Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:23:42, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫССЫЗ ЖАСЛАРДЫҢ БӘНТЛИГИ ҚАЛАЙ ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ?

(Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм министрлердиң район жаслары менен ушырасыўында бул сораўға анық ҳәм айқын жуўаплар алынды) 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 2-февральдағы 12-санлы протоколы менен тас­тыйықланған режеге муўапық, фермер хожалықлары тәрепинен жер участкасын жумыссыз жасларға ижараға бериў тәртиби белгилеп берилген еди. Усы режениң Әмиўдәрья районында қалай орынланып атыр­ғаны менен жақыннан таныстық.

Алынған мағлыўматларға сүйенетуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң 2021-жыл 3-февраль күнги протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң қарары тастыйықланды. Қарарға муўапық, райондағы 18-30 жастағы 4500 жумыссыз жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде оларға райондағы фермер хожалықлардан 3000 гектар суўғарылатуғын жер майданлары ажыратылыўы режелестирилген.

Бүгинги күнге шекем 2639 жасқа 693 гектар суўғарылатуғын жер майданлары ажыратылып, 2639 жастың бәнтлиги тәмийинленген.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрь күнги Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нәўбеттен тысқары сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген 73-санлы мәжилиси протоколына муўапық, Әмиўдәрья районында 2020-2022-жылларда әмелге асырылатуғын улыўма көлеми 20 млрд. 986 млн. сумлық (соннан 9 млрд. 340 млн. сумы өз қаржысы, 11 млрд. 646 млн. сумы коммерциялық банклердиң кредити есабынан) 20 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 87 жаңа жумыс орынларын жаратыў белгиленген. 2020-2021-жылларда районда жәми 17 млрд. 677 млн. сумлық 15 жойбар (соннан ажыратылған банк кредити 9 млрд. 877 млн. сум) әмелге асырылды. 2020-жылда жәми 14 жойбар әмелге асырылып, оларға 17 млрд. 677 млн. сум (9 млрд. 887 млн. сум коммерциялық банклер есабынан) қаржылары ажыратылып, бул жойбарлардың иске түсирилиўи нәтийжесинде 45 жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Районда быйылғы жылда жәми 14 млрд. 196 млн. сумлық (банк кредити 7 млрд. 496 млн. сум) 10 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Бүгинги күнге шекем 7 млрд. 850 млн. сумлық 8 жойбар (соннан ажыратылған банк кредити 2 млрд. 600 млн. сум) қаржыландырылған. 8 жойбардың иске түсиўи нәтийжесинде 153 жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Районда жумыссыз жасларды жумыс пенен тәми­йинлеў, оларға фермер хожалықлары есабынан жер майданларын ажыратыў, жаңа жойбарлардың әмелге асырылыўы ушын жеңилликли банк кредитлерин ажыратыў жумысларын белгиленген режелерге муўапық алып барыў ҳәм еле де жанландырыў мақсетинде өткен дүйшемби күни Әмиўдәрья районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм минис­трлердиң жаслар менен ушырасыўы болып өтти. Ашық сәўбетлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Дәнияров, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы минис­триниң орынбасары А.Тураев, Орайлық банк баслығының орынбасары А.Камалов, Мәмлекетлик статис­тика комитети баслығының орынбасары М.Зиядуллаевлар қатнасып, жаслар менен олардың машқалалары, усыныс ҳәм тилеклери ҳаққында сәўбетлести. Республика көлеминде өткерилген ушырасыўда басқа районлардың жаслары да қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Ушырасыўда жаслардың мүрәжатларын мәнзилли үйренип, нәтийжели шешиў ушын тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Сағынбай

ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Әмиўдәрья районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: ушырасыўдан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF