Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:01:33, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЫРАЎ — ҚАРАҚАЛПАҚ  ХАЛҚЫНЫҢ МИЛЛИЙ БАЙЛЫҒЫ

Бүгинги жаңаланып атыр­ған Өзбекстанымызда болып атырған жаңалықлардың бири — халқымыздың миллий мийрасын сақлаў, қәдирлеў, келешек әўладқа жеткериў бойынша әҳмийетли жумыслар исленип атыр.

Дүньяда биринши мәрте өткерилген  үлкен тарийхый ўақыя  Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң  басламасы менен 2019-жылдың 5-10-апрель күнлери Термиз қаласында «Халық­аралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» болып өтти. Ҳәр еки жылда бул фес­тивальды өткериў белгиленип, биринши мәрте Қарақалпақстанда белгилениўи тарийхый әҳмийеттеги ўа­қыялар. Бул халық дөретиўшилигин жоқары баҳалаған дүньяда биринши фестиваль болады.

Бақсылар халықтың неше әсирлик мәдениятын, көркем өнерин аўызша атқарыў усылында бизге жеткериўшилер. Олар еле жазыў пайда болмас­тан бурын, халықтың даналық сөзлерин, философиясы, әпсаналары тийкарында қәлиплескен, халықтың басынан өткен тарийхый ўақыяларды, халық жырларын әўладтан-әўладқа жеткизген талант ийелери. Театр жоқ ўақытта бақсы халық театры орнында хызмет иследи, китапхана жоқ ўақтында китапханадан алатуғын билимди берди.

Халықтың усы әжайып өнери Президентимиз айтқандай, жоғалып кетиў қәўпи астында. Ҳүрметли Президентимиздиң қойған талапларын иске асырыўымыз керек.

Европа халықларында эпос­ты жырлаўшыларды джонглер, рапсод, трубадур, шпильман  деп атайды. Олар эпосты аўыз­еки атқарыўшылар, бирақ атқарыўы басқаша. Оларды гезенде жыршылар дейди, жырлаў менен бирге акробат ойын­ларын, масқарапазлық өнерин де көрсетеди. Бул жағынан айырылып турады. 

Түркий халықларында эпос «дәстан», «достон», «жыр», «ыр», «олонхо», «йыр»,  «хай», «кубаир» ҳәм тағы басқа атлар менен аталады. Ал, оның ат­қарыўшылары да ҳәр түрли. Дәстанды жырлаўшыларды өзбек халқында  бахши, түркменлерде багши, бахши, азербайжанларда, түрклерде ашуг, озан, якутларда олонхосут, хакасларда хайджи, башкуртларда сэсэн, кубаирчы, қырғызларда ырчы, «Манас» эпосын атқарыўшыларды манасчы, толық жырлаўшыларды «чон манасчы», бир бөлимин атқарыўшыларды «чала манасчы» деп атайды. Ал, В.Радлов түркий халықларында «йырлыжы», «йырла», «жыраў», «жыраўшы» деп, Маҳмуд Қашқарийда «йырагу» деп береди.

 Ал, қарақалпақларда қаҳарманлық дәстанды атқарыўшыларды «жыраў», ал ашықлық дәстанларды атқарыўшыларды «бақсы» дейди. Қарақалпақ жыраўлары қобызда тамақты қырып, гүркиреген даўысы менен  көмейден атқарады. Көмейден атқарыў Сибирьдеги түркий халықларында сақланған.  Көмейден атқарғанда оның даўысын жоқарыдан көтериўге жәрдемди ыспалы, аттың қылынан 70-80 тарлы музыкалық әсбап — қобыз береди. Бизге белгили, Европада Х әсирге дейин қобызға усаған ыспалы музыкалық әсбап болмаған, ал Хорезмде ерте дәўирлерде ыспалы музыкалық әсбап болған, деген мағлыўматты Әл-Фарабий (870-950), Ибн Сина (IХ- Х әсир)  береди. Әл-Фарабий сыбызғы, домбыра, сырнай, кернай, қобыз, канун, уд, цимбал (чанг), тамбур, рубаб, дабыл, даңғыра, жети ишекли арфа болғанлығын билдиреди. Ал, Махмуд Қашқарий қобыз, бубен, тамбур, барабан, қоңыраў, сыбызғы сыяқлы музыкалық әсбаплардың атын  айтып өтеди. Демек, бизиң ата-бабаларымыз ыспалы музыкалық әсбапты биринши рет ойлап тапқан, соның менен бирге, бир неше музыкалық әсбапларды дөретип, дүнья цивилизациясына үлкен үлес қосқанын көремиз.

Қарақалпақларда 200ден аслам дәстанлар бар, жыраўлардың репертуарында 15-20 дәстан болған. Мысалы, Қурбанбай жыраўдан  19 дәстан жазып алынған. Ол жырлаған «Қырық қыз» дәстаны 25000 қатар қосықтан турады. Ҳәр бир дәстанды 15 000-25 000  қатар қосықтан турады десек, қарақалпақ жыраўы 225000-500000 қатар қосықты ядтан жырлаған. Әййемги дәўирде еле жер бетинде адамлар аз уақытта даўысты көкке жеткизип  айтыў дәстүрин бизге жыраўлар жеткизген. Дүньяға аты белгили «Илиада»,«Махабхарата», «Боебульф» эпослары қалай атқарылды, қандай намаларды пайдаланды, илим оны айта алмайды. Ал, бизде аўызеки атқарыўшы жыраўлар неше әсирлерди басып өткен халық байлығын атқарыў өнери арқалы жеткизген. Сонлықтан, жыраўлардың әҳми­йети айрықша. Ол ата-бабамыздың әййемги театры, әййемги музыка мәденияты, әййемги көркем өнер акаде­миясы ретинде баҳалы.

Қарақалпақ жыраўының тамақты қырып, көмейден гүркиреген даўысының өзи тарийхый естелик. Қосықты қарақалпақлар адам баласы пайда болғаннан бери бар, деп есаплайды. Қобызды биринши соққан адам  Қорқыт ата, оны жыраўдың пири дейди.

Қорқыт ата соққан қобыз қарақалпақларда сол әййемги моделинде бузбастан сақлан­ған. Онда тек ғана тут ямаса ерик ағашы, аттың қылы, түйениң маңлай териси, қабақ пайдаланады. Бул еле адам баласының темирди пайдаланыўды билмеген ўақтынан дерек береди.

Қарақалпақ жыраўының  қобызда пайдаланатуғын намалары өз алдына байлық. Қарақалпақта қобыз намалары анықлаўым бойынша 105 намадан турады. Мен «Әмиў­дәрья» журналында жыраў намаларының сөзлигин жәриялаған едим. Жыраўлардың берген мағлыўматы бойынша, күшли жыраўлар ҳәр наманың  вариантларын ислеген. Мысалы, «Ылғал» намасының 10 варианты бар. Егер хәр бир наманы 10 варианттан десек,  1050 нама менен дәстанды атқарған. Дәстанларды усыншама нама менен атқарған — тек қарақалпақлар! Бул арқалы хал­қымыздың музыкадан күтә саўатлы болғанын көремиз. Жыраўды жоғалтсақ оның музыкалық әсбабы қобыз, намалары да жоғалады. Енди буларды басқаларға көрсетиў, халқымыздың байлығы менен басқа халықларды таныстырыў, қызықтырыў, бизиң әжайып миллий мәдениятымызды жоқары баҳалаў — ўазыйпамыз.

Музыка — бул сес. Ол Рембранат, Пикассо, Микеланджело, Рафаэль, Рубенстиң картиналарындай полотноға түспеген, ямаса Рим амфитеатрындай мрамордан исленбеген. Бирақ, қуны усы естеликлерден кем емес. Оны жыраўлар атқарыў арқалы бизге жеткизди. Ол сес болғаны ушын жоғалып кетпеўи керек.

Жыраўдың  ҳаўазы, интонациясы, ҳәриплердиң акустикасы бул өзинше бай дүнья. Жыраў халықтың алдына шыққанда ол толып тасып кетеди,  ол атқарғанда халық пенен бир жанға айналады, дәстанның күшли жерине келгенде  гейде жыраўлар экстаз­ға түскен. Халқымыз оны түсинген. Бир дәстанды халық неше мәртебе тыңласа да  жалықпаған, дәстанның текстин ядлап алса да, тыңлай берген. Неге олар жалықпаған! Себеби, жыраў ҳәр атқарғанында оның гүркиреген даўысы адам­ға күшли энергия берген. Усы гүркиреген даўыс ширкеўлерде диний трактатларды атқарыўда бийкарға пайдаланбаған. Тибетте тамақтан қырып гүркиреген даўыс пенен атқарыўшыларды таярлайтуғын оқыў орынлары бар. Қаншадан-қанша адамлар усы даўыс­ты еситиў, оны тыңлап рәҳәтлениў, жан дүньясына азық алыў ушын узақтан келген. Жыраўды тыңлаған соң сөздиң күши менен дүньяға жаңа туўыл­ғандай таза руўх, таза күш топлаған. Биз бир дәстанды бастан ақырына жырлайтуғын жыраўдан айырылдық, соның ушын буны түсинбеймиз. Қаҳарманлық жырларды жыраўлар  жырлап музыкасы, өзинше артистлик атқарыў дәстүри менен сақлап бизге жеткизген еди.  Жыраў өнеринде  ҳәмме нәрсе бар, театр, ойын, неше түрли музыка, эстрада — бәри. Адамды қуўанышқа бөлейтуғын сөз бенен саз, нервти тынышландыратуғын сеслер бар екенлигин ата-бабамыз билген. Әлбетте, буларды жоғалтсақ ата-бабадан қалған бай мийрасты жоғалтамыз. Усы жерде бир нәрсени айтқым келеди, жыраў оның әййемнен киятырған қырылдап көмейден гүркиреген даўысы — бизге жеткизген тарийхый естелиги. Оның әҳмийети  Лувр, Эрмитаждан кем емес, бизлер тек олардың сырын ашыўдың жолын билмей атырмыз. Бул байлықтың туризмди раўажландырыўда да жүдә үлкен әҳмийети бар. Бул ҳәммени қызықтырады, деп ойлайман. Соның ушын, миллий мәдениятымыздың тийкары болған қарақалпақ жыраўын ЮНЕСКОның «Материаллық емес халық мийрасы» ҳәм «Жоғалып баратырған халық өнери» дизимлерине киргизиўди усыныс етемен.

С.БАҲАДЫРОВА,

филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF