АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫНДА ТАМШЫЛАТЫП СУЎҒАРЫЎ СИСТЕМАСЫН ҚОЛЛАНЫЎ
Жылдан-жылға суў тамтарыслығы күшейип атырған бүгинги дәўирде республикамызда аўыл хожалығы егинлеринен мол өним топлаў ушын, әлбетте, суўдан ақылға муўапық пайдаланыўға тийкарғы итибар қаратылған.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы ха-лықаралық инновация орайы тәрепинен де бүгинги күни Арал машқаласы ақыбетлерин жумсартыў бағдарында басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўге кең жол ашылып, әмелге асырылып атырған жумыслар унамлы нәтийжелерин бермекте.
Орайдың тийкарғы ўазыйпалары Арал теңизиниң қурғап қалған ултанының шорланған майданларында экосистемаларды жақсылаў ҳәм турақлы турмыс дәрежесин тәмийинлеў, экологиялық машқалаларды шешиў бойынша инновациялық шөлкемлер менен бирге ислесиўлерди жолға қойыў болып есапланады. Айтып өтиў керек, орай 20l8-жылы шөлкемлестирилген болса, усы күнге дейин бирқатар ибратлы жумыслар әмелге асырылды. Жергиликли ҳәм бир қатар шөлкемлер менен отыздан аслам меморандумлар дүзилип, бүгинги күнде бирге ислесиўлер алып барылмақта. Солардың бири сыпатында 20l9-жылы Қытай Илимлер Академиясына қараслы Синьцзян Экология ҳәм География институты менен бирге ислесиў меморандумының дүзилгенлигин келтирип өтсек болады. Бул инс-титут шөлге айланыў процесслерине қарсы гүресиў, қурғақшыл аймақларды көгалландырыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша өзиниң бай тәжирийбеси менен пүткил дүнья жүзине белгили шөлкемлердиң биринен есапланады.
Бүгинги күнде усы меморандумға муўапық Аралбойы аймағында илимий-изертлеў жумысларын алып барыўға қәнигелескен лаборатория шөлкемлестириўге таярлық жумыслары алып барылмақта. Қытайлы шериклеслеримиз тәрепинен лаборатория ушын керекли әсбап-үскенелер ҳәм басқа да зәрүрли инвентарьлар сатып алынып, Қарақалпақстанға жибериўге таярлық көрмекте. Сондай-ақ, бирге ислесиў шеңберинде тамшылатып суўғарыў көргизбели майданшасын жаратыў белгиленген болып, ҳәзирги ўақытта еки қытайлы қәниге орайдың тәжирийбе-сынаў майданшасында суўғарыў үскенелерин орнатып, иске түсирди. Усы мүнәсибет бенен буны республикамыз аўыл хожалығына ен жайдырыўда «Аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде тамшылатып суўғарыў системасын қолланыў» атамасында көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Семинар қатнасыўшыларына оның абзаллықлары ҳәм пайдалы тәреплери ҳаққында мағлыўматлар ҳәм түсиниклер берилди.
— Бул тамшылатып суўғарыў системасы —бирнеше басқышлардан өткен болып, унамлы болып есапланады. Буның абзаллық тәреплери бул тамшылатып суўғарыў лентасын қайта ислеўге де болады. Сол насостың қасында фильтр болып, бул фильтр заманагөй есапланады. Артықша нәрселер жыйналып қалған болса, өзи автоматластырылған тәртипте шығарып таслайды. Бул технологияның және бир әҳмийетли тәрепи, дәстүрий суўғарыўдан еки-үш есе тежеў имканияты болады. Сол мақсетте бул технологияны өзимизде енгизип, дийқан-фермерлерге ҳәм кластерлерге усыныс етемиз, - дейди усы орай директорының орынбасары Камалатдин Идирисов.
Тамшылатып суўғарыў системасы бул өсимликлердиң тамыр системасына туўрыдан-туўры киши тамырлар түринде жеткерип бериў арқалы нәтийжели суўғарыў усылы есапланып, суў, энергия ҳәм суўда ерийтуғын төгинлерди сезилерли дәрежеде үнемлениўин тәмийинлейди ҳәм жумысшылардың мийнетин аңсатластырады. Аралбойы инновация орайы бул суўғарыў системасын жақын келешекте суў тамтарыслығы болған аймақларға кеңнен ен жайдырыўды режелестирмекте.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.