Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:58:12, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖАҚСЫЛАРДЫҢ ЯДЫ ҲЕШ ҚАШАН УМЫТЫЛМАЙДЫ»

Пайтахтымыздағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының байрақлары орнатылған майданда  Республикалық  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте 9-май — «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»н көтериңки руўхта белгилеў ҳәм екинши жер жүзилик урыстағы жеңиске 76 жыл толыўы мүнәсибети менен жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жас әўладты китапқумарлыққа қызықтырыў, елимиздеги белгили жазыўшы-шайырлардың урыс дәўиринде қарақалпақ әдебиятына қосқан үлесин кеңнен сәўлелендириў мақсетинде «Қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниң жеңиске қосқан үлеси» атамасындағы мәдений-руўхый илаж өткерилди.

Илажға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан  бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары Ж.Абдижамиловлар сөзге  шығып, сол жылларда Өзбекстанда жети жастан жетпис жасқа шекем пүткил халқымыз «Ҳәмме нәрсе ­ фронт ушын,  ҳәмме  нәрсе — жеңис ушын» деп жасағанлығын, дем алыўдан ўаз кешип, тынымсыз аўыр мийнет пенен жеңиске ерискенлигин айтып өтти. «Жақсылардың яды ҳеш қашан умытылмайды», дейди халқымыз. Олардың Ўатан ушын, бүгинги бахытлы турмысымыз ушын еткен мийнетлери  ҳәмийше ядымызда.

Ҳақыйқатында да, өмирде қандай да бир қыйыншылыққа дус келсең де үмитсизликке түспей, оларды сабырлылық пенен жеңип өтиўде  жасларымызға жасы үлкенлердиң өмирлеринен өрнек алыў кереклигин айтып өтти.

Буннан соң Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаровтың урыс жылларына бағышланған «Ҳәсирет ҳәўири» поэмасы  көпшилик китапқумарларға белгили. Шайыр усы поэманы  қыссаханлық жолы менен   оқып, жыйналғанларда өзгеше тәсир қалдырды.

 Илаж  соңында  Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театр актёрлары тәрепинен таярланған сахналық көринис ҳәм  Өзбекстан мәмлекетлик филормониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими хызметкерлериниң урыс жылларына бағышланған концерт бағдарламасы  қойып берилди.

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF