Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:02:52, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАР БӘҲӘРГИ ДЕМ АЛЫСЫН «АҚ КЕМЕ»ДЕ ӨТКЕРЕДИ

Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен «Бәҳәр келди, Наўрыз келди!» сүрени астында 7-14 жас аралығындағы оқыўшы жаслардың үшинши шеректеги дем алысына байланыслы оларды «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайына 8 күнлик дем алысқа жибериў шөлкемлестирилди.

«Ақ кеме» дем алыў орайы өткен жылы жазда  ашылып, жас әўлад тәрбиясына бағдарланып алып барылып атырған үлкен жумысларға мүнәсип үлес қосыў, балалардың дем алыўы көлемин кеңейтиў, сондай-ақ, ул-қызларымыздың дем алысларының мазмунлы ҳәм кеўилли өтиўин шөлкемлестириў мақсетинде көплеген жумыслар исленбекте.

Балалардың бәҳәр айларында орайда дем алыўын шөлкемлестириў республикамызда биринши мәрте әмелге асырылмақта.

Нөкис қаласы ҳәм районлардан кәсиплик аўқамлары тәрепинен ҳүжжетлери таярланған 100 бала жөнеп кетти.

— Алдын январь айындағы қысқы дем алыста да 103 баланың усындай етип дем алыўын шөлкемлестирген едик. Бул мапазда балаларымыз 8 күн даўамында кеўилли дем алады, деген пикирдемиз-дейди Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң бөлим баслығы Г.Тлепов. — Соның менен бирге, орайда ҳәр қыйлы илажлар өткериў арқалы балалардың интеллектуаллық дәрежелерин раўажландырыў, өзлери қызыққан бағдарлар бойынша билимлерин беккемлеў бойынша да жумыслар алып барылады.

Балалардың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша да барлық қәўипсизлик илажлары көрилген. Орайда барлық қолайлықларға ийе болған мәнаўият-мәрипат бөлмеси, бай китап фондына ийе заманагөй мәлимлеме-ресурс орайы, керекли әсбап-үскенелер ҳәм ең соңғы үлгидеги ағартыўшылық көргизбелерине ийе дөгерек ханалары бар.

Сондай-ақ, балалар бул жердеги спорт әнжамлары менен толық тәмийинленген футбол, баскетбол, волейбол майданшаларында ойнап мазмунлы дем алады, деген пикирдемиз.

— Мен «Қарақалпақ гөш-сүт саўда» мәкемесинде жумыс ислеймен,-дейди балаларын шығарып салып атырған ата-аналардың бири Д.Бердамбетов. — Қызым Бийбиайша Қабылбекова Нөкис қаласындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде 3-класста оқыйды.

Кәрханамыздағы кәсиплик аўқамы шөлкеминен «Ақ кеме» дем алыў орайына балалардың бәҳәрги дем алысы шөлкемлестирилип атыр­ғанын еситип едим. Қызым  орайдың қандай екенин көрсин, қатарлары менен танысып кеўилли дем алсын, деген мақсетте мен де оны усы дем алыў орайына жиберип атырман. Бул ушын шөлкемлестириўшилерге ата-аналар атынан миннетдаршылық билдиремиз.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан

хабар агент­лиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF