Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:03:06, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРЫМЫЗДЫҢ ЖӘНЕ БИР ЖЕТИСКЕНЛИГИ

Бүгинги күнде жасларымыз спорттың ҳәр қыйлы түрлеринен жәҳән чемпионатларында, жер жүзилик олимпиадаларда қатнасып, елимиздиң абырайын арттырмақта.

Усындай жаслардың бири шоманайлы Мирбек Абдихалиқов болып, ол 4-6-июнь күнлери Ташкент қаласында өткерилген Азия чемпионатында қатнасып, сыйлы 1-орынды ийелеп, алтын медаль ийесине айланды.

-Мен спорт пенен 12 жасымнан баслап турақлы шуғылланып киятырман. Усы күнге шекем көплеген жарысларға қатнастым. Мени бул спортқа қызықтырған устазым Азамат Турданов болып табылады. Бул сапары да устазымның исенимин ақлаў ушын шын жүрегимнен ҳәрекет еттим. Нәтийжеде, 98 кг. салмақта гүресип, Азия чемпионатында 1-орынды ийеледим. Енди ноябрь айында болып өтетуғын Жәҳән чемпионатына қатнасаман. Бул тек мениң ғана емес, пүткил қарақалпақстанлылардың табысы деп билемен. Келешекте елимиз байрағын көклерге көтеремен, деп исеним билдиремен,-дейди ол өз қуўанышы менен ортақласып.

Мағлыўмат ушын соны айтып өтиўимиз керек, бул жарыста жерлеслеримизден Азада Аймуратова, Шахзада Азатова, Индира Елмуратоваларда алтын медаль ийелери болды. Оларды жарысқа тренерлерден Р.Балтабаев, С.Юсупов, М.Пирниязов, Б.Досбергенов ҳәм А.Турдановлар таярлады.

Азада Қыдырбаева,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF