Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:43:12, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТ — ХАЛЫҚҚА САПАЛЫ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ

Елимизде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын және де  жетилистириў ҳәм реформалаў, пуқаралардың мүрәжатларын орынлаўды тәмийинлеўде қағазпазлық көлемин жоқ етиў, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм шөлкемлер искерлиги нәтийжелигин арттырыў, бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, исбилерменлик орталығын түптен жақсылаў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әўерешиликлериниң алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-мартта «Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бо­йынша бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Мине усы пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-июнь күнинен баслап мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм бөлимлер тәрепинен халықтан, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлеринен  төмендеги тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди:

 Руўхый кеселликлер бойынша диспансер дизиминде турыўы яки турмаслығы;

 Наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;

 Судланбағанлық (яки судланғанлық) ҳаққында мағлыўмат алыў;

 Мәнзил-мағлыўмат мәлимлемесин алыў;

 Пуқараның атында жеке турақ жай бар яки жоқ екенлиги;

 Турақ жайдың майданы;

 Салық қарызы бар яки жоқлығы ҳаққында;

 Салық төлеўши физикалық шахслардың мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойылғанлығы;

 Пенсия ҳәм напақа муғдары;

 Пуқаралардың пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама;

 Некеде дизимге алынғанлығы, некеде турмаслығы яки некеден ажырасқанлығы ҳаққында мағлыўматнама;

 Шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы;

 Шахстың белгиленген үлгидеги фотосүўрети;

 Медициналық-социаллық эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары;

 Мийнет дәптершелери ҳәм олардың нусқалары (пуқара­ларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық — аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);

 Мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажын, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемесинде оқығанлықты тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық — аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);

 Кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў бийкар етиледи.

     Бунда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлери жоқарыда нәзерде тутылған ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды тийисли мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринен ғәрезсиз рәўиште, сондай-ақ, «Электрон ҳүкимет» системасы мәкемелераралық интеграцияласыў платформасы арқалы сорап алады.

Жоқарыда көрсетилген ҳүжжет ҳәм мағлыўматлардың мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери тәрепинен халықтан талап етилиўи мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўындағы нызамшылық  ҳүжжетлери талапларын бузыў деп есапланады.

Бул арқалы, мәмлекетлик хызмет көрсетиў уйымы ҳәм пуқаралар, исбилерменлер арасындағы бирге ислесиўдиң сапасы артады.

И.ЖЕҢИСБАЕВ,

Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайының  жетекши қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF