Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:25:03, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИРИНШИ ҚАРАҚАЛПАҚ АРХЕОЛОГ ҲАЯЛЫ

Жәмийетимизде ҳаял-қызлардың тутқан орны жоқары саналады. Олар елимиздиң барлық тараўларында белсендилик етип келмекте. Кимиси муғаллим, кимиси шыпакер, айырымлары аўыл хожалығы пидайылары, базыбиреўлери өнермент, гейпаралары экономика, бизнес, және биреўлери саўда ислери қәнигелери ҳәм тағы басқа.

Қарақалпақ халқы өзиниң әййемги Массагет дәўириндеги батыр, мәрт Тумарис ана менен, өткен өтмиштеги Ерназар батырдың анасы Қумар аналық пенен мақтанады, бәрқулла мысалларға қосып тәрийп етеди. Ал, дүнья жүзи цивилизациясын есапқа алғанда, Валентина Терешкова ҳаял-қызлар арасында космосқа биринши пәрўаз еткен космонавт сыпатында баҳаланады. Ол ҳаял-қызлар арасында өзиниң дәўжүреклиги менен ажыралып турады. Илимде археология да усындай мәртликти, мийнеткешликти талап ететуғын тараўлардың бири. 

Биз сөз етпекши болған Айсулыў Искендерова — археолог. Таптыңыз, оғада машақатлы кәсип ийеси, ийне менен қудық қазғандай илим тараўын таңлаған.

Ол — тарийх илимлериниң кандидаты, буның менен шекленип қалмақшы емес. Алдағы ўазыйпа — тарийх илимлериниң докторы болыў. Әлбетте, бул аўыз бенен айтыўға аңсат. Бунда қаншадан-қанша излениўлер, илимий салыстырыўлар, илимий анализлер зәрүр. Қалаберсе, теориялық дереклерди әмелий жақтан да көрсетип, дәлиллеў шәрт. Буның ушын, илимий әдебиятлардан алған мағлыўматларды тарийхый орынлардағы қазылма жумыслары менен салыстырып үйренип, жуўмақ жасаўы тийис.

Биз ер адамлардың тарийхый орынларда алып барған қазылма жумысларында тер төгип, мийнет еткенлерин көргенбиз. Бирақ, ҳаял-қызлардың бундай машақатлы ислерде жүргенлигин көрмегенбиз. Айсулыў апа болса, ерлер қатарында пидайылық етип киятыр. 45-50 градус ыссыда, 10-15 градус қақаман суўық күнлерде кең жазық далалықта, қумлы орынларда 2-3 айлап палаткаларда жатып, қазылма жумысларын алып барыў ҳақыйқый мәртлик ҳәм пидайылық.

«Қарақалпақстан — ашық аспан астындағы музей» деген тәрийп раўажланған мәмлекетлердиң илимпазлары тәрепинен жийи-жийи айтылып атырғанлығы тосыннан емес. Елимиздиң ^стирт тегислиги, Топыраққала, Ақшахан қала, Қырық қыз қала, Қой қырылған қала сыяқлы тарийхый орынлары дүнья халықлары археологларын таң қалдырып келмекте. Франция, Италия, Россия, Австралия сыяқлы мәмлекетлердиң археолог алымлары елимиздиң археологлары менен биргеликте усы аты аталған тарийхый орынларда қазылма жумысларын алып барып, бир неше жаңалықларды ашып атыр­ғанлығы бизлерди қуўандырады. Әне усы экспедицияларда жумыс алып барып атырған илимпазлардың арасында Айсулыў да бар. Қаншадан-қанша тарийхый орынлардың ашылыўында усы илим пидайысы ер азаматлары қатарында хызмет етип келмекте. Бир неше квадрат метр аралықтағы орынларды абайлаған ҳалда қазыў, табыл­ған затларды тазалап, муқыятлап сақлаў өз-өзинен болмайды. Бунда ҳәдден тысқары интуиция, эрудиция зәрүр болады. Мысалы, керамикалық тутыныў буйымлары, атап айтқанда, ҳәр түрли дәўирлерге тийисли гүзелер ҳәм басқа табылмаларды ажыратып алыўда ҳәр бир археологтан епшиллик талап етиледи. Себеби, нешше-нешше әсирлерден мийрас болып қалған тарийхый орынлар, оннан табылған бийбаҳа затлар жүдә ескирген, тозыўы жеткен болады. Ол бундай жумыс процесслерин басынан жүдә көп өткерген. Буны оның жазған еске түсириўлери, илимий мақалалары арқалы да билиўимиз мүмкин. Дүньяға белгили илимий орайлар, илимий институтлардың журналлары, конференция материаллары топламларында басып шығарылған мақалалары, тезислери буны дәлиллейди.         В.Н.Ягодин, М.Мәмбетуллаев, Ғ.Хожаниязов сыяқлы белгили археологларымыздың илимий мийнетлери қатарында Айсулыў Искендерованың да салмақлы үлеси бар. Археолог апамыздың бир нешше халықаралық журнал редакцияларына эксперт қәниге сыпатында қабылланыўы тосыннан емес. Бунда илимпаздың пидайы мийнетлери, билими, илимге болған зор ықласы жетекши орында турады. Ол археология бойынша жазылған илимий мақалаларға рецензия жазып, өзиниң пикир-усынысларын билдиреди. Оның усы рецен­зиялары бир қанша тәжирийбели қәнигелер тәрепинен жоқары баҳаланған.

Тарийх илимлериниң кандидаты Айсулыў  ӨзР ИА Самарқанд ўәлаяты бөлими Археология институтында үлкен илимий хызметкер сыпатында жумыс алып бармақта.

Айсулыў  Искендерова тек ғана Қарақалпақстан Республикасының ғана емес, Өзбекстан Республикасының, улыўма Орайлық ҳәм Орта Азияның мақтанышы, маман қәнигеси саналады. Оның пидайылығы, батыллығы, ең тийкарғысы кәсибине болған садықлығы шексиз! Айсулыў апаға беккем денсаўлық, таўсылмас күш-жигер тилеймиз!  

Ш.Амиров,

Өзбекстан ИА ҚҚ бөлими Қарақалпақ гуманитар илим изертлеў

институтының археология бөлими меңгериўшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF