Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:26:29, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАҚЫЯТАСТА МЕДИЦИНАЛЫҚ ДИАГНОСТИКА ОРАЙЫ ҲӘМ ТИГИЎ ЦЕХЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

 

Тақыятас районында Тақыятас ыссылық электр станциясына қараслы медициналық диагностика орайы ҳәм тигиў цехының имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Рамазан ҳайыты байрамы ҳәм жаңа имаратлардың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, тек Қарақалпақстан Республикасын емес, қоңсылас ўәлаятларды да үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеп киятырған  Тақыятас ыссылық электр станциясы жәмәәти тәрепинен халқымызды социаллық жақтан қорғаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Медициналық диагностика орайына республикамызда бирден-бир заманагөй МРТ, соның менен бирге, электрокардиограмма, видеоэндоскопия, ультрасес диагностикасы, стоматология ҳәм басқа да медициналық үскенелер орнатылған. Орайда тәжирийбели шыпакерлер менен мийирбийкелер халыққа медициналық хызмет көрсетеди. Бул жерге шыпа излеп келген пуқараларға анық диагноз қойылып, амбуториялық емлениўи тәмийинленеди.

Пайдаланыўға тапсырылған цехта тигиў-пишиў ҳәм тоқыў үскенелери жәрдеминде ерлер ҳәм ҳаял-қызлар кийимлери, сондай-ақ, акционерлик жәмийеттиң жумысшылары ушын арнаўлы қорғаныў кийимлери тигиледи. Медициналық диагностика орайының пайдаланыўға тапсырылыўы менен 48, тигиўшилик цехында 17, жәми 65 жаңа жумыс орны жаратылды.

Илаж қатнасыўшылары медициналық диагностика орайы ҳәм тигиў цехында жаратылған шараятлар менен танысты.

Ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF