Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:02:16, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕЛЕФОНДАҒЫ НЫЗАМСЫЗ ФАЙЛЛАР

Тақыятас районының турғыны Ж.А.ның бир перзенти бар. Өзи жумыссыз болғанлықтан Россия Федерациясында мәўсимлик жумысларда  2019-жыл 30-июльден баслап 26-декабрьге шекем ислеп жүрип, уялы телефон аппаратына «YouTube» видео-хостинг  бағдарламасынан пайдаланып, диний мазмундағы видеофайлларды сақлап жүрген.

Ол өз үйине қайтарда «Мос­ква-Нөкис» жөнелисли авиарейс пенен Россиядан Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласына «Нукус» халықаралық аэропорты шегара өткериў пункти арқалы жасырын шегара пос­тынан алып өткен.

2020-жыл 17-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен өткерилген «Тўсиқ» қоспа илажы даўамында Ж.А.ның уялы телефоны тексерилгенде бул жынаятлы ис ашылды ҳәм Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 246-статья­сы 1-бөлими менен айыплы, деп табылды.

Солай етип, аңламай басыл­ған қәдем Ж.А. ушын қымбатқа түсти. Лекин, бул қәдем оған келешекте сабақ болып, тәкирарламаўға ҳәрекет етеди, деген исенимдемиз.

ЖАЗАДАН ЖУЎМАҚ

Турмыста билип-билмесликтен көп кеўилсиз ўақыяларға да дуўшакерлесесиз. Бундайда пушайман болған менен жынаят жүз берип өткен соң жазасыз қалыўы мүмкин емес. Соның ушын да, ўақыт — шарасыз деп тегиннен айтылмаған.

Үш перзенттиң әкеси, берунийли А.Х. 2019-жылдың 30-июлинен 2020-жылдың 28-февралына шекем Россия Федерациясы аймағында талап ислеў ушын болғанында қолындағы уялы телефоны аппаратындағы «YouTube» видео-хостинг бағдарламасынан пайдаланып, 10 минут 15 секундлық диний мазмундағы файлды өзи тамашалап болып, «Библиотека» папкасы «История» бөлиминде сақлап жүрген. Және де Интернет дүнья жүзилик тармағынан пайдаланып, МР4 форматындағы «Абдуллоҳ Домланы жылатқан 15 жаслы бала — еситиң» атамасындағы диний мазмундағы файлды жүклеп алып, усы телефон аппаратының ишки ядына сақлап қойған.

Ол 2020-жыл 28-февраль күни Россия Федерациясы аймағынан Қазақстан Республикасы арқалы «Даўыт ата» постынан Өзбекстан Республикасына контрабанда, яғный, бажыхана тексериўинен жасырын өткерген. Бул жағдай 2020-жыл 21-май күни Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен анықланып, белгиленген тәртипте рәсмийлестирилди ҳәм оның жынаятлы ис-ҳәрекетине нызамда белгиленген жаза шаралары қолланылып, ҳүким шығарылды. 

А.Х.ның алдағы ўақытларда бул жаза шараларынан жуўмақ шығарып, үлгили минез-қулық, тәртип-интизам менен көзге түсип, үш перзентиниң келешеги ушын жуўапкер екенлигин сезинеди, деген нийеттемиз.

Б.ТӨРЕЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF