Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:57:29, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КАДРЛАР ТАЯРЛАЎДА ЖАҢАША БАСҚЫШ

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери системасындағы руўхый-ағартыўшылық ислер нәтийжелилигин арттырыў бойынша қабыл етилген Концепцияны әмелге асырыў шеңберинде ҳәр тәреплеме раўажланған, билимли, халқына, Ўатанына садық  хызмет ете алатуғын жасларды тәрбиялаў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-июнь күнги «Жас өспиримлерди әскерий Ўатан­сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм  Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери ҳәм мәмлекет хызмети ушын кадрлар резервин таярлаў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Миллий гвардия қурамына  жаңа түрдеги «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлери бекитилип берилди.

Соның ишинде, Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине бириктирилип, оқыў орны 2020-2021-оқыў жылынан баслап шөлкемлестирилди.

«Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлери шөлкемлестирилиўиниң тийкарғы мақсети оқыўшы-жасларды халқымыздың руўхый қәдириятларына, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине терең ҳүрмет руўхында, оларда Ўатансүйиўшилик, садықлық ҳәм пидәкерлик сыяқлы сезимлерди қәлиплестириў, сондай-ақ, халқымыздың бай тарийхы, уллы ата-бабаларымыз, ең әўеле Әмир Темур бабамыздың  бийбаҳа мийрасы, Ўатан азатлығы ҳәм абаданлығы жолында өз жанларын қурбан еткен Ўатанласларымыздың қаҳарманлығы тийкарында, халқымызға садық, турмыслық көзқарас ҳәм белсенди пуқаралық позициясына ийе жасларды тәрбиялаўдан ибарат.

«Темурбеклер мектеби»не усы жылы улыўма билим бериў мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеп-интернатларының 9-класын тамамлағанлығы ҳаққындағы аттестатқа ийе, денсаўлық жағдайы бойынша  оқыўға жарамлы деп табылған, әдиллик ҳәм әшкаралық принциплерине тийкарлан­ған  таңлаўларынан табыслы өткен, Өзбекстан Республикасының оқыўшы жаслары қабыл етиледи. 

Бүгинги күнде лицейде жәми 80 жумысшы ҳәм хызметкерлер, 23 педагог-оқытыўшылар жумыс алып бармақта. (Соннан 16 әскерий хызметкерлер).

2021-2022-оқыў жылы ушын академиялық лицейге республикамыздың барлық аймақларынан дәслепки, әскерий-кәсиплик ҳәм жуўмақлаўшы тест сынақларынан табыслы өткен жәми 100 талабан оқыўшылар қатарына қабыл етилди, ҳәзирги ўақытта социал-гуманитар пәнлер ҳәм анық пәнлер жөнелислери бойынша ҳәр бири 25 оқыўшыдан ибарат төрт академиялық топарларға бөлинген. 

Лицейде 200 орынлық жатақхана  болып, 1 ҳәм 2-курс оқыўшылары ушын жатақханалар бөлек имаратларда жайласқан.  Буннан басқа 200 орынлық асхана хызмет көрсетип, лицей оқыўшылары 4 мезгил ыссы аў­қат пенен тәмийинленген.

Сондай-ақ, химия, физика ҳәм биология лаборатория ханалары, компьютер класы, спорт зал, мәлимлеме  ресурс орайы менен электрон китапхана оқыўшылар ық­тыярында.

  Ең итибарлысы академиялық лицей 100 процент интернет тармағы менен тәмийинленген.

Тастыйықланған үлги оқыў режесине тийкар бағдарлар бойынша тарийх, ана тили ҳәм әдебияты,  инглис тили, математика, физика ҳәм ҳуқықтаныў пәнлери тереңлестирилген пәнлер сыпатында оқытылады.

Ҳәзирги ўақытта оқыўшы-жасларымызға Өзбекстан Республикасы Қор­ғаныў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар  министрлиги, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минис­трликлериниң қоспа қарары тийкарында таңлаўдан табыслы өткен 23 тәжирийбели педагог хызметкерлер тәлим-тәрбия берип келмекте.

Академиялық лицейдиң материаллық-техникалық базасы ең соңғы заманагөй әсбап-үскене ҳәм техникалар менен тәмийинленген болып, бул жасларымыздың келешекте заман талапларына cай тәлим-тәрбия алыўлары менен бирге, бабамыз Әмир Темур айт­қанF «Нызам үстинлиги бол­ған жерде еркинлик те болады» -деген бийбаҳа пикирлери негизинде халқымыздың тынышлығы менен мәмлекетимиз қәўипсизлигин тәми­йинлеў, пуқараларымыздың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында дәслепки билим ҳәм көнликпелер бериў сыяқлы ўазыйпалар баслы бағдар етип белгиленген.

Қ.ДЖУМАНИЯЗОВ,

ИИМ Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи кафедра баслығы.

СҮЎРЕТТЕ: лицей турмысынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF