикасы бириншилигинде жеңимпаз болып, мүнәсип сыйлықланды. Усы жарыстың жуўмақлаўшы басқышы Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында болып өтип, онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында болып өткен басқышларында жеңимпаз болған ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турған айдаўшылықта жеңилликли түрде оқып атырған спортшы жаслар өз-ара күш сынасты. Қуўанарлы тәрепи, усы абырайлы жарыста Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасының спортшылары да мүнәсип қатнасып, Беруний районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубы ағзалары Гүлмира Бермаханова пневматикалық мылтықтан, Шаҳида Саидахметова пневматикалық пистолеттен оқ атыў жарысларында биринши орынды ийелеп, жеңимпаз атанды. Олар Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Орайлық Кеңеси тәрепинен 1 млн. сум муғдарында ақшалай сыйлық ҳәм Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

«Жаслар дәптери»не дизимге киригизилген жаслардың қатнасыўында «Исбилерменлик ҳәм жаслар», «Жетискенликлерге ерисиў сырлары», «Өмир машақатлары ҳәм оларды психологиялық жеңиў усыллары», «Жаңаланып атырған жәмийеттеги жаслардың орны» атамаларында тараў қәнигелери менен биргеликте семинар-тренинг ҳәм ушырасыўлар өткерилип барылмақта. Бундай жумыслардың көлемин және де кеңейтиў мақсетинде шөлкем ағзалары, Жаслар ислери агент­лигиниң районлық бөлими, Өзбекстан Республикасы руўхый-ағартыўшылық Орайының районлық бөлими, районлық ИИБ ҳәм Қорғаныў бөлими хызметкерлери менен биргеликте әскерий-ўатансүйиўшилик илажлары турақлы өткерилип барылмақта. Сондай-ақ, ҳәр түрли бағдардағы спорт жарыслары ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлары да жаслардың қатнасыўында турақлы түрде шөлкемлестирилип барылмақта. Әлбетте, бундай илажлар жасларымызды пайдалы ҳәм ғалаба ўатансүйиўшилик ислерине көбирек тартыўда үлкен әҳмийетке ийе. Олар менен туўрыдан-туўры сәўбетлесиўлер даўамында биреўлери айдаўшылық гүўалығына ийе болғаннан кейин автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў орынларын ашыў мақсети бар екенлигин айтса, тағы биреўлери шөлкемде айдаўшы болып жумыс ислеўди, тағы биреўлери жеке тәртипте хызмет көрсетиў, халыққа такси хызметин көрсетиўди яки кәрхана ашыўды режелестирип қойғанын айтады.

Жуўмақластырып айтқанда, олар келешекте өз шаңарағын материаллық жақтан толық тәмийинлеў ушын жетерлише имканиятқа ийе болғанынан қуўанышлы екенин айтып өтеди.

Шерипбай МАТСАПАЕВ,

«Ватанпарвар» шөлкеминиң Беруний районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF