Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:56:53, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

Мақсет ӨТЕМУРАТОВ:

«БИР-БИРИМИЗДИ САҒЫНЫП ЖАСАЙЫҚ»

Усы жыл 2, 3, 4, 5, 6-апрель сәнелеринде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыка театрында елимиз ардағындағы қосықшы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Мақсет Өтемуратовтың «Сағындым» атлы концерти болып өтеди. Биз концерт алдынан қосықшы менен ушырасып, өзимизди қызықтыр­ған сораўларға жуўап алған едик.

­ Мақсет, сағыныш, бир-биреўдиң дийдарына ынтық болып жасаў инсанларға тән қубылыс екенин инабатқа алсақ, концертиңиздиң атамасы да усыннан келип шыққан болса керек, деп ойлаймыз. Қала берсе, жеке концертиңизди бермегениңизге де бираз жылдың майданы болып қалды...

­ Жеке концерт бериў, сахналарға шығып, түрли образлар жаратыў ­ көркем-өнер ўәкиллериниң парызы ҳәм қарызы, былайынша айтқанда, халық алдында беретуғын есабы. Ҳақыйқатын айтатуғын болсам, мен бүгинги дәрежеме мени туўып өсирген қарақалпақ хал­қының қоллап-қуўатлаўы арқасында еристим. Демек, халқыма жан-тәним менен хызмет етиў, өз дөретиўшилигимниң ең жақсы үлгилерин мыңлаған ықласбент­лериме арнаў ­ мениң өз алдыма қойған тийкарғы ўазыйпаларымның бири есапланады. Қала берди, соңғы ўақытларда тек елимизде ғана емес, ал, пүткил дүнья жүзине тараған коронавирус пандемиясының аўыр ақыбетлери барлық тараў ўәкиллери қатары көркем өнер шеберлерине де кери тәсирин тийгизгени сыр емес. Бул кеселлик себепли қаншадан-қанша ел ағаларынан, азаматлардан, жақынларымыздан айырылдық. Олардың өлмес руўх­ларын шад етиў ушын да концерт бериўди мақул көрдик. Концерттиң атамасына келетуғын болсақ, инсан ҳақыйқатында да тәбиятынан бир-бирине ынтық болып жасайды, узақ ўақыт көрмесе сағынады. Шынын айтсам, мен де халқымды, ықласбентлеримди жүдә сағындым. Усы сағыныш сезими қәстерли сахнаға қарай ийтермеледи. Бир-биримизди сағынып жасағанға не жетсин!

­ Хош, бул концерттен халқымыз қандай жаңалық күтсе болады? Сыр болмаса, нелерди сюрприз етип қойыпсыз?

­ Әлбетте, онда әжайып шайырларымыз, әжайып композиторларымыз тәрепинен жаратылған жаңа қосықлар орын алған. Көркем өнер ықласбентлери олардың барлығын концертке келсе көреди, тыңлайды, баҳа береди. Және сахнаға бир қатар хош ҳаўаз ийелери, жас, талантлы қосықшыларға да шығып, өз өнерлерин халқымызға инам етеди. Қулласы, концертке келген ықласбентлер зерикпейди, керисинше, бир дүнья заўық алып қайтады, деп ойлайман.

­ Мақсет, қарақалпақ қосықшылық өнериниң бүгинги жағда­йына берер баҳаңыз қандай?

­ Әлбетте, унамлы көзқарастаман. Қуўанатуғын жерим, әзелден саз бенен сәўбетти, көркем өнер­ди жанындай көретуғын халқымыз арасынан келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын талант ийелери көплеп жетилисип шықпақта. Бул жас хош ҳаўаз ийелери  өзлеринен бурынғы қарақалпақ қосықшылық мектебиниң дәстүрий жолын ылайықлы даўам еттирип келмекте. Олардың арасындағы саламат бәсеки, қала берди, елимиз басшылары тәрепинен қаратылып атыр­ған дыққат-итибар, тараўды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған Президент пәрманлары менен ҳүкиметлик қарарлар миллий мәдениятымыздың алға илгерилеўине хызмет ететуғынына гүман жоқ..

­ Көркем өнер ық­лас­бентлерине, газетамыз оқыўшыларына нелерди тилер едиңиз?

­  «Саз бенен сәўбетти ялған демеңлер, Адам ата бинят болғанда барды» деп айтылғанындай, көркем өнер ­ бул халық турмысының ажыралмас бөлеги. Солай екен, соңғы ўақытлары пүткил дүньяны қәўетерге салып турған иллетлер тезирек сапластырылып, халқымызда тойлардың көп болыўы, оларда шадлы намалардың жаңлаўының тәрепдарыман. Газета оқыўшыларына болса зор денсаўлық, беккем күш-ғайрат, елимиз ийгилиги жолындағы жумысларында жаңадан-жаңа табыслар тилеймен.

­ Рахмет Мақсет, Сизге де дөретиўшилик табыслар яр бола берсин!

Гүрриңлескен: С.ЖАНИЕВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Мақсет Өтемуратов.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF