Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:16:11, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫСШЫ ТОПАРДЫҢ АҒЗАЛАРЫ ЖАСЛАРДЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫН ҮЙРЕНДИ

Аймақларда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў ҳәм ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаевтың басшылығындағы жумысшы топар республикамызда болды.

Буннан гөзленген мақсет — Президент Шавкат     Мирзиёевтиң басшылығында 27-январь күни жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў илажларын додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилепберилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў болып табылады.

Видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей, бүгинги күнде 18-30 жастағылар арасында рәсмий жумыссызлық 17процентти қурайды. Соннан Қарақалпақстан Республикасында 47 мың 50 жасты усы жылдың ақырына шекем «Жаслар дәптери»нен шығарыў илажлары көрилмекте. Республикалық жумысшы топар ҳәр бир аймаққа «мәҳәлле кесиминде» кирип барып, олардың машқалаларын үйрениў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериўин шөлкемлестириў бойынша жумысларды жеделлестириў бағдарында әмелий жәрдем көрсетеди.

Сапардың екинши күни мәнзил Әмиўдәрья районы болды. Жумысшы топар ағзалары «Чайкөл» аўыл пуқаралар жыйынындағы исбилермен Махмуд Нарбаев­қа қараслы ыссыхананың жумысы менен танысты. Жаслар ислери агентлиги директоры исбилерменниң жумысын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде өзиниң пикир-усынысларын билдирди. Ыссыханада тийкарынан помидор, қыяр ҳәм пайдалы көк шөплер жетис­тирилмекте. Бүгинги күни бул жерде аўыл хожалығы дақыллары ушын керекли болған тәбийғый төгин жетистириў жолға қойылмақта. Усы жердиң өзинде исбилермен тәрепинен жумыссыз жаслар ушын шеберлик сабағы өткерилди.

Жумысшы топар райондағы 55-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, 11-класс оқыўшылары менен ушырасты. Олардың мектепти питкергеннен кейин қайсы оқыў орнына кирип, келешекте ким болмақшы екенлиги бойынша сәўбетлесиў өткерилди. Буннан кейин мийманлар Жаслар мийнет гүзары имаратында болып, жаратылған шараятлар менен танысты. Жәмлеспеген ҳәм «Жаслар дәптери»не кирген жасларды гүзарға бирлестириў бо­йынша пикир-усыныслар билдирилди.

Кейинги мәнзил Беруний районы болып, дәслеп жаслар менен ушырасыў өткерилди. Онда жаслардың көпшилиги егислик жер алыў тилегин билдирди. Бул бойынша оларға тийисли мәсләҳәтлер берилди.

Буннан кейин жумысшы топар Беруний аўыл пуқаралар жыйыны «Қангшартол» аўылындағы 450 оқыўшыға мөлшерленген 22-санлы улыўма билим бериў мектебинде болды. Бул жерде оқыўшыларға түрли атамадағы әдебий китаплар менен спорт инвентарьлары тапсырылды.

Район ҳәкимлиги менен биргеликте жасларға ажыратылған егислик майданлары тапсырылды. Райондағы моно орайда болып, жумыслары менен танысты. Бул орай тийкарынан «Жаслар дәптери», «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери» не киргизилген пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаў ҳәм оларға көмеклесиў ушын шөлкемлестирилген.

Үйрениўлер даўамында «Жаслар — келешегимиз» қоры Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен шөлкемлестирилген оқыў-семинарын табыслы тамамлаған 33 жасқа арнаўлы сертификат тапсырылды. Жеңилликли кредит алыў кепиллигин бериўши сертификатқа ийе болған жас­ларға үлкен исеним билдирилди.

Сапардың соңғы күни усы жылдың июнь айындаБозатаў районында мәмлекетимиз көлеминде өткерилиўи режелестирилген «Жаслар фестивалы»на бағышланған онлайн видеоконференция өткерилди. Республикамыздан ҳәм барлық ўәлаятлардан бириктирилген жуўапкерлер қатнасындағы илажда фестивальды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF