Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:41:20, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛБОЙЫ РЕГИОНЫ ИННОВАЦИЯЛАР ОРАЙЫНА АЙЛАНАДЫ

Бүгинги күнде Мойнақ районына дүнья жүзи халықлары итибарын қаратпақта. Ҳақыйқатында да, бул аймақта жүргизилип атырған реформаларды бүгин тек жерлеслеримиз ғана емес, ал, пүткил дүнья таңланыў ҳәм ҳәўес пенен бақлап атыр.

Бир қатар нызам жойбарлары, қарарлардың орынланыўы себепли район танып болмас дәрежеде өзгерип,  инновациялық идея­лар орайына айланбақта. Әлбетте, соңғы үш-төрт жыл ишинде райондағы әмелге асырылып атырған жаңаланыўларды көрип, ҳәр қандай инсан, ҳәттеки Өзбекстан Республикасының барлық аймақларындағы заманласларымыз да ҳәўес пенен қарамақта. Усы мүнәсибет пенен райондағы дөретиўшилик ислерди ҳәм әмелге асырылып атырған реформаларды кең жәми­йетшиликке таныстырыў мақсетинде мәмлекетимиздеги ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен биргеликте Мойнақ районына медиа-тур шөлкемлестирилди. Дәслеп қатнасыўшылар райондағы  ашық аспан астындағы «Кемелер қәбирстаны» жанындағы «Арал теңизи тарийхы» музейинде болып, Арал теңизи аймағында жасаған ҳайўанатлар дүньясы, тәбияты, сондай-ақ, теңиздеги балықлардың тарийхына тийисли болған экспозициялар менен жақыннан танысты. Айтып өтиў орынлы, музей экспозициясында художник, «Арал жыршысы» деп ат алған Файм Мадгазин ҳәм Рафаэль Мотевосян дөретиўшилигине тийисли Арал теңизиниң жанландырыўшы реңли картиналары менен байытылған. Және де музейде Арал теңизи ҳәм теңиз тәбиятынан тысқары, Мойнақ районында бирқанша инсанларды жумыс пенен тәмийинлеген Мойнақ балық консерва комбинаты тарийхына тийисли болған китаплар, фотосүўретлер орын алған. Ең тийкарғысы, музей имаратының ишки тәрепи қара үй көринисинде болып, мийманлар, турист­лер ушын Арал теңизи тарийхын сүўретлеўши видеороликлерди тамаша етиў имканиятына ийе.

Буннан соң медиа-тур қатнасыўшылары райондағы 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болды. Бүгинги күнде районда жәми 32331 халық жасайды, соннан 16135и 30 жас­қа шекемги болған пуқаралар болса, демек халықтың тең ярымы жас әўлад ўәкиллери.  Келешек әўладлардың билимин арттырыў, жетик қәнигелер етип жетилистириў бағдарында, әсиресе, мектептеги талантлы  жасларды көрип, бизиң итибарымызды өзине тартты.

— Кишкенелигимнен домбыра шертиўди жақсы көргенлигим себепли мектептеги домбыра дөгерегине қатнасаман. Дөгерек басшымыз Жаңабай Тобашев бизлерге домбыра шертиўди жақсы үйретеди. Усы күнге шекем устазымның арқасында «Той жыры», «Улыма» ҳәм басқа да намаларды шертип үйрендим, - дейди усы мектептиң оқыўшысы Арыўжан Кемалова.

Жаңа жөнелислерде жумыс баслаған музыка ҳәм көркем өнер мектеби 1953-жылы шөлкемлестирилген. 2019-жылы жаңадан оңланып, қосымша имарат қурылып, заманагөй инвентарьлар менен тәмийинленди.

— Мектебимиз 150 орын­ға мөлшерленген болып, бүгинги күнде 200ден аслам оқыўшы оқып атыр. Бул жерде оқыўшыларымыз 8 жөнелисте фортепиано, бақсышылық, эстрада,  хорео­графия, скрипка, халық сазлары сыяқлы басқа да жөнелислерде билим алмақта, -дейди усы мектептиң бақсышылқ дөгерегиниң оқытыўшысы У.Жуманиязова.

Кейинги мәнзилимиз де билим дәргайы, яғный, «­Future Muynak» — мәлимлеме технологияларына үйретиў орайы ҳәм Book cafe. Бул жерде бизди ең қызықтырған нәрсе, китапханадағы китаплардың әжа­йып дизайнда жайластырыл­ғаны болды.

— «Book cafe» ҳаққында айтатуғын болсам, бул орында азанғы мәҳәл 25, түстен кейин 25 пуқараға хызмет көрсетемиз. Дәслепки ўақытта 3000 дана китап пенен баслаған болсақ, ҳәзирги ўақытқа келип 5000нан зыят китап қорымыз бар. Буннан тысқары, электрон «Book cafe» шөлкемлестирип қойғанбыз. Ал, орайдың бир бөлиминде ең соңғы маркадағы компьютер жәрдеминде мәлимлеме технологияларынан сабақ бериў жолға қойылған болып, оқытыў тийкарынан анимация, веб-дизайн программаластырыў, фотосүўретлерди санлы қайта ислеў ҳәм компьютер анимациясы, 2D графика, 3D моделлестириў жөнелислеринде алып барылады, - дейди Ташкент Мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының 1-дәрежели китапханашысы  Венера Садуллаева.

Орайда билим алатуғын оқыўшылардың жасы  12 ден 18 жасқа дейин белгиленген. Тийкарынан жас әўладларымыз бос ўақтын бийкарға сарпламастан жаратылған имканиятлардан пайдаланса болғаны. Медиа-тур қатнасыўшыларының келеси мәнзили район орайындағы «Арал» МПЖ аймағындағы «Сурхон қуёши» 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып, балалардың келешекте бәркамал инсан болып жетилисиўи ушын бул жерде барлық шараятлардың жаратылғанының гүўасы болдық. Бүгинги күнде тәлим рус тилинде алып барылатуғын бул орында 3 топарда 90 бала тәрбияланбақта. Медиа-тур даўамындағы соңғы мәнзилимиз Мойнақ районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби филиалы болып, бул жердеги жабық жүзиў бассейни, «Арал» стадионы, киши спорт заллар, тренажёр, гүрес залларындағы жас өспирим қыз балаларды көрип, олардың спорттың қайсы түри бойынша  қызығыўшылықларының жоқары екенлигин аңладық. Бүгинги күнде спорт мектебинде 13 спорт түри, соннан 10ы олимпия, 1 миллий спорт түри болып, жәми шуғылланыўшылар саны 1304 болса, олардан 322син қызлар қурайды. Биз район жасларының шаққанлықларын, уқыплы, талапшаңлықларын көрип, олардың келешегинен көп үмитлер күтиўге болатуғынлығына көзимиз жетти.

Саяхатымыз даўамында бүгинги пайытта Өзбекстанда болып турған, бес жыл даўамында Өзбекстанның мәдений мийрасларын үйренип, китап шығарыўды  ни­йет еткен Австриядағы белгили баспахана президенти Шарлотта Крамер ҳәм оның орынбасары Александр Вилгельмди ушыратып, олардың пикирлери менен қызықсындық.

— Бизлер бул жерге тийкарынан және бир жойбар ҳаққында жумыс алып барыўға келгенбиз. Арал бо­йының тарийхы ҳаққында ғана емес, бәлким, келешеги менен байланыслы өзгерислер де бизлерди қызықтырады. Биз жыйналған мағлыўматлар тийкарында альбомлар таярлап салыстырамыз. Мысалы, өткен жыл менен быйылғы жылдағы жаңалықларды айтатуғын болсақ, адамлардың турмысында айтарлықтай өзгерислер сезиледи. Экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар — бул дегени, ең дәслеп машқала болған суў, жер мәселелериниң  шешими ушын, технологиялар ушын дүнья көлеминде инвестициялар енгизиледи. Бул болса, инсанлардың жасаў тәризине тиккелей унамлы тәсир көрсетеди, - дейди Шарлотта Крамер.

Әлбетте, Мойнақ бүгинги күни екинши өмирин жасамақта. Президентимиздиң тиккелей басламасы менен әмелге асырылған ҳәм енди әмелге асырылатуғын жумыслар район, ҳәттеки республикамыз халқын қуўандырмақта. Себеби, райондағы өзгерислер ҳақыйқатында да жаңаланып бармақта. Әпиўайы мийнет адамларын көрип, олардың турмысынан разы болып жасаўына үлес қосыў мақсетинде барлығы да өз мийнет искерлигине кирискен. Олардың нийет еткен мақсети де — жаңаланып атырған Мойнақты жаңа Мойнаққа айландырыў. Себеби, бүгин буған дүнья мәмлекетлери өз итибарын қаратпақта.

Г.САПАРОВА, 

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF