Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:50:08, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ИМТИХАН СИСТЕМАЛАРЫНДА ЖОҚАРЫ БАЛЛ ТОПЛАСАҢЫЗ...

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 13-апрельдеги 209-санлы қарары менен Халықаралық имтихан системалары бойынша жоқары балл (дәреже) алған жасларға имтихан тапсырыў қәрежетлерин толық қаплап бериўдиң ҳәкимшилик регламенти тасыйықланды.

Бул ҳүкиметлик қарар менен 1-майдан баслап 5 халықаралық имтихан системасы (IELTS, TOEFL, GMAT, GRE, SAT) бойынша ҳәм 2022-жыл 1-январьдан баслап және 13 имтихан системасы бойынша имтиханларда жоқары балл топлаған жасларға имтихан тапсырыў қәрежетлери толық қаплап бериледи.

Қәрежетлерди қаплаў ушын тек имтихан тапсырыў пайытында 31 жас­қа толмаған Өзбекстан пуқаралары ҳәм Өзбекстанда турақлы жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслар Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир портал арқалы мүрәжат етиўи мүмкин болады. Он алты жасқа толмаған шахстың атынан оның нызамлы ўәкили мүрәжат етиўи мүмкин.

Мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын арза бериўши тәрепинен имтихан тапсырыў қәрежети төленгенин тасты­йықлаўшы ҳүжжет (чек, банк квитанциясы яки шәртнама) ҳәм де арнаўлы сертификатлардың pdf форматы электрон сораўнамаға қосымша етиледи. Халықаралық имтихан системаларында сертификат алған жаслар 180 күнде Мәмлекетлик хызметлер орайларына яки БИМХП арқалы (my.gov.uz) мүрәжат етиўи лазым болады.

МХО 10 минутта, БИМХП арқалы болса автомат тәризде ҳүжжетлер Жаслар ислери агентлигине жибериледи. Агентлик болса 15 күнде арза бериўшиниң сертификатын верификациядан өткереди. Сертификаттың ҳақыйқыйлығы тастыйықланғаннан кейин, Жаслар ислери агентлиги тәрепиненн 15 күнде арза бериўши тәрепинен таңланған қәлеген Халық банки филиалына компенсация қаржылары өткериледи ҳәм СМС арқалы хабардар етиледи.

Халық банки филиалы арза бериўшиниң компенсация пулын алыўға болған ҳуқықын тас­тыйықлаған ҳалда оның қәлеўи бойынша бул компенсацияның нақ яки нақ пулсыз түрде төлениўин әмелге асырады.

 

А.ОРАЗЫМБЕТОВ,

Тақыятас районлық Мәмлекетлик хызметлер

орайының бөлим баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF