Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:23:53, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АТ СПОРТЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖОЛЫНДА

Елимизде ат спортын раўажландырыў, жасларды спорт пенен турақлы рәўиште шуғылланыўға белсенди тартыў,  жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ат спорты бойынша жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўди тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы Қара­өзек районлар аралық Қорғаў бөлими хызметкерлери тәрепинен Тахтакөпир районы «Өзбекстан» АПЖ аймағында жасаўшы жаслардың жазғы демалысын мазмунлы шөлкемлестириў, олардың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў менен бирге спорт шынығыўларына болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде бир қатар спорт илажлары шөлкем­лестирилмекте. 

Атап айт­қанда, бүгинги күнде ат спорты секциясы жумысының жолға қойылғаны да итибарға ылайық. Ат спорты бойынша өткерилген гезектеги илаж барысында ат спорты бойынша үлкен тәжирийбеге ийе инсанлар менен Миллий гвардия хызметкерлери жасларға көргизбели шынығыўлар арқалы бул спорттың узақ тарийхқа ийе екенлиги ҳәм әййемги заманларда да ата-бабаларымыздың үлкен байрамларда ат шаптырып, көкпар ойынларында қат­нас­қаны, бүгинги күнде де елимизде ат спортын раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди. Соның менен бирге жасларға тулпарларға миниў қағыйдаларын үйретиў ҳәм еркин ҳәрекетлениў арқалы атты басқарыў усыллары, атларға қараў, олардың қәсийетлери ҳаққында көплеген мағлыўматлар берилди ҳәм бул бо­йынша ерте дәўирде ата-бабаларымыздың атларды миниўде нелерге әҳмийет бергенлиги ҳәм оларға тийисли қандай буйымлардың бол­ғанлығы бойынша көргизбелер шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, қәнигелер ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен жаслар ат­лар­­ға миндирилип, ат спорты бойынша тийисли қағыйда ҳәм усыллар үйретилди. Атлар менен тосқынлықлардан өтиўде биринши гезекте қәўипсизлик қағыйдаларына итибар бериў керек, әлбетте. Өткерилген илажлар даўамында жаслардың тулпар­ларға болған меҳири және де артып, олар да өз гезегинде, тарийхта ҳәм бүгинги күнде атлар елимизде тынышлықты тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў менен бирге әскерий мақсетлерди әмелге асырыўда инсанлардың садық жәрдемшисине айланғанын билип алды.

Жаслардың ат спортына болған қызығыўшылығын арттырыў жолында әмелге асырылып атырған бундай жумыслар олардың келешекте руўхый саламат ҳәм бәркамал перзентлер болып жетилисиўине хызмет етеди.

А.ХОЖАНАЗАРОВ,

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы

Қорғаў басқармасы Баспасөз топарының бас қәнигеси, аға лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF