Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:33:50, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА СИСТЕМА БОЙЫНША ОҚЫЎ КУРСЛАРЫ БАСЛАНДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң басламасы менен қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары ушын «Мәҳәлле кесиминде» ислеў системасы бойынша қәнигеликти арттырыў оқыў курсларының ашылыўы болды.



Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалының баслығы Р.Матқурбанов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов шығып сөйлеп, басланып атырған оқыў курсларының мақсети ҳәм әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң өндиристен ажыралған ҳалда ҳәр жылы қысқа мүддетли (30-60 саат) кәсиплик шеберлигин арттырыў курсларын өтиўи тийис екенлиги көрсетилген.

Сондай-ақ, елимиз басшысының өткен жылдың 29-декабрь күни Олий Мәжлиске жоллаған Мүрәжатында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орта ҳәм төменги буўын басшы хызметкерлерин жаңа талаплар, атап айтқанда, «мәҳәлле кесими», «пуқара кесими» системасы тийкарында нәтийжели ислеўге үйретиў, сондай-ақ, оларды республикамызда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық тараўлардағы реформалардың мазмун-мәниси туўралы хабардар етиў ҳәм турақлы кәсиплик шеберлигин арттырыў барыў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.

Жоқарыда атап өтилген пәрман ҳәм тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен март-апрель айларында мине усы курслар шөлкемлестирилмекте.

-Президентимиз тәрепинен алға қойылып атырған жаңаша ислеў системасы бойынша қәнигеликти арттырыўда бул оқыў курслары айрықша әҳмийетке ийе,-дейди Елликқала районы ҳәкиминиң орынбасары Азимжан Қурбанбаев.-Бул жерде теориялық алған билимлеримизди әмелиятта беккемлеў, соның менен бирге, енгизилип атырған жаңа системадағы алдыңғы тәжирийбелер менен жақыннан танысыў мүмкиншилигине ийе боламыз.

Усы күнниң өзинде оқыў курсында дәслепки сабақлар басланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF