Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:06:38, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЙНЕТ МИГРАНТЛАРЫ УШЫН ЖАҢА ОРАЙ АШЫЛДЫ

Мәмлекетимизде халықтың бәнтлиги тараўында алып барылып атырған жумыслардың бири бул – мийнет мигрантларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 25-январьдағы «Ўақтынша жумыс ислеў ушын сырт елге кетип баратырған шахсларды ҳәм бәнт болмаған халықты оқытыўды шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып Арқа-батыс әскерий округи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы тәрепинен Нөкис транспорт колледжине тийисли имаратларда кең көлемли  ири оңлаў жумыслары әмелге асырылған еди.

Нөкис транспорт колледжи жанындағы «Қурылыс тараўының маман қәнигелерин таярлаў орайы»н шөлкемлестириў бойынша бир қатар жумыслар алып барылды.

1-апрель күни усы орайдың ашылыў мәресими болып өтти. Мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи ҳәм басқа да тийисли министрликлер менен мәкемелердиң басшылары, орай оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары қатнасты.

Орайдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы баслығы М.Камалов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғанын, әсиресе, сырт еллерге барып жумыс ислеў нийетин билдирген пуқараларымызға барлық қолайлықлар жаратылып атырғанын атап өтти.

Бул орай салмағы жағынан елимизде өз орны ҳәм абырайына ийе болған қурылыс тараўы қәнигелерин таярлаў орайы болыўы, белгили бир қәнигелик бойынша кәсип үйрениўи, солай етип, пуқараларымыздың сырт еллерде нызамлы түрде жумыс ислеўи ушын үлкен мүмкиншиликлер жаратыўына тилеклеслик билдирилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў бойынша мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Қарарға муўапық колледжде 300 оқыўшы орнына мөлшерленген жатақхана, оқыў класслары, әмелият устаханалары, асхана реконструкцияланды. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен билим алыўшыларға кәсип сырларын үйретиў ушын 1 автобус, 1 самосвал, 1 погрузщик, 1 экскаватор, 1 булдозер алып берилди.

Орайды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – бул жерде билим алып атырған пуқаралар ушын қурылыс тараўы кәсиплери бойынша көнликпелерди қәлиплестириў, шет тиллери ҳәм баратуғын мәмлекетиниң тарийхы, үрп-әдет дәстүрлери ҳәм нызамшылығы бойынша дәслепки билимлерди өзлестириўине қаратылған кәсип-өнерге үйретиў оқытыў курсларын шөлкемлестириў болып есапланады.

Сондай-ақ, билим алыўшыларды өз халқының миллий мәденияты ҳәм тарийхый қәдириятларына ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың санасына Ўатансүйиўшилик сезимин және мийнетке жуўапкершилик пенен қараўды сиңдириў, алдынғы педагогикалық усыллар ҳәм мәлимлеме технологиялары арқалы қурылыс тараўындағы илим ҳәм техниканың ең жаңа жетискенликлерин оқыў процесинде үйретип барыў да солар қатарына киреди.

– Орай инфраструктурасынан орын алған социаллық объектлер толық ири оңлаўдан шықты ҳәм заманагөй үлгилер тийкарында үскенелеў жумыслары алып барылды,-дейди колледж директорының оқыў-тәрбия ислери бойынша орынбасары С.Айбергенов. – Сырт еллерде жумыс ислеўди қәлеп, тилегин билдирген пуқаралар усы орайға Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен берилген жоллама менен келеди.

Орайда 14 түрдеги (темир-бетон жумыслары, гербиш өриўши, электрогаз кепсерлеўши, ағаш усташылығы, сыбаўшы, бояўшы-безеўши, сантехникалық жумыслар устасы, электромонтажшы, көтерме кран басқарыўшысының жәрдемшиси, қаплаўшы-плиткашы, полат ҳәм темир-бетон конструкцияларды монтажлаўшы, гипсокартон монтажлаўшы, кран машинисти, жайдың төбесин бастырыўшы) кәсип-өнер үйретиледи.

Оқыў курсы ҳәр бир потокта 300ге шекем пуқараны қабыллайды. Ҳәр бир курс 2-3,5 ай даўам етеди ҳәм тийисли сертификатлар бериледи. Оқыў ушын төлемниң 90 проценти мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи, 10 процентин оқыўшының өзи төлейди. Сондай-ақ, оқыўшыларға стипендиялар да берип барылады. Жатақханадан пайдаланыўы, аўқатланыўы бийпул.

Пурсаттан пайдаланып орайды шөлкемлестириўде бизлерге жақыннан жәрдем көрсеткен басшыларымызға, Арқа-батыс әскерий округи, қурылыс мәкемелери басшыларына миннетдаршылық билдиремиз.

– Мен оқыў курсларына келип билим алып атырғанымнан қуўанышлыман,-дейди орайға қабылланған оқыўшылардың бири Ж.Бердибаев. – Сырт елде жумыс ислеў мақсетинде белгили бир қәнигеликти ийелеўимиз, жумыс пенен тәмийинлениўимиз ушын усындай шараятларды жаратып бергени ушын Президентимизден миннетдармыз. Барлық қәнигеликлерди жақсы үйренип, сырт елде ҳадал жумыс ислеп, елимизге жақсы хызмет етемиз,  деп исендиремен.

Илаж қатнасыўшылары орайда жаратылған шараятлар менен танысты. 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

И.Матековтың түсирген сүўретлери

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF