Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:50:29, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДӨРЕТИЎШИЛИК МЕКТЕБИНДЕ  ТЕСТ СЫНАҚЛАРЫ БОЛЫП ӨТТИ

Нөкис қаласындағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң 7-класына 2021-2022-оқыў жылы ушын билимли, қәбилетли оқыўшыларды қабыл етиў мақсетинде кириў имтиханларының екинши басқышы, яғный тест сынақлары болып өтти.

Елимизде жаслардың қәбилетлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың илим-билим ийелеўге бол­ған умтылысларын қоллап-қуўатлаў, талантын жүзеге шығарыў, үзликсиз билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўге айрықша әҳмийет берилмекте.

Президентимиздиң басламасы менен ашылған Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң таңлап алыў имтиханлары еки басқышта әмелге асырылды. Биринши басқышта Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамлары менен биргеликте талабанлардың дөретиўшилик қәбилети жазба ҳәм аўызша үйренилди. Екинши басқышта болса, Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте ана тили ҳәм әдебияты, инглиc тилинен тест сынақлары өткерилди.

— Халық дәстанларына, көркем әдебиятқа болған қызығыўшылығым мени Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине жетелеп келди,-дейди Мойнақ районынан Рамазан Бахиев. —Әрманым усы мектепте билим алып, дөретиўшилигимди даўам еттириў.

Дөретиўшилик мектебинде кириў имтиханларында жәми 93 оқыўшы қатнасты. Олардың арасынан ең билимли ҳәм қәбилетли деп табылған 12 оқыўшы 7-класс­қа қабыл етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF